← Назад
Решение #2867236 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1886-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 23-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (2025-жыл 24-сентябрь күнги 348-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер ўәкили *** (исеним хат тийкарында)лардың
қатнасыўында, ***ның даўагер “***” АКБ мәпин қорғап жуўапкер жеке
исбилермен “***”тен даўагер пайдасына 49 510 096,06 сом тийкарғы кредит
қарызын, 3 770 183,51 сом пайызы ҳәм кредит шәртнамасының 8.6-бәнтине
тийкар ковенант шәрти бойынша 1 251 619,92 сом өндириў, өндириўди қосымша
жуўапкер “***” ЖШЖне тийисли гиреўдеги мүлкке қаратыў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “***” АКБ
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап экономикалық
судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер жеке исбилермен “***” (буннан
кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)тен даўагер пайдасына 49 510 096,06
сом тийкарғы кредит қарызын, 3 770 183,51 сом пайызы ҳәм кредит
шәртнамасының 8.6-бәнтине тийкар ковенант шәрти бойынша 1 251 619,92 сом
өндириў, өндириўди қосымша жуўапкер “***” ЖШЖ (буннан кейин текстте
қосымша жуўапкер деп жүритиледи)не тийисли гиреўдеги мүлкке қаратыўды
сораған.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен “***” ЖШЖ даўа
предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс
сыпатында иске тартылған.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен Палатаның даўагер
мәпинде даўадағы пайыз қарызды 5 722 926,67 сом деп, ковенант шәрти бойынша
қарызды 1 916 045,34 сом деп көбейтиў ҳаққындағы арзасы ис жүритиўге қабыл
етилген.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, даўа
арзаны қанаатландырыўды, қарыздарлықты өндириўди гиреўдеги мүлкке
қаратыўды ҳәм гиреўдеги мүлктиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў
баҳасын “***” ЖШЖниң баҳалаў есабатындағы баҳадан келип шығып
белгилеўди сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер ўәкили даўаны тән
алып, қарыздарлық бар екенлигин, қарызды өндириўди гиреўдеги мүлкке
қаратыўға, гиреў мүлктиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын
баҳалаў есабатына тийкар белгилеўге қарсы емеслигин билдирди.
Палата, үшинши шахс суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли
тәртипте хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
2
тийкар исти Палата, үшинши шахс ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул
табады.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, истеги
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып
даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2023-жыл 26-июнь
күни дүзилген №775-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен
жуўапкерге 36 ай мүддетке, жыллық 21% ставкада 100 000 000 сом муғдарында
кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы
бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке
(қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер
тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул
суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы
белгиленген.
ПКниң 736-статьясының екинши бөлимине көре, қарыз шәртнамасында
қарызды бөлип (бөлип-бөлип) қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы
қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған
жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен
бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.
Кредит шәртнамасының 2.3.1, 8.2-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит
ҳәм процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў
миннетлемесин алған болса да, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбаған.
Кредит шәртнамасының 5.4-бәнтине муўапық, қарыздар кредит яки
пайызларды төлеў мүддетин бузылған жағдайда, кредитор кредиттиң қалған
барлық суммасын тийисли пайызлары менен биргеликте гиреў мүлкке қаратыў
арқалы мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳакылы.
Кредит шәртнамасының 8.6-бәнтине муўапық, қарыздар банк алдында
талап етилгенге шекемги банкте ашылған депозит есап бетинде барлық кредитлер
бойынша ҳәр күни қарыздарлықтың (тийкарғы қарыздарлықтың) 20 пайызынан
кем болмаған муғдарда ӨзР миллий вальютасы “сум” ҳәм/ямаса АҚШ
долларындағы пул қаржылары қалдығын сақлап турыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер
тәрепинен
шәртнама
шәртлери
лазым
дәрежеде
орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 13-октябрь жағдайына
мүддетли тийкарғы кредит карызы 29 732 130,52 сом, мүддети өткен тийкарғы
кредит қарызы 19 777 965,54 сом, мүддети өткен пайыз қарызы 5 722 926,67 сом,
ковенант шәрти бойынша қарызы 1 916 045,34 сомды қураған.
Бул жағдайда, даўаның кредит қарызын, пайызын өндириў талабы, сондайақ, жәми кредит қарыздарлығын мүддетинен алдын қайтарыўды сораған талабы
тийкарлы болып есапланады.
3
Кредиттиң ўақтында қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде тәреплер
орталарында дүзилген ҳәм 2023-жыл 27-июнь күни реестрге дизимге алынған
гиреў шәртнамасына тийкар қосымша жуўапкерге тийисли болған 02.12.2020жылы берилген UZ045515-санлы техникалық паспортына ийе, “НК4.0”
маркалы, 2019-жылы ислеп шығылған двигатель – YT18257388, кузов1905012028, жасыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/G 585 болған бетон
араластырыўшы транспорт техникасы гиреўге қойылған.
ПКниң 279-статьясының биринши бөлимине муўапық, гиреўге
алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди
қарыздар гиреў менен тәмийинленген миннетлемени өзи жуўапкер болған
жағдайларда орынламаған ямаса лазым дәрежеде орынламағанда гиреўге
қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги белгиленген.
ПКниң 281-статьясы үшинши бөлимине көре, гиреўге қойылған малмүлктиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасы гиреўге қойыўшы
менен гиреўге алыўшы ортасындағы келисимге тийкар белгиленеди. Гиреўге
қойыўшы ҳәм гиреўге алыўшы ортасында мал-мүлк баҳасы бойынша
келиспеўшиликлер бар болған жағдайда, бийғәрез баҳалаўшы шөлкем тартылады
ҳәм гиреўдиң дәслепки баҳасы базар баҳасынан келип шығып белгиленеди.
Өзбекстан Республикасының “Баҳалаў искерлиги ҳаққында”ғы
Нызамының 18-статьясы биринши бөлимине көре, усы Нызамда нәзерде
тутылған тәртипте дүзилген есабат исенимли деп тән алынады.
Тәреплер орталарындағы гиреўге қойылған мүлклерди баҳалаў
ҳаққындағы келисимдеги баҳаға даўагер наразы болып, “***” ЖШЖ бийғәрез
баҳалаў шөлкемине гиреўдеги мүлкти баҳалатқан болып, баҳалаў есабатына
көре, гиреўдеги қосымша жуўапкер “***” ЖШЖне тийисли болған гиреўдеги
02.12.2020-жылы берилген UZ045515-санлы техникалық паспортына ийе,
“НК4.0” маркалы, 2019-жылы ислеп шығылған двигатель – YT18257388, кузов1905012028, жасыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/G 585 болған бетон
араластырыўшы транспорт техникасы - 78 400 000 сом деп баҳаланған.
Бул жағдайда, суд гиреў мүлктиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў
баҳасын “***” ЖШЖниң баҳалаў есабатындағы баҳа бойынша белгилеўди
нызамлы ҳәм тийкарлы деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден
белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан
азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес
рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына мүддетинен алдын 49 510 096,06 сом тийкарғы
кредит қарызын, ковенант шәрти бойынша 1 916 045,34 сом қарызын, жәми
51 426 141,40 сом тийкарғы қарызын ҳәм 5 722 926,67 сом мүддети өткен пайыз
қарызын өндириўди, өндириўди қосымша жуўапкер “***” ЖШЖне тийисли
болған гиреўдеги 02.12.2020-жылы берилген UZ045515-санлы техникалық
паспортына ийе, “НК4.0” маркалы, 2019-жылы ислеп шығылған двигатель –
YT18257388, кузов-1905012028, жасыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/G 585
болған бетон араластырыўшы транспорт техникасына қаратыўды ҳәм гиреўдеги
мүлктиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын 78 400 000 сом деп
4
белгилеўди, жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 1 142 982 сом мәмлекетлик
бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер жеке исбилермен “***”тен даўагер “***” АКБ пайдасына
мүддетинен алдын 49 510 096,06 сом тийкарғы кредит қарызы, ковенант шәрти
бойынша 1 916 045,34 сом қарызы, жәми 51 426 141,40 сом тийкарғы қарызы ҳәм
5 722 926,67 сом мүддети өткен пайыз қарызы өндирилсин.
Өндириў: - қосымша жуўапкер “***” ЖШЖне тийисли болған гиреўдеги
02.12.2020-жылы берилген UZ045515-санлы техникалық паспортына ийе,
“НК4.0” маркалы, 2019-жылы ислеп шығылған двигатель – YT18257388, кузов1905012028, жасыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/G 585 болған бетон
араластырыўшы транспорт техникасына қаратылсын.
Қосымша жуўапкер “***” ЖШЖне тийисли болған гиреўдеги 02.12.2020жылы берилген UZ045515-санлы техникалық паспортына ийе, “НК4.0”
маркалы, 2019-жылы ислеп шығылған двигатель – YT18257388, кузов1905012028, жасыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/G 585 болған бетон
араластырыўшы транспорт техникасының ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 78 400 000 сом деп белгиленсин.
Жуўапкер жеке исбилермен “***”тен даўагер “***” АКБ пайдасына 41
200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер жеке исбилермен “***”тен республика бюджетине 1 142 982 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов