← Назад
Решение #2864764 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2143-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 24-октябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев
басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаеваның хаткерлигинде, арза бериўши
ўәкили М.Жамбетов (2025-жыл 24-октябрь күнги 16-13926-санлы исеним хатқа
тийкар) қатнасыўында, арза бериўши Төрткүл районы салық инспекциясиниң
қарыздар “GRAND-SPU NIK-V” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетин төлеўге
қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге
қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық
исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
НЫҚЛАДЫ:
Арза бериўши Төрткүл районы салық инспекцияси (кейинги орынларда арза
бериўши) судқа арза менен мүрәжат қылып, қарыздар “GRAND-SPU NIK-V”
жуӯапкершилиги шекленген жәмийетин (кейинги орынларда қарыздар) төлеўге
қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге
қәбилийетсиз деп табыўды сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын
қоллап-қуўатлап, қарыздардың 2025-жыл 10-сентябрь күни ҳалатына салықлар ҳәм
жыйымлардан қарызы 268 406 387,55 сўмды қурайтуғынлығын билдирип,
қарыздарды төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы
бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды
сорады.
Қарыздар суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди ҳәм
өзиниң жазба пикирлерин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде қарыздар суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин
есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал
кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық
қарыздар ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд исте қатнасыӯшы арза бериӯши ўәкилиниң түсиндирмелерин
тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып,
төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды
әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп
табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар (СТИР: 308338774)
Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 2021-жыл 20-март күни
юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткизилип, уставы
тастыйықланған. Қарыздардың мәнзили: Төрткүл районы, Беруний көшеси, 16-үй.
Баслығы Ешниязова Мархабо Умаровна.
Қарыздардың 2025-жыл 10-сентябрь күни ҳалатына салықлар ҳәм
жыйымлардан қарызы 268 406 387,55 сўмды қурайды.
Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы
Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 45-статьясының екинши бѳлимине тийкар
мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли органның
қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы
арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды
қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы
ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек.
Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўшиниң
қарары шығарылып, Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районы бѳлимине
орынлаў ушын жиберилген.
Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районы бөлими мәмлекетлик
орынлаўшысының қарары менен арза бериўшиниң жоқарыдағы қарарлары
Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин
орынлаў ҳаққында»ғы Нызамы 40-статьясының 3-бәндине тийкар қарыздардың пул
қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты
болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған.
Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар
жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың
баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты
болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы
арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли
мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли
орган тәрепинен берилиўи мүмкин.
Қарыздардың мал-мүлкиниң жоқлығы мәмлекетлик орынлаўшының
жоқарыдағы қарары менен тастыйықланады.
Қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў мүддети
өткенлиги онда төлеўге қәбилийетсизлик белгилери бар деп есаплаўға, қарыздарды
Нызамның
241-статьясына
тийкар
төлеўге
қәбилийетсизликтиң
әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўға
тийкар болады.
Сондай-ақ,
Ѳзбекстан
Республикасы
Президентиниң
2019-жыл
1-февральдағы «Банкротлық процедураларын еледе әпиўайыластырыў ҳәм суд
басқарыўшылары искерлигин түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы
ПҚ-4146-санлы қарарының 3-бәнди «г» киши бәндине тийкар суд
басқарыўшыларын тайынлаў кредитор (кредиторлардың улыўма жыйналысы яки
комитети) яки банкротлық ислери бойынша ўәкилликли мәмлекетлик органы ямаса
Ассоциация ҳәм оның аймақлық дүзилмелери усынысы бойынша суд
басқарыўшылары искерлигин рейтинг баҳалаўды есапқа алған ҳалда суд тәрепинен
әмелге асырылады.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал
кодекси 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық
түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының
3 есеси муғдарында, яғный 1 236 000 сум мәмлекетлик бажы пул ҳәм арза бериўши
пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сум почта қәрежетин өндириўди мақул
тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Төлеўге
қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы 241-статьясын ҳәм Өзбекстан
Республикасының
Экономикалық
процессуал
кодекси
118,
176-179,
210-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
TTИ:
1. Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын.
2. Төрткүл районында жайласқан “GRAND-SPU NIK-V” жуӯапкершилиги
шекленген жәмийети төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған
процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табылсын ҳәм сапластырыўға
байланыслы ис жүритиў баслансын.
3. “GRAND-SPU NIK-V” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен
Төрткүл районы салық инспекциясиниң пайдасына 41 200 сум почта қәрежети
өндирилсин.
4. “GRAND-SPU NIK-V” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен
республика бюджетине 1 236 000 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
5. Орынлаў хатлар берилсин.
6. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын.
7. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары
үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация
тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев