← Назад
Решение #2863136 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/1778-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 24-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратовтың
басшылығында, судья жəрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўəкили ** (2025-жыл 6-август күнги 09- 007/785-санлы исеним хат
тийкарында)ның қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер “**” АКБ мəпин
қорғап, жуўапкер “**” акционерлик жəмийетинен тийкарғы кредит қарызын
ҳəм пайыз қарыздарлықларын өндириў ҳаққындағы даўа арзалары бойынша
қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мəжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “**” АКБ
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мəпин қорғап, экономикалық
судқа даўа арза менен мүрəжат етип, жуўапкер “**” акционерлик жəмийети
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 4-2301-2503/1778-санлы
ис бойынша 100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызын, мүддети өткен
7 989 856 сом банк процентин, 4-2301-2503/1782-санлы ис бойынша
100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызын, мүддети өткен 8 658 686 сом банк
процентин, 4-2301-2503/1785-санлы ис бойынша 100 000 000 ом тийкарғы
кредит қарызын, мүддети өткен 17 120 220 сом банк процентин, 4-23012503/1787-санлы ис бойынша 100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызын,
мүддети өткен 14 746 620 сом банк процентин, 4-2301-2503/1791-санлы ис
бойынша 100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызын, мүддети өткен 10 877 077
сом банк процентин, 4-2301-2503/1801-санлы ис бойынша 100 000 000 ом
тийкарғы кредит қарызын, мүддети өткен 12 329 062 сом банк процентин
өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 22-сентябрь күнги уйғарыўы менен барлық ислер бир
иске бириктирилген ҳəм тийкарғы иске 4-2301-2503/1778-санлы ис номери
берилген.
Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен Палатаның
даўагердиң мəпинде даўа предметин тийкарғы қарыз ҳəм пайыздан,
қамсызландырыў пулын (компенсация) өндириў деп өзгертиў ҳаққындағы
арзасы ис жүритиўге қабыл етилген.
Даўагердиң ўəкили суд мəжилисинде өз-ара медиатив келисимге
келгенлигин билдирип, медиатив келисимди судқа усынып, даўа арзасын
көрместен қалдырыўды сорады.
2
Палата, жуўапкер ўəкили суд мəжилисине келмеди.
Бундай жағдайда суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкарланып палата, жуўапкер ўəкилиниң қатнасыўысыз
көриўди лазым табады.
Суд исте қатнасыўшы шахс ўəкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, исте
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа
арзасын көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тəреплер орталарында 2025-жыл 23октябрь күни медиатив келисим дүзилген.
ЭПКниң 107-статьясы 53-бəнтине муўапық, тəреплер орталарында
медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады.
Сол себепли, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасының "Мəмлекетлик бажы ҳаққында"ғы
Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бəнтине көре, егер тəреплер
орталарында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен
қалдырылса, мəмлекетлик бажы толық ямаса қысман қайтарылыўы керек.
Сол себепли, суд төленген 41 200 сум почта қəрежетин даўагердиң
мойнында қалдырыўды, мəмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳəм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 133, 107, 108, 118, 195статьяларына тийкарланып, суд
У Й Ғ А Р Д Ы:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Уйғарыўдан наразы тəреп уйғарыў үстинен усы уйғарыў шығарылған
күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляция тəртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген
тəртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Баймуратов