← Назад
Решение #2867320 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1940-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 23-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокурорының жәрдемшиси **, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 06-март
күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили
(2025-жыл 20-октябрь күнги 23/25-125-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасыўында, даўагер «**» АЖниң жуўапкер Нөкис районы «**» аўыл
пуқаралар жыйынынан 13 511 585,20 сом қарыз, 417 896,70 сом пеня, төленген
почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша
ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «**» АЖти жуўапкер «**» аўыл пуқаралар жыйынынан 13 511
585,20 сом қарыз, 417 896,70 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди
сораған.
Судтың 2025-жыл 07-октябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс финанс министрлиги, Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық
хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети
басқармасын ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети
жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды
қадағалаў инспекциясы даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен
арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы қысман тийкарлы
екенин билдирип, оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд
мәжилисинде даўаның талабына қадағалаў инспекциясы тәрепинен баҳа
берилиўи лазым екенин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сораған.
Үшинши шахс қадағалаў инспекциясының ўәкили суд мәжилисинде
жазба мағлыўматы бойынша даўа арза талабы 11 192 288,28 сомға тийкарлы
болып табылатуғынын билдирип, иске тийисли мағлыўматын усынды.
Прокурор суд мәжилисинде даўа арзаны қысман қанаатландырыў лазым
екени ҳаққындағы пикирин билдирди.
Қалған үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд
жуўапкер, үшинши шахс ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым
тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
түсинигин, ўәжлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, даўаның талабын
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Нызамда белгиленген тәртипте дизимге алынған «**» аўыл пуқаралар
жыйының Режесинде оның юридикалық шахс статусына ийе екенлиги
тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы
шәртнамасынан келип шыққан.
ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2024-жыл 01-май күни 055083-санлы электр энергиясы менен тәмийинлеў
ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр
энергиясы ушын алдын ала 50% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде
тутылған. Шәртнаманың 3.12-бәнтинде төлеўди кешиктиргени ушын мүддети
өткен қарыз суммасының 50% аспаған жағдайда 0.1% есабынан пеня есаплап
жазылады деп белгиленген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр
энергиясы жеткизилген.
Даўагер тәрепинен электр энергиясы жуўапкерге жеткизилгени
тастыйықланады. Нәтийжеде тәреплер орталарында 2025-жыл 01-август
күнине дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 13 511 585,20 сом қарызы
көрсетилген.
ЭПК 66-статьясына көре, ис бойынша дәлийллер усы Кодексте ҳәм
басқада нызамларда нәзерде тутылған тәртипте алынған фактлар ҳаққындағы
мағлыўматлар болып, олар тийкарында суд исте қатнасыўшы шахслардың
талаплары ҳәм қарсылықларын тийкарлаўшы жағдайлар, сондай-ақ, даўаны
дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа жағдайлардың барлығын яки
бар емеслигин анықлайды. Бундай мағлыўматлар жазба ҳәм затлай дәлиллер,
экспертлердиң жуўмақлары, қәнийгелердиң мәсләхатлары (түсиндирмелери),
гуўалардың көрсетпелери, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелери
менен анықланады.
Нызамды бузған жағдайда алынған дәлийллерден пайдаланыўға жол
қойылмайды.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 18-январь
күнги «Электр энергиясы ҳәм тәбиғый газден пайдаланыў қағыйдаларын
тастыйықлаў ҳаққында»ғы 319-санлы қарары менен тастыйықланған
қағыйдасына тийкар, үшинши шахс тәрепинен өткерилген үйрениўде
11 192 288,28 сом карыздың бар екенлиги анықланғанын суд тийкарлы
табады. Себеби арнаўлы билимлерди талап қылатуғын мәселе бойынша
мағлыўмат, жуўмақ бериў ўәкиллиги қадағалаў инспекциясына берилген.
Төлемди әмелге асырыў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 13-август
күнги талапнамасы жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы жиберилген,
бирақ төлемлер әмелге асырылмаған.
Бул жағдайда даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады.
Себеби электр энергиясы ушын есап-китап әмелге асырылыўы бойынша
тәреплер орталарындағы шәртнаманың 3.10-бәнтинде көрсетилген.
ПК 237-статьясында миннетлемелерди орынлаўдан бир тәреплеме бас
тартыў ҳәм шәртнама шәртлерин бир тәреплеме өзгертилиўине жол
қойылмайды, нызамшылық ҳүжжетлеринде яки шәртнамада нәзерде тутылған
жағдайлар буннан тысқары деп белгиленген.
Суд даўаның жуўапкерден пеня толық муғдарда өндириў ҳаққындағы
талабы менен келисе алмайды. Себеби шәртнаманың 3.12-бәнтине көре
төлеўди кешиктиргени ушын мүддети өткен (11 192 288,28) қарыз
суммасының 50% аспаған жағдайда 0.1% есабынан пеня есапланыўы мүмкин
болсада, даўагер надурыс сумма талап қылған.
ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде
түсиник берилген.
Пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий
аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 60 000 сом өндириўди
мақул табады.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда даўаның 11 192 288,28 сом қарыз,
60 000 сом пеня өндириў талаплары тийкарлы есапланады.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўаның талабын қысман
тийкарлы таўып, жуўапкерден даўагер пайдасына 11 192 288,28 сом, 60 000
сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясы жетинши бөлимине тийкар, мәмлекетлик бажы
тәреплерден пропорционал тәртипте өндирилиўи лазым.
Тийкарлы сумма есабынан 343 402 ом мәмлекетлик бажы жуўапкерден
мәмлекет бюджетине ҳәмде тийкарсыз суммадан 68 598 сўм мәмлекетлик бажы
даўагерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қысман қанаатландырылсын.
Нөкис районы «**» аўыл пуқаралар жыйынынан «**» АЖниң
пайдасына 11 192 288,28 сом, 60 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«**» аўыл пуқаралар жыйынынан мәмлекет бюджетине 343 402 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
«**» АЖнен мәмлекет бюджетине 68 598 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов