← Назад
Решение #2872156 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1986-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 21-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили ** (2025-жыл 03-сентябрь күнги исеним хат тийкарында)
қатнасыўында, даўагер **ниң жуўапкер Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен
37 500 000 сом жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық
суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер ** жуўапкер “**” ЖШЖнен 37 500 000 сом жәрийма, төленген
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның жәрийма өндириў талабы
тийкарлы болыўы себепли оны толық қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе,
даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан
суд исти көрип шығыўды мақул табады.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды
мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, арнаўлы буйырық тийкарында
жуўапкерде 2025-жыл 01-июль күнинен 31-июль күнлери аралығында
қадағалаў рейд (тексериў) өткерилген. Тексериў жуўмағы менен 2025-жыл
24-июль күни акт дүзилген.
Тексериў жуўмағында жуўапкер тендер гуўалығысыз Нөкис-Шымбай
жөнелисинде жолаўшы тасыў менен шуғылланғаны анықланған.
Даўагердиӊ 2025-жыл 29-июль күнги қарары менен жуўапкерге
жолаўшыларды турақлы жөнелислерде тасыў яғный рухсат етиўши
ҳүжжетсиз искерлик жүриткенлиги ушын 37 500 000 сом жәрийма салынған.
Бул қарар нызамлы күшинде. Себеби оның өзгергени, бийкар етилгени яки
ҳақыйқый емес деп табылғаны ҳаққындағы иске мағлыўматлар қосылмаған.
Жуўапкер тәрепинен жәрийма ықтыярый төленбеген. Сонлықтан,
даўагер жуўапкерден жәрийманы өндириў ҳаққындағы даўа менен судқа
мүрәжат еткен.
2
Өзбекстан Республикасыныӊ “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар
етиў тәртип-процедуралары ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 4-қосымшасыныӊ
екинши бөлими 6-бәнтинде искерликти тасыў ҳуқықын тастыйықлаўшы
гуўалықсыз әмелге асырғанлық ушын базалық есаплаў муғдарыныӊ 100есеси муғдарында жәрийма салыныўы белгиленген.
Усы Нызамныӊ 56-статьясы биринши бөлимине муўапық, ҳуқықбузар
тәрепинен жәрийма суммасы ықтыярый рәўиште төленбеген жағдайда,
ўәкилликли орган жәрийманы өндириў туўрысында арзаны судқа
белгиленген тәртипте бес жумыс күни ишинде киритеди.
Атап өтилгенлерден келип шығып, суд даўагердиӊ даўасын тийкарлы
деп есаплайды ҳәм қолланылған жәрийма өндириўди мақул табады.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 37 500 000 сом
жәрийма, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған жәрийманың 2% есабынан 750 000 сом мәмлекетлик
бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы “**” ЖШЖнен **ниң пайдасына 37 500 000 сом
жәрийма, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
“**” ЖШЖнен мәмлекет бюжетине 750 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов