← Назад
Решение #2864887 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1967-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 24-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер **,
исенимли ўәкили ** (2025-жыл 02-сентябрь күнги 5-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 02-сентябрь күнги 5-санлы
исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер **тиң жуўапкерлер
сыпатында “**” ЖШЖти ҳәм **лерди көрсетип, “**” ЖШЖниң 2025-жыл 04июль күнги 2-санлы қарарын ҳақыйқый емес деп табыў, қарарға тийкар
дүзилген ҳүжжетлердиң ҳуқықый ақыбетлерин бийкар қылыў ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер ** экономикалық судына еткен мүрәжатында, жуўапкерлер
сыпатында “**” ЖШЖти ҳәм **лерди көрсетип, “**” ЖШЖниң 2025-жыл 04июль күнги 2-санлы қарарын ҳақыйқый емес деп табыўды, қарарға тийкар
дүзилген ҳүжжетлердиң ҳуқықый ақыбетлерин бийкар қылыўды сораған.
Судтың 2025-жыл 26-сентябрь күнги уйғарыўы менен ** даўа
предметине өз алдына талаплар менен арыз кылмайтуғын үшинши шахс
сыпатында тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ҳәм оның ўәкили даўа талабы тийкарлы
болыўы себепли даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили даўаның талабы менен келисе алмайтуғынын, себеби
даўагер
өзи
бирден-бир
шөлкемлестириўшиси
яғный,
басқа
шөлкемлестириўшилер жоқ екенин, бул жағдайда Өзбекстан Республикасы
“Жуўапкершилиги шекленген ҳәмде қосымша жуўапкершилик жәмийетлери
ҳаққында”ғы Нызамының 37-статьясына муўапық алдын ала хабар бериўге
тийкар жоқ болып табылатуғынын билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды
сорады.
Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын откерилген
суд мәжилисинде иске тийисли ҳүжжетлерин усынып, нызамлы шешим қабыл
етиўди сораған.
** суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд
исти көрип шығыўды мақул табады.
** суд мәжилисине келмеди.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы
шахслар ўәкиллериниң пикирлерин, ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны
қанаатландырмаўды мақул тапты.
ЭПК 30-статьясы биринши бөлими 1,7-бәнтлеринде юридикалық
шахсты шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў менен
байланыслы даўалар ҳәм юридикалық шахс басқарыў органларының
қарарлары үстинен шағым етиў ҳаққындағы даўалар корпоратив ислер болып
белгиленген.
Өзбекстан Республикасы “Жуўапкершилиги шекленген ҳәмде қосымша
жуўапкершилик жәмийетлери ҳаққында”ғы Нызамының (кейинги орынларда
Нызам деп жүритиледи) 8-статьясына муўапық, жәмийет қатнасыўшылары
усы Нызамда ҳәм жәмийеттиң шөлкемлестириўши ҳүжжетлеринде
белгиленген тәртипте жәмийеттиң ислерин басқарыўда қатнасыў ҳуқықы бар.
Усынылған ҳүжжетлерге қарағанда, “**” ЖШЖниң бирден-бир
шөлкемлестириўшиси ** 2025-жыл 04-июль күнги 2-санлы қарары менен
өзиниң 100% үлесин яғный, устав фондының 1 710 000 000 сомға тен болған
үлесин **қа өткерген. Сондай-ақ, қарарда ** “**” ЖШЖниң бирден-бир
шөлкемлестириўшиси екенлиги тән алынған.
Даўагер даўа предмети болған 2-санлы қарарды ҳақыйқый емес деп
табыўды ҳәм қарардың ҳақыйқый емеслиги ақыбетлерин қоллаў соралған.
Суд, даўаның қарарды ҳақыйқый емес деп табыў талабы менен келисе
алмайды. Себеби Нызамның 37-статьясына көре, бир қатнасыўышыдан ибарат
жәмийетте
жәмийет
қатнасыўшыларының
улыўма
жыйналысы
ўәкилликлерине кириўши мәселелер жүзесинен қарарлар жәмийеттиң бирденбир қатнасыўшысы тәрепинен жеке тәртипте қабыл етиледи ҳәм жазба
рәўиште рәсмийлестириледи.
Даўа предмети болған 2025-жыл 04-июль күнги 2-санлы қарар усы
жәмийеттиң бирден-бир шөлкемлестириўшиси ** тәрепинен қабыл етилген.
Бул жағдайда даўаның қарарды ҳақыйқый емес деп табыў талабы тийкарсыз
есапланады.
Суд, даўаның қарарға тийкар дүзилген ҳүжжетлердиң ҳуқықый
ақыбетлерин бийкарлаў талабы менен келисе алмайды.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014жыл 20-июнь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен корпоратив даўларды
шешиўдиң айырым мәселелери» ҳаққындағы 262-санлы қарарының 20.4бәнтинде, улыўма жыйналыс қарарының ҳақыйқый емеслик әқыбетлерин
қоллаў тўўрысындағы ҳуқықты қорғаў усылы нызамшылық ҳүжжетлеринде
нәзерде тутылмағаны себепли бундай даўа талабы ҳәр қандай ҳалатда
қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым деп түсиник берилген.
Бул жағдайда қарардың ҳақықый емеслиги ақыбетлерин қоллаў талабы
қанаатландырыўсыз қалдырылады.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Даўа талаплары тийкарсыз табылыўы себепли даўагердиң алдын ала
төлеген 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети оның
мойнында қалдырылады. Сондай-ақ, даўаның екинши талабы бойынша
4 120 000 сом мәмлекетлик бажы даўагерден мәмлекет бюджетине
өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
** даўа арзасының 2025-жыл 04-июль күнги 2-санлы қарарын ҳақыйқый
емес деп табыў ҳәм қарарға тийкар дүзилген ҳүжжетлердиң ҳуқықый
ақыбетлерин бийкарлаў талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
** есабынан мәмлекет бюджетине 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов