← Назад
Решение #2871774 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2033-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 21-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси C.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили ** (2025-жыл 21-октябрь күнги исеним хат тийкарында), жуўапкер
ўәкили ** (2025-жыл 24-сентябрь күнги 24/09-2025-санлы исеним хат
тийкарында)
қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейин-палата) даўагер Төрткуль
районы “**” ЖШЖниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен
70 000 000 сом қарыз, 35 000 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын
ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс
режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер “**” ЖШЖниң мәпинде жуўапкер “**” ЖШЖнен
70 000 000 сом қарыз, 35 000 000 сом пеня өндириўди сораған.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаның қарыз өндириў талабын
тән алатуғынын ҳәм оны сөндириў илажлары көрилип атырғанын билдирип,
жәмийеттиң финанс жағдайы жақсы емеслигине байланыслы даўаның пеня
өндириў талабын кемейтиўди сорады.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2023-жыл 13-ноябрь күни техникалық хызмет көрсетиў ҳаққындағы 1-санлы
шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар, даўагер жуўапкерге
жәми 200 000 000 сомлық экскаватор хызметин көрсетиў, ал жуўапкер
келисилген баҳаны төлеў миннетлемелерин алған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына
тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына
муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине
яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек. Усы Кодекстиң 333-статьясы биринши бөлимине тийкар,
қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым
дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым
дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын
көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 72статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы
керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин
емес деп белгиленген.
Шәртнама тийкарында тәреплер орталарындағы электрон есапбетфактураларда 60 000 000 сом ҳәм 144 000 000 сом жәми 204 000 000 сомлық
хызметлердиң көрсетилгени тастыйықланады. Бирақ бул суммадан жуўапкер
134 000 000 сомды төлегени даўа арзада көрсетилген. Нәтийжеде қалдық
70 000 000 сом төленбестен қалған.
Қарызды төлеў ҳаққындағы 2025-жыл 12-сентябрь күнги даўагердиң 2санлы талапнамасы жуўапкер мәнзилине почта байланыс бөлими арқалы
жиберилген, бирақ төлемлер әмелге асырылмағаны себепли даўаның қарыз
ондириў талабы тийкарлы табылады.
Шәртнамада мүлкий жуўапкершилик мәселеси шешилмеген.
Өзбекстан Республикасы «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң
шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясына
тийкар төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасы 50% аспаған жағдайда
пеня талап қылыныўы мүмкин. Сонлықтан палата тәрепинен даўагер мәпинде
жуўапкерден 35 000 000 сом пеня өндириў талабы қойылған.
ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде
түсиник берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 5 000 000 сом
өндириўди мақул табады.
Солай етип, суд даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 70 000 000 сом қарыз, 5 000 000 сом пеня,
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкерден өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан 2 100 000 сом мәмлекетлик
бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды пайдасына видеоконференция байланысы ушын
103 000 сом суд қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арзаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен Төрткуль районы “**” ЖШЖниң
пайдасына 70 000 000 сом қарыз, 5 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
“**” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 2 100 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
“**” ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты
есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов