← Назад
Решение #2863530 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1779-санлы экономикалық ис
судья С.Ниязов
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 24-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жəрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
банк ўəкили *** (2025-жыл 6-август күнги 09- 007/785-санлы исеним хат
тийкарында)ның қатнасыўында, ***ның даўагер “***” АКБ мəпин қорғап
жуўапкер “***” акционерлик жəмийетинен тийкарғы кредит қарызын ҳəм
пайыз қарыздарлықларын өндириў ҳаққындағы даўа арзалары бойынша
қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мəжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте *** деп жүритиледи) даўагер “***” АКБ
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мəпин қорғап экономикалық
судқа даўа арза менен мүрəжат етип, жуўапкер “***” акционерлик жəмийети
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 4-2301-2503/1789-санлы
ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 7 882 990 сом пайыз, 42301-2504/1779-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы,
10 568 525 сом пайыз, 4-2301-2504/1788-санлы ис бойынша 100 000 000 сом
тийкарғы кредит қарызы, 8 858 940 сом пайыз, 4-2301-2504/1786-санлы ис
бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 17 031 172 сом пайыз, 42301-2504/1784-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы,
8 630 359 сом пайыз, 4-2301-2504/1781-санлы ис бойынша 100 000 000 сом
тийкарғы кредит қарызы, 11 492 660 сом пайыз, 4-2301-2503/1803-санлы ис
бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 8 018 247 сом пайыз, 42301-2504/1792-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы,
9 953 063 сом пайыз, 4-2301-2504/1800-санлы ис бойынша 100 000 000 сом
тийкарғы кредит қарызы, 8 690 286 сом пайыз, 4-2301-2504/1790-санлы ис
бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 13 394 617 сом пайыз, 42301-2504/1802-санлы ис бойынша 35 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 2
902 269 сом пайыз, 4-2301-2503/1783-санлы ис бойынша 100 000 000 сом
тийкарғы кредит қарызы, 15 110 056 сом пайыз, 4-2301-2503/1780-санлы ис
бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 11 820 174 сом пайыз
қарыздарлықты өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен барлық ислер бир
иске бириктирилген ҳəм тийкарғы иске 4-2301-2504/1779-санлы ис номери
берилген.
Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен ***ның
даўагердиң мəпинде даўа предметин тийкарғы қарыз ҳəм пайыздан,
қамсызландырыў пулын (компенсация) өндириў деп өзгертиў ҳаққындағы
арзасы ис жүритиўге қабыл етилген.
2
Даўагердиң ўəкили суд мəжилисинде өз-ара медиатив келисимге
келгенлигин билдирип, медиатив келисимди судқа усынып, даўа арзасын
көрместен қалдырыўды сорады.
***, жуўапкер ўəкили суд мəжилисине келмеди.
Бундай жағдайда суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкарланып ***, жуўапкер ўəкилиниң қатнасыўысыз
көриўди лазым табады.
Суд исте қатнасыўшы шахс ўəкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, исте
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа
арзасын көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тəреплер орталарында 2025-жыл 23октябрь күни медиатив келисим дүзилген.
ЭПКниң 107-статьясы 53-бəнтине муўапық, тəреплер орталарында
медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады.
Сол себепли, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасының "Мəмлекетлик бажы ҳаққында"ғы
Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бəнтине көре, егер тəреплер
орталарында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен
қалдырылса, мəмлекетлик бажы толық ямаса қысман қайтарылыўы керек.
Сол себепли, суд төленген 41 200 сум почта қəрежетин даўагердиң
мойнында қалдырыўды, мəмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳəм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 133, 107, 108, 118, 195статьяларына тийкарланып, суд
У Й Ғ А Р Д Ы:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Уйғарыўдан наразы тəреп уйғарыў үстинен усы уйғарыў шығарылған
күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляция тəртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген
тəртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов