Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/888 Дата решения 21.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 3f8eca4c-de2b-4149-a885-385354c1616c Claim ID PDF Hash 5ea06989ab70e5e3... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/888-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов УЙҒАРЫЎ (исти ѳндиристен қысқартыў хаққында) Қоңырат районы 2025-жыл 21-октябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили бас менеджер Ш.К*** (2025-жыл 28-апрель күнги 03-03/32-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер АК «А***к»тиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «D*** J*** ***» фермер хожалығынан 51 744 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 11 600 000 сом пайызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти АК «А***к» Қоңырат филиалының өз имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «А***к» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «D*** J*** ***» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 51 744 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 11 600 000 сом пайызын өндириўди сораған. Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты. Жуўапкер суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады. Истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкерди суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы кѳрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли оған тапсырылмаған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясы екинши бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық, суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар еткен болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады. 2 Сонлықтан, суд жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти ЭПК 170-статьясының үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығын, даўа арзасында көрсетилген қарыздарлық бүгинги күнге дейин төлеп берилмегенлигин билдирип, даўа арзасын толық қанаатландырыўды сорады. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, тѳмендегилерге кѳре даўа арза бойынша исти ѳндиристен қысқартыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 4-2303-2501/493-санлы иси бойынша 2025-жыл 17-июль күнги шешиўши қарарына тийкар төлеўге қәбилийетсиз деп табылған. Қоңырат районы мәмлекетлик хызметлер орайының мағлыўматнамасына көре, жуўапкер 2025-жыл 6-октябрь күни мәмлекетлик реестрден шығарылып, толық сапластырылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси 55-статьясының он екинши бөлимине муўапық, юридикалық шахстың сапластырылыўы ҳаққындағы жазыў юридикалық шахслардың бирден-бир мәмлекетлик реестрине киритип қойылғанынан соң юридикалық шахсты сапластырыў тамамланған, юридикалық шахс болса сапластырылған болып есапланады. ЭПК 110-статьясының 4-бәндинде, егер исте тәреп есапланған юридикалық шахс сапластырылған болса, экономикалық суд исти өндиристен қысқартыўы лазымлығы белгиленген. Жоқарыдағыларға тийкарланып, суд исти өндиристен қысқартыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 111-статьясының екинши бөлимине тийкар суд уйғарыўында исти өндиристен қысқартыў тийкарларын көрсетиўи, сондай-ақ, усы Кодекс 110-статьясының 1-бәндинде нәзерде тутылған ҳалда мәмлекетлик бюджеттен қайтарыў ҳәм суд қәрежетлерин тәреплер ортасында бөлистириў ҳаққындағы мәселелерди шешиўи лазым. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарары 17-бәндиниң төртинши хатбасында мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде басқа шахслар юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәпинде кириткен даўа арзалары (арзалар) көрместен қалдырылғанда яки ис өндиристен қысқартылғанда мәмлекетлик бажы мәпи гөзленип даўа киритилген даўагерлерден өндирилетуғынлығы, буған «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамның 18-статьясына көре, даўа көрместен қалдырылған яки ис 3 өндиристен қысқартылған жағдайлар кирмейтуғынлығы ҳаққында түсиник берилген. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 13-бәндинде исте қатнасып атырған юридикалық шахс сапластырылған болса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылатуғынлығы көрсетилген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд ис бойынша тәреплерден мәмлекетлик бажы өндирмеўди ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 110, 111 ҳәм 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: 1. Ис өндиристен қысқартылсын. 2. Ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежети даўагер АК «А***к»тиң мойнында қалдырылсын. 3. Уйғарыў үстинен ол шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген уйғарыў үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов