← Назад
Решение #2865981 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1943-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 23-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокурорының жәрдемшиси **, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 06-март
күнги ЖЕ-02-06/395-5-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили **
(2025-жыл 17-октябрь күнги 142-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасыўында, даўагер «**» АЖниң жуўапкер **нен 3673 920 сом өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық
суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «**» АЖти жуўапкер **нен 3 673 920 сом өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 07-октябрь күнги уйгарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық
хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети
басқармасы даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арыз
етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаның талабына анықлық
киритилиўден соң қарыздарлықты тән алатуғынын, бир ай мүддет ишинде
оны сөндириу илажлары көрилетуғынын билдирип, нызамлы шешим қабыл
етиўди сорады.
Прокурор суд мәжилисинде даўаның талабын қанаатландырыў лазым
екени ҳаққындағы пикирин билдирди.
Үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, даўаның
талабын қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы
шәртнамасынан келип шыққан.
ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2024-жыл 15-январь күни 161253-санлы электр энергиясы менен тәмийинлеў
ҳаққындағы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 100%
төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Анықланыўынша, жуўапкерге тийисли электр есаплағыш ислемей
қалғаны ушын 2024-жыл 05-октябрь күни акт дүзилген.
Сондай-ақ, сол күни өз адына дүзилген актке көре Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 18-январь күнги «Электр
энергиясы ҳәм тәбиғый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў
ҳаққында»ғы 319-санлы қарары менен тастыйықланған қағыйдасының 135бәнтине тийкар жәми 3 673 920 сом есапланған.
Дүзилген актке тийкар тийисли төлемди әмелге асырыў ҳаққындағы
даўагердиң 2025-жыл 28-август күнги талапнамасы жуўапкерге почта
байланыс бөлими арқалы жиберилген, бирақ төлемлер әмелге асырылмаған.
Бул жағдайда даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады.
Себеби электр энергиясы ушын есап-китап әмелге асырылыўы бойынша
тәреплер орталарындағы шәртнаманың 3.10-бәнтинде көрсетилген.
ПК 237-статьясында миннетлемелерди орынлаўдан бир тәреплеме бас
тартыў ҳәм шәртнама шәртлерин бир тәреплеме өзгертилиўине жол
қойылмайды, нызамшылық ҳүжжетлеринде яки шәртнамада нәзерде тутылған
жағдайлар буннан тысқары деп белгиленген.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда даўаның 3 673 920 сом өндириў
талабы тийкарлы есапланады.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўаның талабын тийкарлы
таўып, жуўапкерден даўагер пайдасына 3 673 920 сом, 41 200 сом почта
қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
**нен «**» АЖниң пайдасына 3 673 920 сом, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
**нен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов