← Назад
Решение #2862519 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1434-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025-жыл 27-октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
Б.Т.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили бас менеджер ХХХ (2025-жыл
20-март күнги 03-03/29-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ АКБ
«ХХХ» мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан кредит
бойынша
34
676
900
сом
мүддети
өткен
қарызы,
2 912 900 сом мүддети өткен пайыз қарызы ҳәм 1 965 000 сом пеняны даўагер
пайдасына өндириўди сораған даўа арзасын өз суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – ССП деп жүритиледи) АКБ «ХХХ»
(буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық
судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығы
(буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нан кредит бойынша 34
676 900 сом мүддети өткен қарызы, 2 912 900 сом мүддети өткен пайыз қарызы
ҳәм 1 965 000 сом пеняны даўагер пайдасына өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғанлығын,
график бойынша қарызларын ѳз ўақтында тѳлемегенлигин, бүгинги күнге
пайыз қарызы ҳәм пенясында өсим пайда болғанын, бул қарыздарлықлары
судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын
билдирип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады.
ССП ҳәм жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба
пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде ССП ҳәм жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында
тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар
екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым
тапты.
Суд исте қатнасыўшы даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин
тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги
жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды
мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
14-февраль күни дүзилген 35-F/ХХ- 25773/24-санлы кредит шәртнамасына
тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 10% үстеме төлеў шәрти менен 12
(он еки) ай мүддетке 104 186 834 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
– ПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз
шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши
(юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп
барыў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 10-сентябрь
жағдайына 34 676 900 сом мүддети өткен қарызы, 2 912 900 сом мүддети өткен
пайыз қарызы ҳәм 1 965 000 сом пеня пайда болған.
Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 27-октябрь ҳалатына усынылған
мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен 34 676 900 сом мүддети өткен
қарызы, 3 461 000 сом пайыз қарызы ҳәм 3 827 000 сом пеня есапланып, бул
қарыздарлықлары усы күнге шекем төленбеген.
Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд кредит бойынша қарыздарлығы болған 34 676 900 сом
ҳәм пайыз қарыздарлығын 2 912 900 сомға толық қанаатландырыўды лазым
тапты.
Сондай-ақ, даўа арзада жуўапкерден 1 965 000 сом пеня ѳндириў
соралған.
Суд бул даўа талабында тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап қылынған деп
есаплайды.
Себеби жуўапкер тәрепинен ажыратылған кредит қаржылары ушын
төлемлер шәртнаманың 3.3.6-бәндинде белгиленген мүддетте толық әмелге
асырылмастан, бүгинги күнге дейин кешиктирилип келинген.
Кредит шәртнамасының 6.3-бәндине муўапық, кредит ҳәм оның пайызы
өз мүддетинде қайтарылмағанда, жуўапкер даўагерге кешиктирилген ҳәр бир
күн ушын өз мүддетинде төленбеген кредит ҳәм оған есапланған пайыздың
0,5 пайызы муғдарында пеня төлейди. Бирақ пеняның улыўма соммасы
кешиктирилген сомманың 10 пайызынан асып кетпеўи лазым.
Даўагердиң бул мағлыўматларыда истеги кредит шәртнамасы, кредитти
сѳндириў графиги ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық
тастыйықланады.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери
ҳаққында»ғы
Қарарының
4-бәнди
бойынша
ПКниң
326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң
орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий
аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Сонлықтан суд, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң
экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын итибарға алып, даўа
арзада соралған 1 965 000 сом пеня ѳндириў талабын 30 пайызға, яғный
589 500 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл
28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл
02-июндеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын
асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан
баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 791 096 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
ѳдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан АКБ «ХХХ» пайдасына 34 676
900 сом мүддети өткен қарызы, 2 912 900 сом пайыз қарызы ҳәм 589 500 сом
пеня өндирилсин.
Даўаның қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан АКБ «ХХХ» пайдасына 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан Республика бюджетине 791
096 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Т.Бекмуратов