Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1410 Дата решения 23.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c274f540-3e6f-49c0-8a9b-7316d6bad709 Claim ID PDF Hash 39b6d317766c62e3... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИУШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 23 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 20 март күнги 03-03/29-санлы исеним хат тыйкарында)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығынан 79 794 100 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 4 429 200 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 4 310 300 сом пеня, жәми 88 533 600 сом кредит қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 79 794 100 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 4 429 200 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын 4 310 300 сом пеня, жәми 88 533 600 сом кредит қарыздарлығы ҳәм төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арза талабын қоллапқуўатлады. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Палата исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына тийкар исти Палата ҳәм жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024 жылы 31 январь күни 35-F/Agr b nq- 13419/24-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары 1 есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет баллына салыстырғанда нормативлик зүрәәт баҳасының 60 процентине шекем, таярлаў кәрханасы (фючерс шәртнамасына тийкар пахта тоқымашылық кластерлери, элита туқымгершилик хожалықлары ҳәм басқалар) тәрепинен аванс сыпатында жеткерип берилген туқым баҳасын есапқа алған ҳалда 2025 жыл 01 апрелге шекем жылына 10 пайыз ставкасы төлеў шәрти менен 85 556 794 сом муғдарында кредит қаржысы ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. Кредит шәртнамасының 1.2-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында мүддети 79 794 100 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 4 429 200 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын 4 310 300 сом пеня, жәми 88 533 600 сомды қураған. Банктиң 2025 жыл 23 октябрге берилген 14/1038-санлы мағлыўматнамасында мүддети өткен кредит бойынша қарыздарлығы (тийкары, пайыз, пеня) 93 843 100 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек кредит қарыздарлығы өскен. Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. Шәртнаманың 6.3-бәнтинде кредит ҳәм оған есапланған пайызлардың төлениўи кешиктирилгенде, ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлеў суммасының 0,5% муғдарында, бирақ өткизип берилмеген сумманың 10% артық бөлмаған муғдарда банкке пеня төлениўи белгиленген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 3262 статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Пеня талабы тийкарлы. Бирақ, суд, пеня толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеня муғдарын кемейтиўди, пеня өндириў талабын 1 500 000 сомға қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын кысман қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 79 794 100 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 4 429 200 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы, 1 300 000 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 1 770 672 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа талабы қысман қанаатландырылсын. “ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан Өзбекстан Республикасы Акционерлик Коммерциялық “ХХХХХ” пайдасына 79 794 100 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 4 429 200 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы, 1 300 000 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 1 770 672 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3