Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/877 Дата решения 21.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 85eb5cde-4c3c-40ec-baa0-5a2e4114262a Claim ID PDF Hash eccef5766030e710... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/877-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 21-октябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили бас менеджер Ш.К*** (2025-жыл 28-апрель күнги 03-03/32-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили М.М*** (2025-жыл 21-октябрь күнги исеним хат)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер АК «Агробанк»тиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер « ***- ***» фермер хожалығынан 89 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 2 000 000 сом пайызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти АК «Агробанк» Қоңырат филиалының өз имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «Агробанк» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер « ***- ***» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 89 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 2 000 000 сом пайызын өндириўди сораған. Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қысман қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығын, даўа арзасында көрсетилген қарыздарлық судқа даўа арза киритилгенинен кейин қысман төлеп берилгенлигин билдирип, даўа арзасын қысман қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қысман тән алып, жақында алған кредитин қысман төлеп бергенлигин билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер 2 шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 10-сентябрь күни кредит шәртнамасы дүзилген болып, усы шәртнаманың 1.1-бәндине муўапық, «Банк» «Қарыз алыўшы»ға масақлы дән өнимин жетистириўди қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў Фонды қаржылары есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет балына қарата норматив өним баҳасының 50 пайызына шекем, таярлаў кәрханасы тәрепинен аванс сыпатында жеткизип берилген норматив туқымлық баҳасын инабатқа алған ҳалда 95 789 947,5 сом муғдарында кредит қаржысын ажыратыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 2.2-бәндинде кредиттен пайдаланғанлық ушын «Қарыз алыўшы» «Банк»ке жыллық 12 пайыз ставкада пайыз төлейтуғынлығы, «Банк» «Қарыз алыўшы»ға кредит ажыратылған күннен баслап ҳәр айда пайызларды есаплап баратуғынлығы ҳәм кредит ҳәмде оған есапланған пайзылар толық қайтарылғанға шекем пайызлар есапланатуғынлығы, кредит шәртнамасында белгиленген мүддетте қайтарылмаған бөлеги ушын пайызлар Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тийкарғы ставкасының 2 есеси муғдарында есапланатуғынлығы, 2.3-бәндинде масақлы дән өнимин жетистириў ушын кредит қаржысы «Қарыз алыўшы»ға 2025-жыл 1-сентябрьге шекем толық қайтарыў шәрти менен ажыратылатуғынлығы, усы мүддет даўамында кредитке есапланған пайызлар да төлениўи шәрт екенлиги көрсетилген. АК «Агробанк» Қоңырат филиалының 2025-жыл 21-октябрь күнги 2-626-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкер тәрепинен даўа арзасында көрсетилген қарыздарлықлар қысман тѳленген. Кредит шәртнамасының 5.2-бәндине муўапық, усы шәртнаманы орынлаў бойынша ҳәр қандай суд инстанциясында банк усынған ҳүжжет, усы қарыздарлық суммасы «Банк»ке төлениўи лазымлығын тастыйықлаўшы инкар етип болмайтуғын бирлемши дәлийл ( rim f i ) есапланады. 3 ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 64 200 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 300 000 сом пайызын өндириўди, қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат етилгеннен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 1 820 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. 4 Жуўапкер « ***- ***» фермер хожалығынан даўагер АК «Агробанк»тиң пайдасына 64 200 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 300 000 сом пайызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа арзаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер « ***- ***» фермер хожалығынан республика бюджетине 1 820 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Қ.О.Хожамуратов