Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/2032 Дата решения 24.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 32805da8-9814-4204-a206-2b397e4eff6f Claim ID PDF Hash b19f4bd6e38edb0d... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2032-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 24-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев, даўагер Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының жуўапкер “ATAXAN O’LAT” дийхан хожалығынан 2 667 857,13 сўм ижара төлеми, 448 328,57 сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде суд имаратында көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы (кейинги орынларда даўагер) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “ATAXAN O’LAT” дийхан хожалығынан (кейинги орынларда жуўапкер) 2 667 857,13 сўм ижара төлеми, 448 328,57 сўм пеня ѳндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2034-статьясиниң екинши бөлимине көре, жуўапкер даўа арзасы жүзесинен жазба пикирин даўа арзаны ис жүргизиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланған ҳүжжетлер ҳәм дәлиллерди қосымша еткен ҳалда усыныўға ҳақлы. Жазба пикирге оның көширме нускасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи. Усы Кодекстиң 2034-статьясы үшинши бөлимине көре, даўа арзасы жүзесинен жазба пикир жуўапкер яки онын ўәкили тәрепинен имзаланады. Ўәкил тәрепинен имзаланған жазба пикирге исеним хат қосымша етиледи. Бирақ жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмады. Усы Кодекстиң 2034-статьясы төртинши бөлимине көре даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тартипте хабардар етилген жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўға тосқынлық етпейди. Усы жағдайда суд усынылған ҳүжжетлер исти мазмуннан көрип шығыў имканиятин бериўин инабатқа алып, исти әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўды лазым деп есаплайди. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижара шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 535-статьясына көре, мүлк ижарасы шәртнамасы бойынша ижараға бериӯши ижараға алыӯшыға ҳақ есесине мал-мүлкти ӯақтынша ийелик қылыӯ ҳәм пайдаланыӯ яки пайдаланыӯ ушын тапсырыӯ миннетлемесин алады. ПК 544-статьясының биринши бөлимине муӯапық ижараға алыӯшы мал-мүлктен пайдаланғанлығы ушын ҳақын өз ӯақтында төлеп барыӯы шәрт. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 15-май күни 1014691-санлы ижара шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға муӯапық, Елликқала районы, “Елликқала” АПЖда жайласқан 441-контурдағы табиий суў бассейнинде жайласқан улыўма майданы 21 000 кв.м. болған суў бассейни ижараға берилген. Қосымша келисимге (шәртнама) тийкар 2025-жыл ушын ижара тѳлеўи суммасы жаңадан белгиленген. Қарыйдар төлемлерди шартнаманың 2-қосымшасына тийкар төлеўи лазым болған. Жуўапкер тәрепинен даўагерге 2 667 857,13 сўм тийкарғы қарыз төлеп берилмегенлиги истеги алды-сатды шәртнамасы, төлеў кестеси менен тастыйықланады. Сонлықтан суд жуўапкерден даўагер пайдасына тѳленбеген 2 667 857,13 сўм қарызын ѳндириўди лазым тапты. Даўагер жуўапкер тәрепинен тийкарғы қарыз 135 күнге кешиктирилгенлиги ушын 448 328,57 сўм пеня өндириўди сораған. ПК 261-статьясының үшинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня есапланады. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Пеня муғдарын кемейтиў ушын тийкарлар жоқ. Сол себепли, суд даўа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 2 667 857,13 сўм ижара төлеми, 448 328,57 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети, республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179, 180-186, 2034, 2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер “ATAXAN O’LAT” дийхан хожалығынан даўагер Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының пайдасына 2 667 857,13 сўм ижара төлеми, 448 328,57 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “ATAXAN O’LAT” дийхан хожалығынан республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин 10 күн мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап 10 күн мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.С.Убайдуллаев