← Назад
Решение #2871337 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1369-санлы экономикалық ис
Шымбай районы
судья З.Х.Хасанова
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025 жыл 21 октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер жәмийет баслығы
ХХХХХ, жуўапкер ўәкили адвокат ХХХХХ (2025 жыл 09 сентябрдеги 200-санлы
ордер тийқарында) лардың қатнасыўларында, Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасының
даўагер
"ХХХХХ"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети мәпин қорғап жуўапкер «ХХХХХ»
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 511 811 378, 58 сом тийкарғы қарызы
ҳәм 230 315 040 сом пеня, жәми 742 126 418,58 сом қарыздарықты өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын судтың өз имәратында ашық суд мәжлисинде
видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) даўагер "ХХХХХ"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер деп
жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арзасы менен мүрәжат
қылып, жуўапкер «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан
кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 511 811 378, 58 сом тийкарғы
қарызы ҳәм 230 315 040 сом пеня, жәми 742 126 418,58 сом қарыздарлықты
өндириўди сораған.
Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер тәреп даўа арзаны толық
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжлисинде қатнасқан жуўапкер тәреп даўа арзаны тән
алатуғынлығын, жәмийеттиң финанслық жағдайына байланыслы пеня муғдарын
кемейтиўди сорады.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында Палата тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодекси(буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьялары
талапларына муўапық исти Палата ўәкили қатнасыўысыз көриў мүмкин деген
жуўмаққа келди.
Суд, тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип
шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық,
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
- ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
1
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиӯ
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 703-статьясының биринши бөлиминде ҳак есесине хызмет
көрсетиӯ шәртнамасы бойынша орынлаӯшы буюртпашының тапсырмасы
менен мүлкий түрде болмаған хызметти көрсетиӯ, буйыртпашы болса усы
хызмет ушын ҳақы төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 705-статьясының биринши бөлиминде буйыртпашы өзине
көрсетилген хызметлер ҳақысын ҳакы есесине хызмет көрсетиӯ
шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде ҳәм тәртипте төлеӯи шәртлиги
белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2025 жыл 10 февраль күни 2023-жылғы пахта егиў мәўсимине таярлаў
мақсетинде келтирилген туқымлық шигитлерди дәрилендириў хызметин
көрсетиў ҳақкында 5-санлы шәртнама дүзилген.
Тәреплердиң ортасында 2025 жылы 22 майда тастыйықланған 11-санлы
есапбети фактураға муўапық даўагер жуўапкерге 511 811 378,58 сомлық
туқымлық шигитлерди дәрилендириў хызмети көрсетилген.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге миннетлемелер шәртнамада белгиленген
мүддетлерде толық орынланбағанлығы себепли талапнама менен мүрәжат
етилген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен талапнамаға жуўап берилмеген ҳәм
қарыздарлық тɵленбеген.
Нәтийжеде, Палата судқа даўагер мәпинде мүрәжат етип, жуўапкерден
511 811 378, 58 сом тийкарғы қарызы ҳәм 230 315 040 сом пеня, жәми
742 126 418,58 омды өндириӯди сораған.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул
истеги шәртнама, счёт-фактура, тәреплердиң ортасында орынланған ислер
бойынша дүзилген акт менен толық тастыйыкланады.
Сонлықтан, суд даўаның тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабын
толық қанаатландырыўды лазым деп есаплайды.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы
“Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый
базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири
шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған
жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп
береди деп түсиник берилген.
Палата шәртнаманың 4.2-бәнтине муўапық жуўапкерден жеткерип
берген өним ҳақысын өз ўақтында төлемегенлик ушын кешиктирилген төлеў
суммасының 0,5 пайызы муғдарында (90 күнге 22.05.2025 жылдан баслап 22.08.2025
жылға шекем ) 230 315 040 сом муғдарында пеня өндириўди сораған.
2
ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда
миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер
Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди.
Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен шәртнамасы бойынша алынған
миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Пеня талабы тийкарлы.
Даўагер қарызларын өз ўақтында нызамшылықта белгиленген тәртипте
өндириў шараларын көрмеген, бул жағдайда даўагердин айбы менен
неустойканын өсиўине жол қойылғанын ҳәмде талап қылынған пеня көлеми
толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аҳыўалына кери тәсирин
тигизиўин есапқа алып, суд 40 000 000 сом пеня өндириўди, пеняның қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул табады.
Суд, даўагердиң қарыздарлықты жуўапкердиң барлық банк есап бетин
хатлаған ҳалда өндириўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды
лазым деп есаплайды, себеби бул мәселе суд қарарының орынланыўы
даўамында тийисли ўәкилиқли уйымлар тәрепинен әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен
билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ
оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған
ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң
кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка
суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүклетилиўи лазым.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 511 811 378,58 сом
тийкарғы қарыз, 40 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин, Республика
бюджетине
14 842 528,37
сом
мәмлекетлик
бажы,
ис
видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы болған
103 000 сом суд қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит
есабына өндириўди, даӯаның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыды
лазым тапты.
3
Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
қарар етти :
Даўа талабы қысман қанаатландырылсын.
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан "ХХХХХ"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына
511 811 378,58 сом
тийкарғы қарыз, 40 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қарежети
өндирилсин. Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырылсын.
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Республика
бюджетине 14 842 528,37 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
«ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке
кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4