Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/1207 Дата решения 24.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 19b4d449-aa16-45a3-a9dd-d9625b13730e Claim ID PDF Hash f1c7a97856c4bfc0... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1207-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 24-октябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, Қоңырат районы прокуроры аға жәрдемшиси М.У***, Палата ўәкили Б.С*** (2025жыл 30-апрель күнги 01/06-8562-санлы исеним хат), даўагер ўәкиллери жәмийет ис жүритиўшиси Ғ.Ш*** (2025-жыл 23-октябрь күнги 7-санлы исеним хат), финанслық кеңесшиси А.Д*** (2025жыл 23-октябрь күнги 6-санлы исеним хат), үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ўәкили бөлим бас қәнигеси Г.А*** (2025-жыл 23-октябрь күнги НЕ/04-09/146-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер «B*** ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер Қ*** тийкарсыз арттырылған 336 296 800 сом пул қаржыларын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлигин ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасын иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер «B*** ***» ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер Қ*** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен тийкарсыз арттырылған 336 296 800 сом пул қаржыларын өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен иске Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкер ҳәм үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. 2 Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Палата ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, тәреплер ортасында буннан алдын да шәртнамалық-ҳуқықый қатнасықлар болып келгенлигин, тәреплердиң өз-ара аўызеки келисимине муўапық 2025-жылдың екинши шерегине де даўагер аутсорсинг хызметлерин көрсеткенлигин, бирақ таңлаў нәтийжеси бойынша басқа фирма утып кеткенлигин, даўагердиң 2 ай 9 күн даўамында көрсеткен хызметлери ушын жуўапкердиң 336 296 800 сом қарызы төленбей қалып кеткенлигин, бул қарыздарлықты өндириў бойынша алдын да экономикалық судта иси көрип шығылғанлығын, жуўапкердиң хабары бар екенлигин, жуўапкердиң қарыздар екенлиги судқа усынылған менюлер, исленген жумыслардың актлери ҳәм өз-ара келисип имзаланған салыстырыў актлери менен өз тастыйығын табатуғынлығын билдирип, исбилерменлик субъектине жәрдем бериўди ҳәм даўа арзасын толық қанаатландырыўды сорады. Даўагер ўәкиллери суд мәжилисинде даўа талапларын қоллапқуўатлап, көрсетилген 2 ай 9 күнлик хызметлериниң ҳақысы жуўапкер тәрепинен төленбей қалғанлығын, жуўапкер менен бул бойынша шәртнама дүзгенлигин, бирақ таңлаў нәтийжеси бойынша ута алмағанлығы себепли бул шәртнама қазнашылық бөлиминен дизимнен өтпегенлигин билдирип, көрсеткен хызметлериниң ҳақысын өндирип бериўди сорады. Үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ўәкили тәреплер ортасында дүзилген шәртнама қазнашылық бөлиминен дизимнен өтпегенлигин, жуўапкердиң көрсеткен хызметлериниң ҳақысының өндирип берилиўине қарсы емес екенлигин билдирди. Қоңырат районы прокуроры аға жәрдемшиси М.У*** суд мәжилисинде даўа талабы тийкарлы екенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндириўлерин ҳәмде прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери аутсорсинг хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы шәртнамадан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 4-2303-2502/519-санлы экономикалық иси бойынша 2025-жыл 31-июль күнги шешиўши қарарына тийкар тәреплер ортасында аутсорсинг шәртлери тийкарында хызметлерди көрсетиў бойынша шәртнамасы дүзилмеген деп есапланып, Палатаның даўагер мәпин қорғап, 3 оның пайдасына жуўапкерден 336 296 800 сом тийкарғы қарызын өндириўди сораған даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылған. ЭПК 73-статьясының екинши бөлимине муўапық, экономикалық судтың алдын көрилген ис бойынша нызамлы күшке кирген шешиўши қарары менен анықланған жағдайлар суд тап усы шахслар қатнасып атырған басқа исти көргенде жаңадан дәлийлленбейди. Демек, бул жағдайда алдын көрилген 4-2303-2502/519-санлы экономикалық ис бойынша биринши инстанция суды тәреплер ортасында аутсорсинг шәртнамасы дүзилмеген деп баҳаланылған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014-жыл 28-ноябрь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 269-санлы қарары 27-бәндиниң екинши хатбасында питим суд тәрепинен дүзилмеген деп табылган жағдайларда ҳәмде бундай питим бойинша белгили ис-ҳәрекетлер (мүлк тапсырылған яки төлем төленген) әмелге асырылған болса, дүзилмеген питим бойынша миннетлемени орынлаған шахс ПКниң 1023-статьясына муўапық тийкарсыз арттырылған мал-мүлкти яки төленген пул қаржыларын қайтарыўды талап етиў ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққында түсиник берилген. ПК 1023-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, нызамшылықта яки питимде белгиленген тийкарларсыз басқа шахс (жәбирлениўши)тың есабынан мал-мүлкти ийелеп алған яки тежеп қалған шахс (қолға киритиўши) тийкарсыз ийелеп алынған яки тежеп қалынған малмүлкти (тийкарсыз арттырылған байлықты) жәбирлениўшиге қайтарып бериўи шәрт, усы Кодекстиң 1030-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Усы статьяның биринши бөлиминде белгиленген миннетлеме, сондай-ақ мал-мүлкти ийелеп алыў яки тежеп қалыў тийкары кейин ала бийкар етилгенде де жүзеге келеди. ПК 1026-статьясының биринши бөлимине муўапық, тийкарсыз алынған яки тежеп қалынған мал-мүлкти түп ҳалында қайтарыўдың мүмкиншилиги болмаған жағдайда, қолға киргизиўши жәбирлениўшиге бул мал-мүлктиң қолға киргизиў ўақтындағы ҳақыйқый баҳасын төлеўи, сондай-ақ, егер қолға киргизиўши арттырылған байлықтың тийкарсызлығын билгеннен кейин дәрҳал оның баҳасын төлемеген болса, мал-мүлк баҳасының кейинги өзгериўи себепли көрилген зыянды төлеўи лазым. Бул жағдайда даўагер тәрепинен жуўапкерге 2025-жылдың апрельиюнь айлары даўамында жәми 336 296 800 сомлық аутсорсинг хызметлери көрсетилгенлиги истеги менюлер, салыстырыў атклери ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен өз тастыйығын табады. Жуўапкер бүгинги күнде даўагерге көрсетилген аутсорсинг хызметлери бойынша тийкарсыз қолға киргизилген мал-мүликлерди түп ҳалында қайтарыў мүмкиншилигине ийе емес. Сол себепли жуўапкер бул малмүликлердиң ҳақыйқый баҳасын төлеўи лазым болады. 4 Сол себепли суд даўа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына тийкарсыз арттырылған 336 296 800 сом пул қаржыларын өндириўди лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 6 725 936 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер Қ*** даўагер «B*** ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына тийкарсыз арттырылған 336 296 800 сом пул қаржылары ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер Қ*** республика бюджетине 6 725 936 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция 5 тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов