← Назад
Решение #2866120 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1954-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 23-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили ** (2025-жыл 07-июль күнги 40-02/78-санлы исеним хат тийкарында),
қосымша жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 27-январь күнги 01/110-санлы исеним
хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы (кейинпалата) даўагер “**” акционерлик-коммерциялық банк мәпин қорғап,
жуўапкерлер Нөкис қаласы «**» ЖШЖнен ҳәм Ташкент қаласы «**» АЖнен
солидар тәртипте 100 000 000 сом кредит қарыз, мүддети өткен 12 627 352,06
сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими
арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер “**” акционерлик-коммерциялық банк мәпинде
жуўапкерлер «**» ЖШЖнен ҳәм «**» АЖнен солидар тәртипте 100 000 000
сом кредит қарыз, мүддети өткен 12 627 352,06 сом процент, төленген почта
қәрежетин өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 157статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши инстанциясы
судында көриў ўақтында истиң мазмунынан көрилиў жуўмағы бойынша
шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилиўине шекем даўаның тийкарын яки
предметин өзгертиўге, даўа талапларының муғдарын көбейтиўге яки
кемейтиўге ҳақылы.
Дәслепки даўа арзаға усынылған банк арзасында талап қылынған
қарыздарлықты жуўапкерден өндириў болып өзгертилген.
Судтың уйғарыўы тийкарында банктиң дәслепки даўа арзасына берген
арзасы ис жүритиўге қабыл етилген.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Усынылған даўа арзада исти
палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде қарыздарлықты кредит алыўшыжуўапкер шахстан өндириў талаплары тийкарлы болып табылатуғынын
билдирип, даўа арзаны қысман қанаатандырыўды сорады.
Қосымша жуўапкер «**» АЖниң ўәкили суд мәжилисинде даўа аразада
талап қылынған қарыздарлық жуўапкерден өндирилиўи лазым екенин
билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер - кредит алыўшы ўәкили суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, ис материалларын үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм кредит алыўшы-жуўапкер
орталарында 2025-жыл 28-февраль күни дүзилген 1529693-санлы кредит
шәртнамасы тийкарында, жыллық 22% ставкада 12-ай мүддетке 100 000 000
сом кредит ажратылған.
Кредит мақсети темир өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў ушын
айланба қаржаларды толтырыў болып белгиленген.
Банк ҳәм “**” АЖти қамсызландырыў компаниясы орталарында 2024жыл 13-ноябрь күни 00/14/2400072-санлы кредит қайтпаслығы қәтерин
қамсызландырыў Бас шәртнамасы дүзилген. Бул шәртнаманың 3.1, 4.1бәнтлерине муўапық, кепиллик бериўши жуўапкердиң 120 000 000 000 сом
муғдарындағы кредит, процент, пеня қарызларын төлеў мүмкиншилиги,
имкәнияты болмаған жағдайда, жуўапкердиң кредит шәртнамасындағы
мәжбуриятларын толығы менен орынлаў миннетлемесин алған. Банк
төлемлери бойынша миннетлеме орынланбағаны яки лазым дәрежеде
орынланбағаны бул қамсызландырыў ҳәдийсеси болып есапланады деп
белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.3, 2.7-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит
ҳәм процент төлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама
шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған.
Иске қосылған банктың 2025-жыл 03-сентябрь күнги мағлыўматында,
жуўапкердиң 100 000 000 ом кредит, соннан мүддети 50 000 000 сом, мүддети
өткен 12 627 352,06 сом процент қарызлары көрсетилген.
Суд мәжилисинде усынылған банктын 2025-жыл 17-октябрь күнги
мағлыўматында қарызлардың оскени көрсетилген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы банктың ескертиў хатлары почта арқалы
жуўапкерге берилген, бирақ қарыз төленбеген. Сонлықтан банк карызларының
талап қылыныўы тийкарлы табылады.
Суд банк арзасына тийкар қарыздарлықты кредит алыўшы-жуўапкер
шахстан өндириўди мақул табады. Бул жағдайда «**» АЖти солидар
тәртиптеги жуўапкершиликтен азат етилиўи лазым.
Солай етип, суд даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден банк пайдасына 100 000 000 сом кредит қарыз, мүддети өткен
12 627 352,06 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул
тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% яғный 2 252 547,04 сом мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозитына видеоконференция байланысы ушын
103 000 сом суд қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «**» ЖШЖнен “**” акционерлик-коммерциялық банк
пайдасына 100 000 000 сом кредит қарыз, мүддети өткен 12 627 352,06 сом
процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
«**» АЖти солидар тәртиптеги жуўапкершиликтен азат етилсин.
«**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 2 252 547,04 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
«**» ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты
пайдасына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов