Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2501/1538 Дата решения 23.10.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a127cb79-756e-404f-871d-540cae7f714e Claim ID PDF Hash bd585ef935f0c961... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/1538-санлы экономикалық ис Биринши инстанция судында исти көрген судья- Р.Курбанбаев Апелляция инстанциясында баянатшы судья – Г.Зарипова ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 23 октябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясы Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары судьялар У.Сабиров ҳәм А.Аяповлардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтың хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры Д.Елмуратов, даўагер жәмийет баслығы У.А, ўәкиллери У.Б (2025 жыл 20 август күнги 36-санлы исеним хат тийкарында, Н.Ю (2025 жыл 11 июнь күнги 11-санлы ордер тийкарында), жуўапкер ўәкили И.С (2025 жыл 15 январь күнги 69-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахслар “ ududg zt `min ti” АЖ ўәкили Р.Ғ (2025 жыл 23 октябрь күнги 28-01-21/3874-санлы исеним хат тийкарында), Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ўәкили Ж.Ш (2025 жыл 22 октябрь күнги Р8/12-09/144-санлы исеним хат тийкарыда) қатнасыўында, даўагер “ЛЛЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер Беруний районы ҳәкимиятынан 28 524 392 860 сом материаллық зыян ҳәм 4 000 000 000 сом рухый зыян өндириўди сораған даўа арзасы бойынша жүргизилген ис бойынша Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 29 август күнги шешиўши қарарына даўагер “ЛЛЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген апелляциялық шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге Қарақалпақстан Республикасы суды имаратында ашық суд мәжлисинде видеоконференция байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер “ЛЛЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте-даўагер деп жүргизиледи) жуўапкер Беруний районы ҳәкимияты (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүргизиледи)нан 28 524 392 860 сом материаллық зыян ҳәм 4 000 000 000 сом рухый зыян өндириўди сораған. Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 20 августтағы уйғарыўы менен иске “ ududg zt `min ti” АЖ даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Биринши инстанция судының 2025 жыл 29 август күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған, даўаның 4 000 000 000 сом рухый зыян өндириўди сораған талабы өндиристен қысқартылған. Даўагер шешиўши қарарға наразы болып апелляциялық шағым берген. Апелляциялық шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл қылыўды сораған. Оған тийкар сыпатында биринши инстанция суды 2 жуўапкердиң инженерлик-коммуникация (тәбийий газ, электр энергия, суў) тармақларына жалғаныўына әмелий жәрдем бериў ҳаққындағы кепиллик хатына ҳуқықый баҳа бермегенлигин, усы кепиллик хатқа тийкар Қытай Халық Республикасынан кредит есабынан үскенелер алып келгенлигин, район исши топарының 2024 жыл 25 июньдеги 28-санлы акти менен проект пайдаланыўға қабыл қылынғанлығын, бирақ тәбийий газге жалғаныўға рухсат берилмегенлиги себепли проект иске түсирилмегенлигин, нәтийжеде судтың қарарына тийкар жәмийеттен өндирилген 1 784 636 АҚШ доллары муғдарында кредит қарызы ҳәм 475 617 АҚШ доллары муғдарында пайыз жәми 2 260 253 АҚШ доллары муғдарында зыян келгенлигин келтирген. Апелляция инстанциясы судының 2025 жыл 16 октябрь күнги уйғарыўы менен ис биринши инстанция судында көриў қағыйдалары бойынша көриўге өтилген ҳәм иске Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. Суд мәжлисинде даўагер ўәкиллери апелляциялық шағымын қоллапқуўатлап, Беруний районы ҳәкимлиги коммуникация тармақларына жалғаныўда әмелий жәрдем бериўге кепиллик хат бергенлигин, усы кепиллик хатқа исенип проектти баслағанлығын, бирақ заводты қурып питкергеннен соң тәбийий газге жалғаныўға рухсат берилмегенлигин, завод тек тәбийий газ бенен ислейтуғынлығын, көмир менен ислеўге мөлшерленбегенлигин, нәтийжеде завод иске түсирилмей жәмийет зыян көрип атырғанлығын билдирди. Жуўапкер ўәкили апелляциялыққ шағымда келтирилген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап, шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады. Үшинши шахс “ ududg zt `min ti” АЖ ўәкили жуўапкердиң апелляциялық шағымында келтирилген ўәжлерин тийкарсыз деп есапллап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 13 февральдағы ПҚ-54санлы қарарына тийкар қурылыс өнимлерин ислеп шығарыўшы жаңадан шөлкемлестирилген тутыныўшыларды тәбийий газге жалғаўға қадаған етилгенлигин, даўагердиң мүрәжатларына бир неше мәрте усы мазмунда жуўап берилгенлигин билдирди. Үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ўәкили биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады. Прокурор пикиринде шешиўши қарарды қысман бийкар етип, шешиўши қарарының рухый зыян өндириўди сораған талабын өндиристен қысқартыў ҳаққындағы бөлегин бийкар етип, даўаның бул талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Үшинши шахс Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы суд мәжлисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылып шақырылғанлығына қарамастан суд мәжлисине қатнаспады. 3 Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (кейинги орынларда - ЭПК деп жүргизиледи)ниң 274-статьясының төртинши бөлимине муўапық, апелляция инстанция судының суд мәжлисине суд долалаўын өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар қылынған, апелляциялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти усы үшинши шахстың қатнасыўысыз көриўди мақул тапты. Судлаў коллегиясы, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин, прокурордың пикирин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды қысман бийкар етип, жаңа қарар қабыллаўды лазым тапты. Исте анықланған жағдайларға қарағанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жуўапкердиң 2020 жыл 18 декабрьдеги 1118-санлы қарарына тийкар даўагерге Беруний районы, Абай АПЖ аймағынан “Гипс ҳәм гипсокартон ислеп шығарыў цехы”н қурыўы ушын 2,5 гектар жер майданы ажыратылған. Усы проектти әмелге асырыў ушын даўагерге АК “Қишлоққурилишбанк” Беруний филиалы менен 2021 жыл 22 сентябрьдеги 397-санлы кредит шәртнамасына тийкар жыллық 10 пайыз төлеў шәрти менен, 5 жыл мүддетке, 18 ай жеңиллик пенен “гипс ислеп шығарыў үскенеси”н сатып алыўы ушын 650 000 АҚШ доллары ҳәм “гипсокартон ислеп шығарыў әсбап-үскенеси”н сатып алыўы ушын 1 800 000 АҚШ доллары муғдарында кредит ажыратылған. Проект район исши топарының 2024 жыл 25 июнь күнги 28-санлы акти менен пайдаланыўға қабыл қылынған. Бирақ, үшинши шахс “ ududg zt `min ti” АЖ тәрепинен даўагерди тәбийий газге жалғаныў ушын техник шәрт бериўден бас тартылған. Беруний районлар аралық экономикалық судының 4-2302-2303/3891-санлы иси бойынша судтың 2023 жыл 25 декабрь күнги шешиўши қарарына тийкар даўагерден банк пайдасына 360 000 АҚШ доллары муғдарында кредит қарызы, 115 617 АҚШ доллары муғдарында пайызы өндирилген, пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының 2-2302-2501/2817-санлы иси бойынша судтың 2025 жыл 20 июнь күнги шешиўши қарарына тийкар даўагерден банк пайдасына 1 784 636 АҚШ доллары муғдарында кредит қарызы өндирилген, өндириў гиреў мүлклерине қаратылған. Даўагер банк пайдасына өндирилген жәми 2 260 253 АҚШ долларының миллий валютадағы баҳасы (1 АҚШ доллары *12 620 сом) 28 524 392 860 сом кредит ҳәм есапланған пайызларды зыян деп баҳалап, жуўапкерден өндириўди, буннан тысқары жуўапкерден 4 000 000 000 сом рухый зыян өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте -ПК деп жүргизиледи)ниң 14-статьясының екинши бөлимине муўапық, зыян дегенде ҳуқықы бузылған шахстың бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған ямаса қылыўы керек болған қәрежетлери, оның мүлкиниң жоғалыўы ямаса 4 зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында әдеттеги пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ ала алмай қалған дәраматлары (қолдан берилген пайда) түсиниледи. ПКниң 990-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының нызамға қайшы қарарлары нәтийжесинде пуқараға ямаса юридикалық шахсқа келтирилген зыян, олардың лаўазымлы шахсларының айыбына қарамастан, судтың қарары тийкарында қапланыўы керек. Мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде пуқараға ямаса юридикалық шахсқа жеткерилген зыян судтың қарары тийкарында қапланыўы керек. Жуўапкердиң қурылыс-монтаж ислери жуўмақланғаннан соң инженерликкоммуникация тармақларына (электр энергия, тәбийий газ, суў) жалғаныўда әмелий жәрдем бериў ҳаққындағы кепиллик хаты юридик ақыбет келтирип шығарыўшы ҳүжжет болып есапланбайды ҳәм бундай кепиллик хаттың берилгенлиги жуўапкерден даўагерге келтирилген зыянды өндириў ушын тийкар болмайды. Сонлықтан, биринши инстанция суды даўаның материаллық зыян өндириўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында дурыс шешимге келген болса да, бирақ даўаның рухый зыян өндириўди сораған талабы бойынша процессуаллық ҳуқық нормаларын надурыс қоллап, даўаның талабын өндиристен қысқартыў ҳаққында надурыс жуўмаққа келген. ЭПК 110—статясының 1-бәнтине тийкар ис экономикалық судқа, пуқаралық ислери бойынша судқа ямаса ҳәкимшилик судқа тийисли болмаса суд исти өндиристен қысқартады. Бирақ, рухый зыян өндириў ҳаққындағы ислер судларға тийисли. ПКниң 1021-статьясына муўапық, рухый зыян оны жеткериўшиниң айыбы болған жағдайда, зыян келтириўши тәрепинен қапланады, усы статьяның екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. Рухый зыян оны жеткериўшиниң айыбына қарамастан, төмендеги жағдайларда қапланады, егер: зыян пуқараның өмири ҳәм денсаўлығына артықша қәўип дәреги тәрепинен жеткерилген болса; зыян пуқараға оны нызамға қайшы түрде ҳүким етиў, нызамға қайшы түрде жынайый жуўапкершиликке тартыў, қәўипсизлик илажы сыпатында қамаққа алыўды ямаса мүнәсип минез-қулықта болыў ҳаққында тилхат алыўды нызамға қайшы түрде қолланыў, нызамға қайшы түрде ҳәкимшилик жаза қолланыў ҳәм нызамға қайшы түрде услап турыў, сондай-ақ ҳәр қандай қыйнаўға салыў ҳәм басқа да мийримсиз, адамгершиликке қайшы ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыў нәтийжесинде жеткерилген болса; Зыян ар-намыс, қәдир-қымбат ҳәм исшеңлик абырайын кемситиўши мағлыўматларды тарқатыў арқалы жеткерилген болса; 5 нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда. Буннан көринеди, рухый зыян физикалық шахсқа келтирилиўи мүмкин болып, ал юридикалық шахсқа рухый зыян келтирилиўи мүмкин емес. Сонлықтан, даўаның бул талабы тийкарсыз есапланып, талап қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады. Судлаў коллегиясы, даўагердиң апелляциялық шағымында билдирген ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби, нызамшылық ҳүжжетлерине көре, мәмлекетлик уйымының нызамға қайшы шығарылған қарары ямаса нызамсыз ҳәрекети яки ҳәрекетсизлиги ақыбетинде келтирилген зыян өндирилиўи мүмкин. Бирақ, жуўапкердиң кепиллик хаты юридик ақыбет келтириўши ҳүжжет болып есапланбайды. ЭПКниң 278-статьясы биринши бөлиминиң 2-бәнтине тийкар апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын толық яки қысман бийкар қылыўға ҳәм жаңа қарар қабыл қылыўға ҳақылы. ЭПКниң 279-статьясының биринши бөлими 4-бәнтине көре, материаллық ҳәм процессуаллық ҳуқық нормаларының бузылғанлығы ямаса надурыс қолланылғанлығы биринши инстанциясы судының шешиўши қарарын өзгертиў яки бийкар қылыў ушын тийкар болады. ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине тийкар суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанциясы судының шешиўши қарарының даўаның рухый зыян өндириўди сораған талабын өндиристен қысқартыў бөлимин бийкар етип, даўаның бул талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа қарар қабыл қылыўды, шешиўши қарарының даўагерден республика бюджетине 570 487 857,2 сом мәмлекетлик бажы өндириў бөлегин бийкар етип, суд қәрежетлерин қайта бөлистириўди, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўа арза ҳәм апелляциялық шағым алдыннан мәмлекетлик бажы төлемисиз қабыл қылынғанлығын итибарға алып даўагерден республика бюджетине биринши инстанция суды ушын 650 487 857,2 сом, апелляция инстанциясы суды ушын 325 243 928,6 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, апелляциялық шағым бериўде төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына исти видеоконференция байланыс режиминде өткериў менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 278,280-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 29 август күнги шешиўши қарары қысман бийкар етилсин, жаңа қарар қабыл етилсин. Шешиўши қарарының жуўапкер Беруний районы ҳәкимлигинен даўагер “ЛЛЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына 4 000 000 000 сом 6 рухый зыян өндириўди сораған талабын өндиристен қысқартыў бөлеги бийкар етилсин. Даўаның бул талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарарының даўагер “ЛЛЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 570 487 857,2 сом мәмлекетлик бажы өндириў бөлеги бийкар етилсин. Суд қәрежетлери қайта бөлистирилсин. Даўагер “ЛЛЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине жәми 975 731 785,80 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер “ЛЛЛ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есабына исти видеоконференция байланыс режиминде өткериў менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Қарақалпақстан Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Зарипова коллегия ағзалары: У.Сабиров А.Аяпов