← Назад
Решение #2866709 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2039-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 23-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
үшинши шахс ўәкили *** (2025-жыл 24-сентябрь күнги 348-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер «***» акционерлик жәмийети
мәпин қорғап, жуўапкер жеке исбилермен «***»нан суброгация тәртибинде
15 593 543,97 сом өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер «***»
акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
мәпинде жуўапкер жеке исбилермен «***» (буннан кейин текстте жуўапкер
деп жүритиледи)нан 15 593 543,97 сомды суброгация тәртибинде өндириўди
сораған.
Судтың 2025-жыл 10-октябрь күнги уйғарыўы менен АКБ “***” (буннан
кейин текстте үшинши шахс деп жүритиледи) даўа предметине қарата ғәрезсиз
талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс ўәкили даўа тийкарлы
екенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Усынылған даўа арзада палата ўәкилисиз исти көрип шығыў соралған.
Даўагер судқа жазба арза берип исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз
көриўди сораған.
Жуўапкер суд мәжилисине хабарландырылыўына қарамастан келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 129, 170-статьяларына
тийкар исти палата, даўагер, жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди
мақул табады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахс
ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, төмендегилерге тийкар даўа
арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте –
ПК деп жүритиледи)ниң 318-статьясы 4-бәнтинде кредитордың миннетлеме
бойынша ҳуқықлары басқа шахсқа қамсызландырыў жағдайы басланыўы
ушын жуўапкер болған қарыздарға қарата кредитор ҳуқықларының
қамсызландырыў қылыўшыға суброгация (өтиўи) нәтийжесинде өтеди деп
белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, үшинши шахс ҳәм усы истеги жуўапкер
орталарында 2024-жыл 16-апрель күни 135/122/КВ-санлы кредит шәртнамасы
дүзилген. Кредит шәртнамасы тийкарында банк тәрепинен жуўапкерге 10 430
2
АҚШ доллары кредит ажыратылған.
Ажыратылған кредит қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде, үшинши
шахс ҳәм усы истеги даўагер орталарында 2024-жыл 16-апрель күни
0400/1467-1/1/1357008-санлы қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген. Усы
шәртнамаға ҳәм қамсызландырыў полисине тийкар кредит қайтпаслығы
қәўипи қамсызландырылған.
Кредит шәртнамасы бойынша қарыздар кредит процентин ҳәм тийкарғы
қарызды шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланған кредит қайтарыў
графигине тийкар төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен кредит қарыздарлығы кешиктирилгенлиги себепли
қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз берген болып, кредит пуллары төленбей
қалғанда, қамсызландырыўшы тәрепинен қамсызландырыў пулларын төлеп
бериў миннетлемесин алған.
Иске қосылған банк төлем тапсырықнамасында даўагер тәрепинен
15 593 543,97 сом кредит қарызлары бойынша қамсызландырыў төлеми
сыпатында банк есабына төленгени тастыйықланады. Жуўапкер тәрепинен
төленген пулларды даўагерге қайтарып төлеп бермегенлиги себепли усы даўа
келип шыққан.
ПКниң 957-статьясы биринши бөлимине тийкар, егер мүлкий
қамсызландырыў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса,
қамсызландырыўшы (пайда алыўшы)ның қамсызландырыў нәтийжесинде
қапланған зыян ушын жуўапкер шахстан талап қылыў ҳуқықы төленген сумма
шегарасында қамсызландырыў қапламын төлеген шахсқа өтеди.
Бул жағдайда, кредит шәртнамасына тийкар қайтарылмаған кредит
қаржысы даўагер тәрепинен банк есабына төленгенлиги себепли, даўагердиң
төлеген пулларын жуўапкерден өндириў талабы тийкарлы есапланады.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерге тийкарланып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына суброгация тәртибинде 15 593 543,97 сомды
ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден
республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым
табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер жеке исбилермен «***» есабынан даўагер «***» акционерлик
жәмийети пайдасына суброгация тәртибинде 15 593 543,97 сом ҳәм 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер жеке исбилермен «***» есабынан Республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
3
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши
қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов