Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2501/1422 Дата решения 23.10.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 869ee4f2-7784-468d-aed8-c5452e0071e2 Claim ID PDF Hash dc3a3c11dadbf3b7... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/1422-санлы экономикалық ис Биринши инстанция судында исти көрген судья- Р.Курбанбаев Апелляция инстанциясында баянатшы судья – Г.Зарипова ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 23 октябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясы Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары судьялар У.Сабиров ҳәм Н.Балтабаевалардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтың хаткерлигинде, даўагер жәмийет баслығы Б.А, ўәкили Б.Б (2025 жыл 17 июль күнги 2-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер жәмийет баслығы А.И, ўәкиллери-адвокатлар А.С (2025 жыл 1 август күнги 28-санлы ордер тийкарында), А.Д (2025 жыл 2 октябрь күнги 24-санлы ордер тийкарында), үшинши шахслар “Q r q l qb liq” бирлеспесиниң ўәкили У.М (2025 жыл 13 август күнги 1/429-санлы исеним хат тийкарында), Төрткүл районы ҳәкимлиги ўәкили У.Р (2025 жыл 10 июнь күнги 01-06/866-санлы исеним хат тийкарында), “ЎзДавЕрлойиҳа” Мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институтының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң ўәкили Т.И (2025 жыл 15 август күнги 41-4/1281-4-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер “ППП” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер “ГГГ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин Төрткүл районы, Атаўба АПЖда жайласқан, жер майданы 16,9 гектар болған “Шоркөл” тәбийий суў сақлағышын нызамсыз ийелеп турған шахс деп табыўды, жуўапкерди усы жер участкасынан мәжбүрий шығарыўды ҳәм жер участкасын өзиниң ийелигине қайтарыўды, 6 235 278 сом келтирилген зыянды өндириўди сораған даўа арзасы бойынша жүргизилген ис бойынша Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 25 август күнги шешиўши қарарына жуўапкер “ГГГ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген апелляциялық шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге Қарақалпақстан Республикасы суды имаратында ашық суд мәжлисинде видеоконференция байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер “ППП” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүргизиледи) судқа даўа арза менен мүрәжат етип жуўапкер “ГГГ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүргизиледи) Төрткүл районы, Атаўба АПЖда жайласқан, жер майданы 16,9 гектар болған “Шоркөл” тәбийий суў сақлағышын нызамсыз ийелеп турған шахс деп табыўды, жуўапкерди усы жер участкасынан мәжбүрий шығарыўды ҳәм жер участкасын өзиниң ийелигине қайтарыўды, 6 235 278 сом келтирилген зыянды өндириўди сораған. 2 Судтың 2025 жыл 24 июль күнги уйғарыўы менен иске Төрткүл район ҳәкимлиги, Төрткүл район Тоғай хожалығы, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги қасындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, 2025 жыл 4 август күнги уйғарыўы менен “Q r q l qb liq” бирлеспеси ҳәм Мәмлекет мүлки объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, 2025 жыл 8 август күнги уйғарыўы менен “ЎзДавЕрлойиҳа” Мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институтының “ҚРЕрлойиҳа” Қарақалпақстан Республикасы бөлими даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Биринши инстанция судының 2025 жыл 25 август күнги шешиўши қарары менен даўа арза қысман қанаатландырылған. Жуўапкер Төрткүл районы, Атаўба АПЖда жайласқан, жер майданы 16,9 гектар болған “Шоркөл” тәбийий суў сақлағышынан мәжбүрий тәртипте шығарылған ҳәм жер участкасы даўагердиң ийелигине қайтарылған, даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған, даўаның жуўапкерди Төрткүл районы, Атаўба АПЖда жайласқан, жер майданы 16,9 гектар болған “Шоркөл” тәбийий суў сақлағышын нызамсыз ийелеп турған шахс деп табыўды сораған талабы өндиристен қысқартылған. Жуўапкер шешиўши қарарға наразы болып апелляциялық шағым берген. Апелляциялық шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл қылыўды сораған. Оған тийкар сыпатында Төрткүл районы Тоғай хожалығының топографик картасында ҳәр бир көлдиң контурын, координатларын толық көрсетилгенлигин суд итибарға алмағанлығын, кадастрлар палатасы тәрепинен жаңаланған ҳәм кейин дүзилген, контурлары менен координатлары анық болмаған ҳүжжетлер итибарға алынып, көллердиң жайласыўы, бир-бири менен шегараласыўы ҳаққында анықлық киргизилмегенлигин келтирген. Суд мәжлисинде жуўапкер жәмийет баслығы ҳәм ўәкиллери апелляциялық шағымда келтирген ўәжлерин қоллап-қуўатлап, даўагер аукционда утып алған көл тийкарында “Қәдиркөл” деп аталып, жуўапкер усы көлден 2019 жылдан баслап ижараға тийкар пайдаланып келгенлигин, бирақ кейиншелик дүзилген ҳүжжетлерде “Қәдиркөл” тәбийий көли “Шоркөл” деп белгиленгенлигин ҳәм аукционда көлди даўагер утып алғанлығын, Төрткул районы Тоғай хожалығының топографик картасында “Қәдиркөл” деп көрсетилгенлигин, даўлы көлдиң “Қәдиркөл” екенлигин сол аймақта көп жыллардан берли жасаўшы пуқаралар ҳәм 2018 жылда район ҳәкимлиги тәрепинен дүзилген комиссия тастыйықлайтуғынлығын, “Шоркөл” көли кейин пайда болған көл екенлигин билдирип, апелляциялық шағымын қанаатландырыўды сорады. Даўагер жәмийет баслығы ҳәм ўәкили апелляциялық шағымда келтирилген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап, “Шоркөл” тәбийий көлин аукционда утып алып, ижара шәртнамасын дүзгенлигин, көлдиң жайласыў орны, координатлары белгилеп берилгенлигин, бирақ көлден жуўапкер пайдаланып атырғанлығы анықланғанлығын билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады. 3 Үшинши шахс “Q r q l qb liq” бирлеспеси ўәкили даўлы көл Тоғай хожалығынан балансына өткерилгенлигин, көл ҳеш кимге ижараға берилмегенлиги себепли Мәмлекет мүлки объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайы арқалы аукционға шығарылғанлығын ҳәм аукционда даўагер утып алғанлығын, ал жуўапкер “Қәдиркөл” тәбийий көлин 10 жылға ижараға алғанлығы себепли оның менен дүзилген ижара шәртнамасы ҳәр жылы қайта дүзилип келинетуғынлығын, аукционға қойыўда көлдиң координатлары, локациясы ҳәм басқа мағлыўматлары көрсетилгенлигин, Республикада жайласқан тәбийий көллердиң кадастр ҳүжжетлери 2025 жылға шекем исленбегенлиги себепли жуўапкер усы күнге шекем “Шоркөл” тәбийий көлинен “Қәдиркөл” деп пайдаланып келгенлигин, оған өзиниң көлинде жумыс ислеўди, көлине кадастр ҳүжжетлерин ислетиўди бир неше рет ескерткенлигин билдирди. Үшинши шахс “ЎзДавЕрлойиҳа” Мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институтының “ҚРЕрлойиҳа” Қарақалпақстан Республикасы бөлими ўәкили Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кеңесиниң 2017 жылғы бийлигине тийкар көллер хатлаўдан өткерилгенлигин, көллердиң атлары дизим менен берилгенлигин, усы дизимге тийкар тек көллердиң майданы, қанша майданында суў бар екенлиги өлшенгенлигин билдирди. Үшинши шахс Төрткүл районы ҳәкимлиги ўәкили ис бойынша шешим қабыллаўды судтың ықтыярына қалдыратуғынлығын билдирди. Үшинши шахслар Төрткүл район Тоғай хожалығы, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги қасындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекет мүлки объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан суд мәжлисине қатнаспады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (кейинги орынларда - ЭПК деп жүритиледи)ниң 274-статьясының төртинши бөлимине муўапық, апелляция инстанция судының суд мәжлисине суд долалаўын өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар қылынған, апелляциялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти усы үшинши шахслардың қатнасыўысыз көриўди мақул тапты. Судлаў коллегиясы, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024 жыл 9 февральдағы “Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша исилажлары ҳаққында”ғы ПҚ-66-санлы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәмде “ `zb kb liqs n t” бирлеспеси балансындағы барлық көллерди “Q r q l qb liq» бирлеспесиниң 4 балансына өткериў белгиленген. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024 жыл 14 май күнги 341-13-0-Q/24-санлы қарары менен “Q r q l qb liq» бирлеспесиниң балансына өткерилетуғын тәбийий көллердиң дизими тастыйықланған. Мәмлекетлик Кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына “Q r q l qb liq” бирлеспесиниң балансына өткерилген тәбийий көллерди белгиленген тәртипте кадастр паспортын рәсмийлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў тапсырылған. “Шоркөл” тәбийий көли Төрткүл районы Тоғай хожалығының балансынан “Q r q l qb liq” бирлеспесиниң балансына өткерилген ҳәм 23:08:40:01:10:0085-кадастр номери менен 2025 жыл 13 мартта 1735233/ 25001664-саны менен мәмлекетлик дизимге алынған. Даўагер 2025 жыл 14 апрельде өткерилген “ l ktr n- nl n” аукционда өткерилген таңлаўда Төрткүл районы, Атауба АПЖда жайласқан майданы 169.000 кв.м. болған “Шоркөл” тәбийий көлине болған ижара ҳуқықын жеңип алған ҳәм даўагер, үшинши шахслар “Q r q l qb liq” бирлеспеси ҳәм Мәмлекет мүлки объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ортасында 2025 жыл 17 апрельде мәмлекетке тийисли суў сақлағышын 10 жыл мүддетке ижараға бериў ҳаққында 1044939/123-25-санлы шәртнама дүзилген. Даўагер ҳәм үшинши шахс “Q r q l qb liq” бирлеспеси ортасында 2025 жыл 29 апрельде дүзилген объектти тапсырыў ҳәм қабыл қылыў актине тийкар улыўма майданы 16,9 гектар “Шоркөл” тәбийий көли даўагерге тапсырылған. Сондай-ақ, үшинши шахс “Q r q l qb liq” бирлеспеси менен жуўапкер ортасында 2024 жыл 7 майда дүзилген 2024/059-санлы ижара шәртнамасына тийкар жуўапкерге Төрткүл районында жайласқан, майданы 55 гектар “Қәдиркөл” тәбийий суў сақлағышы 2029 жыл 1 октябрьге шекем ижараға берилген. Усы шәртнамаға қосымша келисим дүзилип, оған тийкар “Қәдиркөл” тәбийий суў сақлағышының 12,5 гектар суўлық майданын ижараға бериў ҳаққында өзгерис киргизилген. Бирақ, жуўапкер даўагерге ижараға берилген көлден пайдаланып келгенлиги себепли усы даў келип шыққан. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте -ПК деп жүргизиледи)ниң 165-статьясының биринши ҳәм үшинши бөлимлерине тийкар мүлк ҳуқықы менен бир қатарда, төмендегилер затлай ҳуқықлар есапланады: оператив басқарыў ҳуқықы, мийрас етип қалдырылатуғын жер участкасына өмирлик ийелик етиў ҳуқықы, жер участкасынан бәрқулла ийелик қылыў ҳәм оннан пайдаланыў ҳуқықы, сервитутлар. Мүлк ийеси болмаған шахстың затлай ҳуқықлары усы Кодекстиң 232статьясында нәзерде тутылған тәртипте қорғалады. ПКниң 232-статьясына тийкар мүлк ийеси болмаса да, бирақ мүлкке мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында ямаса нызамда ямаса шәртнамада нәзерде тутылған басқа тийкарда ийелик етип атырған шахс та усы Кодекстиң 228 - 231-статьяларында нәзерде 5 тутылған ҳуқықларға ийе болады. Бул шахс өз мүлкин мүлк ийесинен де қорғаў ҳуқықына ийе. ПКниң 228-статьясына тийкар мүлкдар өз мал-мүлкин басқа шахстың нызамсыз ийелигинен талап қылып алыўға ҳақлы (виндикация). Даўагер “Шоркөл” тәбийий суў сақлағышын ижара ҳуқықы тийкарында қолға киргизген ҳәм оны жуўапкердиң нызамсыз ийелигинен талап етип алыў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, биринши инстанция суды даўаның жуўапкерди Төрткүл районы, Атауба АПЖда жайласқан, майданы 16,9 гектар “Шоркөл” тәбийий суў сақлағышынан мәжбүрий шығарыўды ҳәм ер участкасын өзиниң ийелигине қайтарыўды сораған талабын қанаатландырыў ҳаққында дурыс жуўмаққа келген. Буннан тысқары, даўагер даўа талабында тәбийий көлден пайдалана алмағанлығы себепли ижара ҳақыдан пайда болған 6 235 278 сом қарызын келтирилген зыян сыпатында өндириўди сораған. ПКниң 230-статьясының биринши бөлиминиң биринши хатбасысына муўапық, усы Кодекстиң 228-статьясына муўапық, мүлк ийеси мүлкти талап етип алғанда төмендегилерди де талап етип алыўға ҳақылы: өзиниң ийелик етиўиниң нызамсыз екенлигин билген ямаса билиўи керек болған шахстан (инсапсыз ийелеўши) усы шахс мүлкке ийелик еткен пүткил ўақыт даўамында алған ямаса алыўы керек болған барлық дәраматларды қайтарыў ямаса төлеўди. Бирақ, даўагер даўа талабында жуўапкердиң усы көлден пайдаланыў дәўиринде алған дәраматын емес, ал 2025 жыл апрель, май, июнь айларында төлениўи лазым болған ижара ҳақысын келтирилген зыян сыпатында өндириўди талап еткен. Даўагер ижара шәртнамасына тийкар 2025 жылда ҳәр айда бөлип төлеў шәрти менен ҚҚС менен бирге 21 532 500 сом ижара ҳақы төлеў миннетлемесин алған. Ижара ҳақысын төлеў даўагердиң миннетлемеси болып, бул сумма оған келтирилген зыян деп баҳаланбайды. Сондай-ақ, даўагер даўа талабында жуўапкерди даўлы көлди нызамсыз ийелеп турған шахс деп табыўды сораған. Шахсты мүлкти нызамсыз ийелеп турған шахс деп табыў ҳаққында қарар қабыл қылыў судтың ўәкиллигине кирмейди. ЭПКниң 110-статьясының биринши бөлими 1-бәнтинде ис экономикалық судқа, пуқаралық ислери бойынша судқа ямаса ҳәкимшилик судқа тийисли болмаса ис өндиристен қысқартылады деп белгиленген. Сонлықтан, биринши инстанция суды даўаның келтирилген зыян өндириўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳәм жуўапкерди “Шоркөл” тәбийий суў сақлағышын нызамсыз ийелеп турған шахс деп табыўды сораған талабын өндиристен қысқартыў ҳаққында нызамлы шешимге келген. Судлаў коллегиясы, жуўапкердиң апелляциялық шағымында билдирген ўәжлери менен келисе алмайды. Тәбийий суў сақлағышларының атамалары өзгерип кеткенлиги ҳаққындағы ўәжлери тийкарсыз есапланады. Себеби, даўлы көлге белгиленген тәртипте кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилген ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилген, 6 даўагер болса усы ҳүжжетлерге тийкар көлден ижараға тийкар пайдаланыў ҳуқықын таңлаўда жеңип алған. Бул ҳүжжетлер бүгинги күнде нызамлы күшинде. ЭПКниң 278-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ҳақылы. ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине тийкар суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанциясы судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкердиң апелляциялық шағым бериўде төлеген 1 875 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин мойнында қалдырыўды, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына исти видеоконференция байланыс режиминде өткериў менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 278,280-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 25 август күнги шешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер “ГГГ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына исти видеоконференция байланыс режиминде өткериў менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Қарақалпақстан Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Зарипова коллегия ағзалары: У.Сабиров Н.Балтабаева