← Назад
Решение #2861739 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
****-санлы экономикалық ис
судья ****
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Беруний районы
****-жыл 27-октябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы ****
басшылығында, судья жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, даўагер ўәкили ****
(****-жыл 17-октябрь күнги ****-санлы исеним хат) қатнасында, арза бериўши
Өзбекстан **** жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газдан
пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының жуўапкер“SALOMAT BOZORBOEV”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ****,****финанслық санкциясын
өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың
өз имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Өзбекстан **** жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газдан
пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (буннан кейин текстте арза бериўши деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,“SALOMAT
BOZORBOEV” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен(буннан кейин текстте
жуўапкер
деп
жүритиледи)
****,****финанслық санкциясын ѳндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын
қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен реактив қуўатты компенсация қылыў
бойынша ислер шөлкемлестирилмегенлиги себепли **** ҳәм ****-жылларда
****,****лық электр энергиясы ысырап болғанлығы анықланғанлығын,
жуўапкердиң нызамбузыўшылық ҳәрекетлери судқа усынылған ҳүжжетлер
менен толық тастыйықланып турғанлығын билдирип, жуўапкерден қолланылған
финанслық санкциясын өндирип бериўди сорады.
Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди, ѳзлериниң жазба пикирлерин
усынбады.
Суд исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси
(кейинги текстлерде ЭПК деп жүритиледи) **** ҳәм ****-статьяларына муўапық
жуӯапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге
ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны
толық қанаатландырыўды **** тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Өзбекстан **** жанындағы
Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў
инспекциясы **** Республикасы **** басқармасы тәрепинен Өзбекстан
Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң
ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин ****-жыл 9-июль
күнги ****-****-санлы исбилерменлик субъекти жумысында тексериў өткизиўди
келисиў **** хабарнама арқалы хабардар еткен ҳалда ҳәмде ****-жыл 9-июль
күнги
****-****-санлы буйрыққа тийкар жуўапкердиң энергия нәтийжелиги ҳәм
энергияны тежеў, сондай-****, энергиядан **** уғрас пайдаланыў
нормаларынаҳәмде оның сыпат көрсеткишлерине әмел етиўи бойынша ****-жыл
10-июль күни тексериў өткизилген.
Тексериў барысында жуўапкер тәрепинен реактив қуўат компенсациясы
бойынша жумысларды шөлкемлестириў тәртиби бузылғанлығы ҳәм оған әмел
етилмегенлиги, нәтийжеде жуўапкер тәрепинен жәми ****,****лық электр
энергиясы ысырап болғанлығы анықланған ҳәм жуўапкерге усы сумманың 50
пайызы муғдарында****,****финанслық санкциясы есапланылған.
Тексериў нәтийжеси бойынша ****-жыл 10-июль күни даўагер тәрепинен
****-****-санлы акт дүзилген.
Соң даўагер тәрепинен ****-жыл 11-июль күни “Энергияны тежеў, оннан
**** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў тараўындағы
ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкция муғдарын белгилеў” **** ****санлы қарар қабыл етилип, оған қолланылған****,****финанслық санкциясын
ықтыярый төлеў ушын 1 ай мүддет берилген.
Жуўапкер тәрепинен даўагердиң ҳуқықый тәсир шарасы сыпатында
финанслық санкцияны қолланыў **** қарары үстинен белгиленген тәртипте
оның жоқары турыўшы органына яки судқа мүрәжат етилмеген
ямаса****,****финанслық санкциясы 1 ай мүддет ишинде ықтыярый түрде төлеп
берилмеген.
Сол себепли даўагер жуўапкерден****,****финанслық санкциясын
өндириў **** экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етиўге мәжбүр
болған.
Өзбекстан Республикасы “Электр энергетикасы ****” 07-август ****жылдағы ϴРН-****-санлы Нызамының 10-статьясына муўапық, Электр
энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясына
товарлар (жумыслар, хызметлер), имаратлар, үскенелер ҳәм қурылмалардың
энергия нәтийжелилиги ҳәм энергия үнемлеўшилиги нормаларына, сондай-****,
энергиядан **** уғрас пайдаланыўға ҳәм сыпат көрсеткишлерине әмел етилиўи
үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, электр энергиясын үнемлеў,
оннан **** уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша талаплар бузылған
жағдайда айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў **** көриў ҳәм басқа да
ўәкилликлер берилген.
Өзбекстан Республикасы “Энергияны тежеў, оннан **** уғрас пайдаланыў
ҳәм
энергия
нәтийжелилигин
асырыў
****”
07-август
****-жылдағы ϴРН-****-санлы Нызамы 45-статьясының биринши бөлимине
муўапық, реактив қуўат компенсациясы бойынша жумысларды шөлкемлестириў
тәртибин бузыў яки оған әмел етпеў әсбап-үскенелер яки нормативлик усыллар
менен анықланған ысырап болған электр энергиясы муғдары баҳасының елиў
пайызы муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Өзбекстан
****ң
****-жыл
31-майдағы ****-санлы қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан
пайдаланыў Қағыйдалары” 12-бәндиниң 13-хатбасына муўапық, электр
энергиясы тутыныўшылары рухсат етилген қуўатлылығы 50 кВт ҳәм оннан артық
болған барлық тутыныўшылар (турмыслық тутыныўшылардан тысқары)
реактивэнергияны компенсациялаўшы қурылмаларды орнатыўға ҳәм усы
қурылмалардың саз жағдайда ислеўин тәмийинлеўге мәжбүр болып есапланады.
Усы Қағыйдалардың ****-бәндине муўапық, тутыныўшы тәрепинен
реактив қуўат жетерли дәрежеде компенсацияланбағанлығы **** бирден-бир
электр энергетика системасы **** пайда болған жоғалтыўлар тутыныўшы
тәрепинен энергиядан **** уғрас пайдаланбаған деп есапланады.
Өзбекстан
****ң
****-жыл
26-февральдағы
****-санлы
қарары
менен
тастыйықланған
“Жанылғы-энергетика
ресурсларынан
пайдаланыўда
жүз
берген
ҳуқықбузарлықлар ушын хожалық жүргизиўши субектлерге ҳуқықый тәсир
шараларын қолланыў тәртиби ****”ғы Реже (буннан кейин текстте Реже деп
жүритиледи) 21-бәндиниң 1-хатбасына муўапық, ўәкилликли уйымның
хызметкерлери тәрепинен дүзилген актлер ҳәмде ўәкилликли уйым тәрепинен
қабыл етилген қарар финанслық санкциялар қолланыў ушын тийкар болып
есапланады.
Режениң 26, 27 ҳәм 28-бәнтлерине муўапық, усы Режеде нәзерде тутылған
финанслық санкцияларды қолланыў бойынша қарар қабыл етилгеннен соң
хожалық жүргизиўши субектлер бир ай мүддет ишинде финанслық
санкцияларды ықтыярый түрде төлеп бериўлери мүмкин.
Биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген хожалық жүргизиўши субект жол
қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярый түрде сапластырған ҳәм жеткизилген
зыянның орнын толық қаплаған болса, финанслық санкция қолланылмайды.
Ўәкилликли уйымның қарары тийкарында қолланылған финанслық
санкциялар бир ай мүддетте, усы Режениң 32-бәндиндеги жағдайларда алты ай
мүддетте төлеп берилмеген жағдайда, финанслық санкциялар ўәкилликли уйым
тәрепинен суд тәртибинде өндириледи.
Жуўапкер тәрепинен реактив қуўат компенсациясы бойынша жумыслар
жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги **** ****,****лық электр
энергиясы ысырап болғанлығы истеги ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң суд
мәжлисиндеги көрсетпеси менен тастыйықланады.
Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына****,****финанслық санкцияҳәм **** сўм почта
қәрежетин,республика бюджетине **** сўм мәмлекетлик ****, исти Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы судының депозитине видеоконференцалоқа режиминде
көриў менен байланыслы **** сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық
процессуал кодексиниң ****, ****-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАРЕТТИ:
Даўа арза толыққанаатландырылсын.
Жуўапкер“SALOMAT BOZORBOEV” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинендаўагер Өзбекстан **** жанындағы Электр энергиясы, нефть
өнимлери
ҳәм
газдан
пайдаланыўды
қадағалаў
инспекциясының
пайдасына****,****
финанслық
санкция,
**** сўм почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер“SALOMAT BOZORBOEV” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетиненреспублика бюджетине **** сўм мәмлекетлик **** өндирилсин.
Жуўапкер“SALOMAT BOZORBOEV” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетиненѲзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине
**** сўм суд қәрежети ѳндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы **** Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза
(прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде
көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап
алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ****.
Судья
****