← Назад
Решение #2862133 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/929-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекс***н Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қанлыкөл районы
2025-жыл 27-октябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер
ўәкили бас менеджер Р.Ю*** (2025-жыл 1-август күнги 03-03/38-санлы
исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекс***н Саўда-санаат Пала***сы
Қарақалпақс***н Республикасы басқармасының даўагер АК «А***»тиң
мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «Е*** А***» фермер хожалығынан
9 492 166 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм
707 075 сом пайызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған
экономикалық исти АК «А***» Қанлыкөл филиалының өз имаратында ашық
көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекс***н Саўда-санаат Пала***сы Қарақалпақс***н Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Пала*** деп жүритиледи) даўагер
АК «А***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына
жуўапкер «Е*** А***» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нан 9 492 166 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм
707 075 сом пайызын өндириўди сораған.
Пала*** даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы
себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым ***пты.
Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде оны суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын ***стыйықлаўшы
ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекс***н Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп
жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-с***тьяларына муўапық оның ўәкили
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым ***пты.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәрепинен даўа арзасында
көрсетилген қарыздарлық судқа даўа арза киритилгенинен кейин толық
төлеп берилгенлигин билдирип, даўа арзасын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул ***пты.
2
Өзбекс***н Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте
ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-с***тьяларына муўапық миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан
келип шыққан.
ПКниң 744-с***тьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз
алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында
пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қай***рыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы
белгиленген.
ПК 734-с***тьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ор***сында 2024-жыл
8-февраль күни кредит шәртнамасы дүзилген болып, усы шәртнаманың
1.1-бәндине муўапық, «Банк» «Қарыз алыўшы»ға 2024-жыл пах*** шийки
өнимин жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекс***н
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Аўыл
хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў Фонды қаржылары
есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет
балына қара*** норматив өним баҳасының 60 пайызына шекем, ***ярлаў
кәрханасы (фьючерс шәртнамасына тийкар пах*** тоқымашылық
кластерлери, эли*** туқымшылық хожалықлары ҳәм басқалар) тәрепинен
аванс сыпатында жеткизип берилген туқымлық баҳасын инабатқа алған
ҳалда 119 761 200 сом муғдарында кредит қаржысын ажыратыў
миннетлемесин алған.
Кредит шәртнамасының 2.2-бәндинде кредиттен пайдаланғанлық ушын
«Қарыз алыўшы» «Банк»ке жыллық 10 пайыз с***вкада пайыз
төлейтуғынлығы,
кредит
шәртнамасында
белгиленген
мүддетте
қай***рылмаса, кредитлердиң қай***рылмаған бөлегине пайызлар
Өзбекс***н Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы с***вкасына 1,7 есе
қосылған муғдарда есапланатуғынлығы, 2.3-бәндинде пах*** шийки өнимин
жетистириў ушын кредит қаржысы «Қарыз алыўшы»ға 2025-жыл 1-апрельге
шекем толық қай***рыў шәрти менен ажыратылатуғынлығы, усы мүддет
даўамында кредитке есапланған пайызлар да төлениўи шәрт екенлиги ҳәмде
5.1-бәндинде «Банк» «Қарыз алыўшы»ға кредит ажыратылған күннен баслап
ҳәр айда пайыз есаплап баратуғынлығы ҳәм кредит ҳәмде оған есапланған
пайзылар толық қай***рылғанға шекем пайыз есапланатуғынлығы
көрсетилген.
АК «А***» Қанлыкөл филиалының 2025-жыл 27-октябрь күнги
232/31-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкер тәрепинен даўа
3
арзасында көрсетилген қарыздарлықлар судқа даўа арза киритилгенинен
кейин толық тѳленген.
Кредит шәртнамасының 5.4-бәндине муўапық, усы шәртнаманы
орынлаў бойынша ҳәр қандай суд инс***нциясында банк усынған ҳүжжет,
усы
қарыздарлық
суммасы
«Банк»ке
төлениўи
лазымлығын
***стыйықлаўшы инкар етип болмайтуғын бирлемши дәлийл ( rim f i )
есапланады.
Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық ***стыйықланады.
Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым ***пты.
Буннан тысқары, ЭПКниң 118-с***тьясы биринши, екинши ҳәм
бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа ***лаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Даўагердиң ***лаплары ол судқа мүрәжат етилгеннен соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Өзбекс***н Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы с***вкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекс***н Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында поч*** қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекс***н Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом поч*** қәрежети
тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом поч*** қәрежетин
өндириўди лазым ***пты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекс***н
Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-с***тьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
4
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер
«Е***
А***»
фермер
хожалығынан
даўагер
АК «А***»тиң пайдасына 41 200 сом поч*** қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «Е*** А***» фермер хожалығынан республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақс***н Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген
ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза
(прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Қ.О.Хожамуратов