← Назад
Решение #2871527 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2029-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 21-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили ** (2025-жыл 18-февраль күнги 07-04/257-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (кейин-палата) даўагер АКБ “**” мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис
қаласы “**” жеке тәртиптеги исбилермен есабынан 41 667 000 ом тийкарғы
кредит қарыз, есапланған 2 750 000 сом процент, 330 000 сом пеня, төленген почта
қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер АКБ “**” мәпинде жуўапкер “**” жеке тәртиптеги
исбилермен есабынан 41 667 000 ом тийкарғы кредит қарыз, есапланған 2 750 000
сом процент, 330 000 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўаның талаплары тийкарлы
болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд даўагер банк ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди
үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2025-жыл
21-апрель күни дүзилген 623Y000118-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк
тәрепинен жуўапкерге 2028-жыл 21-апрель мүддетине шекем жыллық 25%
ставкада 50 000 000 сом муғдарында узақ мүддетли нақлай кредит ажыратылған.
Кредит мақсети тигиўшиликти шөлкемлестириў ушын әспбап-үскене сатып
алыў болып белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада
нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит)
бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын
процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Кредит шәртнамасының 1.1, 2.1-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм
процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў миннетлемесин
алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған.
Иске қосылған банк мағлыўматында жуўапкердиң 41 667 000 ом тийкарғы
кредит қарыз, есапланған 2 750 000 сом процент ҳәм 330 000 сом пеня
қарыздарлығы даўа арзада көрсетилген.
Суд мәжилисинде банк ўәкилиниң усынған мағлыўматында жуўапкердиң
қарызы өскени анықланды.
Кредит шәртнамасының 5.1-бәнтинде кредит ҳәм процент төлемлерин
кешиктирген жағдайда, жуўапкерге пеня төлеп барыў миннетлемеси жүкленген.
Сонлықтан даўа арзада 330 000 сом муғдарында талап қылынған пеня тийкарлы
табылады.
Солай етип, суд жуўапкерден банк пайдасына 41 667 000 ом тийкарғы
кредит қарыз, есапланған 2 750 000 сом процент, 330 000 сом пеня, 41 200 сом
почта қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден
мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза талаплары қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы “**” жеке тәртиптеги исбилермен есабынан АКБ “**”
пайдасына 41 667 000 ом тийкарғы кредит қарыз, есапланған 2 750 000 сом
процент, 330 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
“**” жеке тәртиптеги исбилермен есабынан мәмлекет бюджетине 894 940
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест
келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов