Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/2023 Дата решения 21.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 1fcdb226-b066-4a84-881b-0b3058e0c016 Claim ID PDF Hash 5d9771babf6d8187... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2023-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 21-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 10-июнь күнги 2640/13-05-1068-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ЖШЖ баслығы ***лардың қатнасыўында, даўагер СЕКҚ АК «***»тиң жуўапкер "***" ЖШЖнен кредит бойынша мүддети өткен 5 057 932 сом тийкарғы қарызын, мүддети өткен 7 010 547 сом пайыз, 1 160 904 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер СЕКҚ АК «***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен кредит бойынша мүддети өткен 5 057 932 сом тийкарғы қарызын, мүддети өткен 7 010 547 сом пайыз, 1 160 904 сом пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, жуўапкер кредит қарыздарлығын төлемегенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ЖШЖ баслығы суд мәжилисинде даўаны тән алып, тез арада қарыздарлық толық төленетуғынлығын билдириди. Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 24сентябрь күни 1458-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар банк тәрепинен жуўапкерге тийкарғы курал сатып алыў ушын 48 ай мүддетке, жыллық 28% төлеў шәрти менен 159 960 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 4.4 ҳәм 6.2.1-бәнтлерине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. 2 Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 30-сентябрь жағдайына мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы 5 057 932 сомды, мүддети өткен пайыздан қарызы 7 010 547 сомды, шәртнаманың 8.4-бәнтине тийкар есапланған пеня 1 160 904 сомды қураған. Бул банк мағлыўматнамасы менен тастыйықланады. Шәртнаманың 8.4-бәнтинде қарыз алыўшы кредит төлемлерин өз ўақтында төлемеген ҳәмде олар бойынша мүддети өткен қарызлар жүзеге келген жағдайда төлем кешиктирилген ҳәр бир күн ушын банкке мүддети өткен кредит қарыздарлығына қарата 0,2 пайыз, мүддети өткен пайыз төлемлерине қарата 0,2 пайыз муғдарында пеня төлейди. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер тәрепинен кредит ҳәм оған есапланған пайызларды төлеў кестесинен кешиктирип келинген. Бул жағдайда, даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, мүддет өткен пайыз қарызын ҳәм пеня өндириў талабы тийкарлы болып есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық, даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына кредит бойынша мүддети өткен мүддети өткен 5 057 932 сом тийкарғы қарызын, мүддети өткен 7 010 547 сом пайыз, 1 160 904 сом пеня өндириўди, жуўапкерден даўагер пайдасына төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер СЕКҚ АК «***» пайдасына кредит бойынша мүддети өткен 5 057 932 сом тийкарғы қарызы, мүддети өткен 7 010 547 сом пайыз, 1 160 904 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер "***" ЖШЖнен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов