← Назад
Решение #2866198 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-1001-2503/94634-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 23-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
жуўапкер ўәкиллери *** (2025-жыл 9-сентябрь күнги 157-санлы, 2025-жыл
15-октябрь күнги 171-санлы исеним хатлар тийкарында)лардың
қатнасыўында, даўагер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ
жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 100 000 000 сом
тийкарғы қарызын, 243 794 338,54 сом пеня ҳәм 102 978 991 сом қосымша
қәрежетлерди өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған
экономикалық
исти
суд
имаратында
ашық
суд
мәжилисинде
видеоконференция байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен
мүрәжат етип, жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан
кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 100 000 000 сом тийкарғы
қарызын, 243 794 338,54 сом пеня ҳәм 102 978 991 сом қосымша қәрежетлерди
өндириўди сораған.
Даўагер тийисли тәртипте суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
хабардар етилген болса да, суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын
тәмийинлемеди ҳәмде даўагер тәрепинен судқа ҳеш қандай илтимаснама
келип түспеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти даўагер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул
табады.
Жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисинде даўаны тән алмастан, тәреплер
орталарында дүзилген пудрат шәртнамасы бойынша даўагер 1 540 594 024
сомлық қурылыс жумысларын ислегенлигин ҳәм ислеген жумысы ушын
толық пуллары төленгенлигин, даўагер менен қосымша жумыс ислеў
бойынша өз-ара келисим болмағанлығын, даўагер тәрепинен қосымша
жумыслар ислеў лазымлығы бойынша ҳеш қандай хабар берилмегенлигин,
барлық жумысларды ислеп өз-ара ҳүжжетлер имзаланып болғаннан кейин
судқа даўа арза берерде даўагер тәрепинен бир тәреплеме Ф-2, Ф-3
жоллағанлығын, бул бойынша даўагерге талабы тийкарсызлығы бойынша
жазба жуўап берилгенлигин, даўагердиң пеня талабы қысман
тийкарсызлығын, себеби пул төленген күнлерди есапқа алмастан пеняны қәте
есаплағанлығын, пеняның 88 950 074,36 сомын тийкарлы деп есаплаўын,
өзлериниң қарыз суммаларын төлеўде ашық нызам бузбағанлығын, бул
сумманы өндириў айыбына жараса болмаслығын, сонлықтан пеня муғдары
2
кемейтирилиўи лазымлығын, қарызды төлеў мүддети 90 күнлик мүддет
өтпегенлиги себепли мүддети өтпеген деп те есаплаўға болатуғынлығын
билдирип, тийкарғы қарыз ҳәм қосымша қәрежет өндириў талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды, пеня муғдарын кемейтириўди ҳәм
10 000 000 сом пеня өндириўди сорады.
Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкиллерииң түсиндирмелерин тыңлап,
ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге
тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип-алып ислеў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 631-статьясының биринши бөлимине муўапық, кесип-алыў
шәртнамасы бойынша бир тәреп (кесип-алыўшы) екинши тәреп
(буйыртпашы)ның тапсырмасына көре белгили бир исти орынлаў ҳәм оның
нәтийжесин белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады,
буйыртпашы болса ис нәтийжесин қабыл етип алыў ҳәм оның ушын хақы
төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер орталарында
2024-жыл 23-октябрь күни 4-санлы улыўма баҳасы 1 551 538 469 сомлық
кесип-алыў шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи)
дүзилген болып, усы шәртнамаға тийкар Жәрдемши пудратшы - даўагер
Нөкис қаласы суўды тазалаў тармағына 1МВт фотоэлектрстанциясы
қурылысын ислеў, Бас пудратшы - жуўапкер орынланған жумысларды қабыл
етиў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Даўагер тәрепинен жәми 1 540 594 024 сомлық қурылыс жумыслары
ислеген ҳәм бул бойынша тәреплер орталарында Ф-2, Ф-3 ҳүжжетлери
рәсмийлестирилип имзаланған, электрон есапбет-фактурасы да имзаланған
болып, жуўапкер тәрепинен даўагерге жәми 1 440 594 024 сом пул төленген,
100 000 000 сом төленбеген.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден қабыл еткен жумысларынан
қарыз болған 100 000 000 сом қарызды өндириўди сораған талабын тийкарлы
деп есаплайды.
Лекин, даўа арза судқа почта байланыс бөлими арқалы жолланғаннан
кейин жуўапкер тәрепинен даўагерге 2025-жыл 13-август күни 62 485 600 сом,
2025-жыл 18-август күни 37 514 400 сом, жәми 100 000 000 сом қарыз
төленгенлиги, даўа ықтыярлы қанаатландырылғанлығы себепли даўаның бул
талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады.
3
ПКниң 636-статьясы алтыншы, жетинши бөлимлерине көре, егер
қосымша жумысларды орынлаў зәрүр болып қалса ҳәм сол себепли жумыстың
шама менен белгиленген баҳасын (шама менен сметаны) әдеўир арттырыўға
туўра келсе, жумысты кесип-алып ислеўши бул ҳаққында буйыртпашыны
ўақтында ескертиўи шәрт. Буйыртпашы жумыстың баҳасын (сметасын)
арттырыўға келисим бермеген жағдайда, шәртнамадан бас тартыўға ҳақылы.
Бундай жағдайларда жумысты кесип-алып ислеўши буйыртпашыдан
жумыстың орынланған бөлегиниң баҳасын төлеўди талап етиўи мүмкин.
Жумысты кесип-алып ислеў (пудрат) шәртнамасында көрсетилген
жумыстың баҳасын (сметаны) асырыў зәрүрлиги ҳаққында буйыртпашыны өз
ўақтында ескертпеген жумысты кесип-алып ислеўши жумыс ушын
шәртнамада көрсетилген баҳа бойынша ҳақы алыў ҳуқықын сақлап қалған
ҳалда шәртнаманы орынлаўы шәрт.
ПКниң 670-статьясы төртинши, бесинши, алтыншы бөлимлерине көре,
жумысты кесип-алып ислеўши қурылыс барысында жойбар-смета
ҳүжжетлеринде есапқа алынбаған жумысларды ҳәм сол мүнәсибет пенен
қосымша жумысларды орынлаў ҳәм қурылыстың смета баҳасын арттырыў
зәрүрлигин анықласа, бул ҳаққында буйыртпашыға хабар бериўи шәрт.
Жумысты кесип-алып ислеўши буйыртпашыдан он күн ишинде өз
хабарына жуўап алмаған жағдайда, егер нызамда ямаса қурылыс жумысты
кесип-алып ислеў шәртнамасында буның ушын басқаша мүддет нәзерде
тутылмаған болса, тийисли жумысларды тоқтатып, бос турыў нәтийжесинде
көрилген зыянды буйыртпашыға жүклеўи шәрт. Егер буйыртпашы қосымша
жумыс ислеў зәрүрлиги жоқ екенлигин дәлиллесе, бул зыянды қаплаўдан азат
етиледи.
Усы статьяның төртинши ҳәм бесинши бөлимлеринде белгиленген
миннетлемелерди орынламаған жумысты кесип-алып ислеўши, егер
буйыртпашының мәплерин гөзлеп, атап айтқанда жумыстың тоқтатылыўы
қурылыс обектиниң набыт болыўына ямаса зыянланыўына алып келиўи
мүмкин болғанлығы мүнәсибети менен дәрҳал ҳәрекет етиў зәрүр
болғанлығын дәлиллей алмаса, ол орынлаған қосымша жумысы ушын
буйыртпашыдан ҳақы төлеўди ҳәм сол себепли көрилген зыянды қаплаўды
талап етиў ҳуқықынан айырылады.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2016жыл 23-декабрь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен қурылыс пудраты
шәртнамасынан келип шығатуғын тартысларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин
қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 306-санлы Қарарының 6.4бәнтинде, ПКниң 670-статьясы алтыншы бөлимине муўапық, егер жумысты
кесип-алып ислеўши қурылыс даўамында жойбар-смета ҳүжжетлеринде
есапқа алынбаған анықланған жумыслар ҳаққында буйыртпашыны хабардар
етпесе ямаса тийисли жумыслардың орынланыўын тоқтатпаса, ол орынлаған
қосымша жумыслар ушын буйыртпашыдан ҳақы төлеўди ҳәм сол себепли
көрилген зыянды қаплаўды талап етиў ҳуқықынан айырылады. Соған
муўапық, егер жумысты кесип-алып ислеўши тәрепинен ПКниң 670-статьясы
4
алтыншы бөлиминде белгиленген талапларға әмел етилмегенлиги анықланса,
жумысты кесип-алып ислеўшиниң орынлаған қосымша жумыслары ушын
ҳақы төлеў ҳәм сол себепли көрилген зыянды қаплаў ҳаққындағы талаплары
қанаатландырыўсыз қалдырылады, деп түсиндирилген.
ЭПКниң 68-статьясы биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы
ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм қарсылықларына тийкар етип келтирип
атырған жағдайларды дәлилеўи керек.
Тәреплер орталарында шәртнамаға қосымша келисим дүзилмеген,
сондай-ақ, өз-ара келисим тийкарында жойбар-смета ҳүжжетлерине тийисли
өзгерислер киритилмеген.
Буннан тысқары, даўагердиң жуўапкерди қосымша жумыслар ислеў
лазымлығы ҳаққында қосымша жумыс ислеместен алдын хабардар еткенлиги,
қосымша жумыс ислеў жуўапкердиң мәпинде асықтырып болмайтуғын
жағдайда исленгенлиги ис ҳүжжетлери менен тастыйықланбайды.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 102 978 991 сом қосымша
қәрежетлерди өндириў талабын тийкарсыз деп есаплайды.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Шәртнаманың 7.4 ҳәм 7.5-бәнтлеринде төлем кешиктирилгенде,
мииннетмеме орынланыўы кешиктирилгенде, төлем кешиктирген,
миннетлемени кешиктирген тәреп ҳәр бир күн ушын кешиктирилген
төлемниң, кешиктирилген миннетлемениң 0,5 пайызы муғдарында, лекин 50
пайыздан көп болмаған муғдарда пеня төлеўи белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен төлем төлеў
мүддети кешиктирилген.
Суд даўагердиң жуўапкерден 117 949 786,36 сом пеня өндириў талабын
тийкарлы, 125 844 552,18 сом пеня өндириў талабын тийкарсыз деп
есаплайды.
Себеби, жуўапкер тәрепинен исленген жумыслар ҳүжжетлерге көре
2025-жыл 27-июнь күни қабыл етилип алынған ҳәм жуўапкердиң бул күн
жағдайына 869 978 636 сом қарызы болып, жуўапкер тәрепинен 2025-жыл 30июнь күни 69 978 636 сом, 1-июль күни 50 000 000 сом, 7-июль күни
50 000 000 сом, 14-июль күни 50 000 000 сом, 15-июль күни 50 000 000 сом,
16-июль күни 50 000 000 сом, 18-июль күни 50 000 000 сом, 22-июль күни
50 000 000 сом, 4-август күни 50 000 000 сом, 5-август күни 100 000 000 сом,
6-август күни 150 000 000 сом, 7-август күни 50 000 000 сом, 13-август күни
62 485 600 сом судқа даўа арза бериў күнине шекем яғный 13-август күнине
шекем кешиктирилип төленген болып, жуўапкерге төленген пулларды есапқа
алып кешиктирилген суммаға сәйкес түрде (869 978 636 *0 ,5% / 28.0630.06.25 / * 2к = 8 699 786,36 сом + 800 000 000 * 0,5% /30.06-01.07.25/ * 1к =
4 000 000 сом + 750 000 000 * 0,5% /01.07-07.07.25/ * 6к = 22 500 000 сом +
700 000 000 * 0,5% /07.07-14.07.25/ * 7к = 24 500 000 сом + 650 000 000 * 0,5%
5
/14.07-15.07.25/ * 1к = 3 250 000 сом + 600 000 000 * 0,5% / 15.07-16.07.25/ *
1к = 3 000 000 сом + 550 000 000 * 0,5% /16.07-18.07.25/ * 2к = 5 500 000 сом
+ 500 000 000 * 0,5% /18.07-22.07.25/ * 4к = 10 000 000 сом + 450 000 000 *
0,5% /22.07-04.08.25/ *13к = 29 250 000 сом + 400 000 000 сом * 0,5% /04.0805.08.25/ * 1к = 2 000 000 сом + 300 000 000 * 0,5% /05.08-06.08.25/ * 1к =
1 500 000 сом + 150 000 000 * 0,5% /06.08-07.08.25/ * 1к = 750 000 сом +
100 000 000 * 0,5% /07.08-13.08.25/ * 6к = 3 000 000 сом = 117 949 786,36 сом)
117 949 786,36 сом пеня есапланыўы тийкарлы есапланады.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени
қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң
мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин, төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслигин ҳәм
кредитор, жуўапкердиң мәплерин итибарға алып, пеня муғдарын
кемейтириўди ҳәм 17 693 000 сом пеня өндириўди мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 17 693 000 сом пеня,
41 200 сом почта қәрежетин, даўаның тийкарлы бөлегине сәйкес (100 000 000
+ 117 949 786,36 = 217 949 786,36 *2%) 4 358 996 сом мәмлекетлик бажы пул
өндириўди, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине
истиң видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы
103 000 сом суд қәрежетин өндириўди, даўагер тәрепинен төленген 4 576 471
сом мәмлекетлик бажыны даўагердиң мойнында қалдырыўды, даўаның қалған
даўа талаплары ҳәм қалған пеня муғдарын өндириў талабын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
6
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
«***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 17 693 000 сом пеня,
4 358 996 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған даўа талаплары ҳәм қалған пеня муғдарын өндириў
талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежети
өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап
бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов