← Назад
Решение #2865505 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2025-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 24-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалы судының судьясы Б.Баймуратов,
даўагер «**» ЖШЖниң жуўапкер Хожели районы «**» ЖШЖнен 1 453 315.86
сом қарыз, 726 657.93 сом пеня, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы,
41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша
ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
«**» ЖШЖти экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат
етип, жуўапкер «**» ЖШЖнен 1 453 315.86 сом қарыз, 726 657.93 сом пеня,
төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи) 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата
бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар
бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған
ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди
шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған
тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын,
егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине
байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп
табылады.
Истеги хүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2022-жыл 07январь күни күни 37-санлы шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.2-бәнтинде
истеги даўагер 1-санлы қосымшаға муўапық нефть өнимлерин тасыў бойынша
автохызметлер көрсетиў, ал жуўапкер хызметлер ҳақысын төлеў
миннетлемелерин алған. Шәртнаманың 3.1-бәнтинде қосымша қүн салығы
менен хызметлер баҳасы 1 315 796 сомды қураған.
Сондай-ақ, тәреплер орталарында 2022-жыл 13-январь күни күни 4-санлы
шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.2-бәнтинде истеги даўагер 1-санлы
қосымшаға муўапық нефть өнимлерин тасыў бойынша автохызметлер
көрсетиў, ал жуўапкер хызметлер ҳақысын төлеў миннетлемелерин алған.
Шәртнаманың 3.1-бәнтинде қосымша қүн салығы менен хызметлер баҳасы
1 315 796 сомды қураған.
Шәртнамалар жүзесинен жуўапкердиң қарыздарлығы келип шыққан.
Нәтийжеде даўагер судқа мүрәжат еткен.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Иске қосылған электрон есапбет-фактураларда жәми 1 468 071,66 сомлық
хызметлердиң көрсетилгени тастыйықланады. Бирақ даўа арзада 1 453 315,86
сом талап қылынған. Бул жағдайда даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы
табылады. Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 05-август
күнги 01/09-511-санлы талапнамасы жуўапсыз қалған яғный қарыз
сөндирилмеген.
Шәртнаманың
4.2-бәнтинде
тәреплер
орталарындағы
мүлкий
жуўапкершилик әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық шешилиўи
нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң
шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясы екинши
бөлимине көре, төлеўди кешиктиргени ушын тийкарғы қарыз суммасы 50%
аспаған жағдайда пеня талап қылыныўы мүмкин. Сонлықтан даўагердиң
726 657,93 сомды талап қылғаны тийкарлы табылады.
Солай етип, суд даўаның талапларын қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 1 453 315.86 сом қарыз, 726 657.93 сом пеня, 412 000 сом
мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесинде алдын ала төленген
мәмлекетлик бажы жуўапкерден даўагерге өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
1
203 –2035-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талаплары қанаатландырылсын.
Хожели районы «**» ЖШЖнен «**» ЖШЖниң пайдасына 1 453 315.86
сом қарыз, 726 657.93 сом пеня, 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов