Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/2028 Дата решения 21.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 082bfa9a-1572-4557-b170-381978b7fcaf Claim ID PDF Hash 561d9cb6ccc87676... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2028-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 21-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 18-февраль күнги 07-04/257-санлы исеним хат тийкарында)ныӊ қатнасыўында, ***ның даўагер АК «***» мәпин қорғап жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына мүддетинен алдын 50 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 3 801 670 сом пайыз, 618 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип. жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына мүддетинен алдын 50 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 3 801 670 сом пайыз, 618 000 сом пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, жуўапкердиң пайыз ҳәм пенядан карызын қамсызландырыў компаниясы төлегенлигин, 50 000 000 сом тийкарғы қарызы бар екенлигин билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады. Палата ҳәм жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына тийкар исти Палата ҳәм жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 9апрель күни 623Y000100-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге мебель ислеп шығарыў үскенесин сатып алыў ушын 2028-жыл 7-апрель күнине шекем мүддетке, жыллық 25% төлеў шәрти менен 50 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПКниң 736-статьясының екинши бөлимине көре, қарыз шәртнамасында қарызды бөлип (бөлип-бөлип) қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың барлық суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы. Кредит шәртнамасының 2.1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 3.1.3-бәнти ҳәм 4.2.16-бәнтине муўапық, қарыздар кредит бойынша ҳәр қандай төлемлердиң мүддетинде әмелге асырылмаслығы, кредитор кредиттиң қалған барлық суммасын тийисли пайызлары менен биргеликте мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўине тийкар болады. Кредит шәртнамасының 5.1-бәнтине муўапық, қарыздар усы шәртнама бойынша өз миннетлемелерин орынлаўды яки лазым дәрежеде орынлаўды кешиктирген жағдайда, ҳәр бир кешиктирилген күн ушын кешиктирилген төлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, лекин кешиктирилген төлем суаммасының 50 пайызынан артық болмаған муғдарда пеня төлейди. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Нәтийжеде, жуўапкердиң 2025-жыл 22-сентябрь жағдайына тийкарғы қарызы 50 000 000 сом, мүддети өткен пайыздан қарызы 3 801 670 сом, пенядан қарызы 618 000 сомды қураған. Бул, банк филиалыныӊ мағлыўматнамасы менен тастыйықланады. Бул жағдайда, даўаның тийкарғы кредит қарызын, пайыз ҳәм пеня өндириў талабы, сондай-ақ, жәми кредит қарыздарлығын мүддетинен алдын қайтарыўды сораған талабы тийкарлы болып есапланады. Банк филиалыныӊ 2025-жыл 21-октябрь жағдайына берген мағлыўматнама ҳәм ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкердиӊ тийкарғы қарызы 50 000 000 сомды қураған, даўадағы пайыз ҳәм пеня қапланған. Сонлықтан, даўаны қысман қанаатландырыўға жатады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына мүддетинен алдын 50 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден Республика бюджетине 1 088 394 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер АК «***» пайдасына мүддетинен алдын 50 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Республика бюджетине 1 088 394 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов