← Назад
Решение #2866019 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХХ-санлы экономикалық ис
Судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИУШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 23 октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
банк ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 20 март күнги 03-03/29-санлы исеним хат
тыйкарында)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпакстан
Республикасы
басқармасының
даўагер “ХХХХХ”
акционерлик коммерциялық банкиниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ”
фермер хожалығынан 81 484 900 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы,
10 973 100 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 5 151 700 сом пеня, жәми 97 609
700 сом кредит қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық
экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ”
акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы
(буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 81 484 900 сом мүддети
өткен
тийкарғы
кредит
қарызы,
10 973 100 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын 5 151 700 сом пеня, жәми
97 609 700 сом кредит қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежетин
өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арза талабын қоллапқуўатлады.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Палата исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына тийкар исти Палата ҳәм
жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис материалларын
үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арза
талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024
жылы 31 январь күни 35-F/Agr b nq- 12656/24-санлы кредит шәртнамасы
дүзилген.
Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта шийки
затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги жанындағы Аўыл
хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары
1
есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет
баллына салыстырғанда нормативлик зүрәәт баҳасының 60 процентине
шекем, таярлаў кәрханасы (фючерс шәртнамасына тийкар пахта
тоқымашылық кластерлери, элита туқымгершилик хожалықлары ҳәм
басқалар) тәрепинен аванс сыпатында жеткерип берилген туқым баҳасын
есапқа алған ҳалда 2025 жыл 01 апрелге шекем жылына 10 пайыз ставкасы
төлеў шәрти менен 81 484 832 сом муғдарында кредит қаржысы ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки
басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда
ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған
пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе
болады.
Кредит шәртнамасының 1.2-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас
бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм
пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң 81 484 900 сом мүддети өткен тийкарғы кредит
қарызы, 10 973 100 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын 5 151 700 сом
пеня, жәми 97 609 700 қураған.
Банктиң
2025
жыл
23
октябрге
берилген
14/1038-санлы
мағлыўматнамасында мүддети өткен кредит бойынша қарыздарлығы (тийкары,
пайыз, пеня) 103 321 900 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек кредит
қарыздарлығы өскен.
Суд, банк тәрепинен жуўапкаерге 81 484 832 сом кредит ажратылғанлығы
себепли, даўаны мүддети өткен кредит қарыздарлықты өндириў тәрепин
81 484 832 сомға + 10 973 100 сом мддети өткен пайыз қарыздарлығын
өндириўди мақул тапты.
Шәртнаманың 6.3-бәнтинде кредит ҳәм оған есапланған пайызлардың
төлениўи кешиктирилгенде, ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлеў
суммасының 0,5% муғдарында, бирақ өткизип берилмеген сумманың 10%
артық бөлмаған муғдарда банкке пеня төлениўи белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
2
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Пеня талабы тийкарлы. Бирақ, суд, пеня толық муғдарда өндирилиўи
жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер
тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып,
пеня муғдарын кемейтиўди, пеня өндириў талабын 1 500 000 сомға
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын кысман
қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер
пайдасына 81 484 832 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы,
10 973 100 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы, 1 500 000 сом пеня ҳәм
төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
1 952 194 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар етти:
Даўа талабы қысман қанаатландырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы
Акционерлик
Коммерциялық
“ХХХХХ”
пайдасына
81 484 832 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы,
10 973 100 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы, 1 500 000 сом пеня ҳәм
төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги
қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан республика бюджетине
1 952 194 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3