← Назад
Решение #2866324 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2037-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 23-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (2025-жыл 16-октябрь күнги 01-06-3954-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер ***ның жуўапкер "***"
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 14 827 411 сом тийкарғы қарызын,
7 413 706 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нен 14 827 411 сом тийкарғы қарызын, 7 413 706 сом пеня
өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде тәреплер орталарында дүзилген
шәртнамаға тийкар жуўапкерге лаборатория сынаў хызмети көрсетилгенлигин
билдирип, даўа талабы бойынша төлениўи лазым болған карыздарлықты,
пеняны өндирип бериўди, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер
суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген
уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде
тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси
басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли
тәризде хабардар етилген деп есапланады.
Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги
жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп
есапланады, егер:
уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас
тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса;
суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы
жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша
жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде
жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты
хабардар еткен болса;
уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы
яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс
қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен
болса.
Жуӯапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта
мәнзили) бойынша жиберилген уйғарыӯдың көширме нусхасы жуӯапкерге
тапсырылған. Бул жағдайда жуўапкер тийисли тәризде хабардар етилген деп
есапланады.
Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 170-статьяларына тийкар исти жуӯапкер
ӯәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин ҳәм ўәжлерин
тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа
арзаны төмендегилерге тийкар қысман қанаатландырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 703-статьясының биринши бөлимине муўапық, ҳақы есесине
хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының
тапсырмасы менен затлық формада болмаған хызметти орынлаў (мәлим бир
ҳәрекетлерди ислеў яки мәлим искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы
болса ҳақы төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 29-май
күни 249-санлы ҚР ИИМниң Шымбай районы “Конши” МПЖдағы 3-санлы
аймақлық муўапықластырыў орайы имаратын реконструкция қылыў бойынша
лаборатория-сынаў жумыслары хызметлерин көрсетиў ҳаққында шәртнама
(буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген, усы шәртнамаға
тийкар даўагер жуўапкерге лаборатория-сынаў жумыслары хызметлерин
көрсетиў, ал жуўапкер болса ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге 29 654 822 сомлық лаборатория-сынаў
жумыслары хызметлери көрсетилген, лекин жуўапкер тәрепинен 14 827 411
сом төлемлер әмелге асырылмаған.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен жуўапкерге 2025-жыл 7-апрель күни
хызмет ҳақысын төлеў ҳаққында талапнама жиберилген, лекин талапнама
жуўапкер тәрепинен ақыбетсиз қалдырылған.
Бул жағдайлар ис ҳүжжетлери менен тастыйықланады.
Сонлықтан, даўагердиң жуўапкерден 14 827 411 сом тийкарғы қарызын
өндириў талабы тийкарлы есапланады.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Шәртнаманың
4.2-бәнтинде
буйыртпашы
тәрепинен
төлем
кешиктирилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген сумманың 0,4 пайызы
муғдарында, лекин 50 пайыздан көп болмаған муғдарда пеня төлеўи
белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер төлем төлеў мүддетин
кешиктирген.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 7 413 706 сом пеня өндириў
талабын тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени
қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң
мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин ҳәм кредитор мәплерин итибарға
алып, пеня муғдарын кемейтириўди ҳәм 1 038 000 сом пеня өндириўди мақул
табады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 14 827 411 сом тийкарғы
қарыз, 1 038 000 сом пеня, төленген 444 823 сом мәмлекетлик бажы, төленген
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
Е Т Т И:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер ***
пайдасына 14 827 411 сом тийкарғы қарызы, 1 038 000 сом пеня, 444 823 сом
мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм
шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир
ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза
бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов