← Назад
Решение #2872366 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1857-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 21-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 10-июль күнги 11/25-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкерден баслық ***, жуўапкер
ўәкили *** (2025-жыл 10-июль күнги 1-санлы исеним хат тийкарында)лардың
қатнасыўында, ***ның даўагер Өзбекстан Республикасы “***” акционерлик
жәмийети мәпинде жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийети
ҳәм қосымша жуўапкер «***» шаңарақ кәрханасына қарата Нөкис районлар
аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль күнги 4-2301-2503/1307санлы шешиўши қарарының орынланыўын гиреўдеги мүлклерге қаратыў ҳәм
гиреўдеги мүлклердиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын
белгилеў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти
суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер Өзбекстан
Республикасы “***” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер
деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте
жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм қосымша жуўапкер «***» шаңарақ кәрханасы
(буннан кейин текстте қосымша жуўапкер деп жүритиледи)не қарата Нөкис
районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль күнги 4-23012503/1307-санлы шешиўши қарарының орынланыўын гиреўдеги мүлклерге
қаратыў ҳәм гиреўдеги мүлклердиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў
баҳасын белгилеўди сораған.
Судтың 2025-жыл 9-октябрь күнги уйғарыўы менен "***" ЖШЖ даўа
предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс
сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап,
даўа арзаны қанаатландырыўды, Нөкис районлар аралық экономикалық
судының 2025-жыл 10-июль күнги 4-2301-2503/1307-санлы шешиўши
қарарының орынланыўын гиреўдеги мүлклерге қаратыўды ҳәм гиреўдеги
мүлклердиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын тәреплер
орталарында дүзилген баҳалаў актиндеги баҳадан келип шығып белгилеўди
сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер баслығы, жуўапкер
ўәкили даўаны тән алып, қарыздарлық бар екенлигин, қарызды өндириўди
гиреўдеги мүлкке қаратыўға қарсы емеслигин, гиреў мүлклерин баҳасы
ҳәзирги ўақытта қымбатлағанлығын, сонлықтан қайта баҳалаўдан ҳәм баҳалаў
экспертизасынан өткергенлигин билдирип, гиреў мүлклердиң ким-зыят
2
саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын баҳалаў есабаты ҳәм эксперт
жуўмағына тийкар тән алынған баҳадан келип шығып белгилеўди сорады.
Палата, үшинши шахс суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжилисине
келмеди. Лекин, даўа арзасында Палата исти ўәкилиниң қатнасыссыз көрип
шығыўды сораған.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти Палата, үшинши шахс ўәкилиниң қатнасыўысыз
көриўди мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап,
истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге
тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2022-жыл 16декабрь күни дүзилген №170-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк
тәрепинен жуўапкерге 60 ай мүддетке, жыллық 23,99% ставкада 5 602 000 000
сом муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит шәртнамасының 2.6, 4.2.1-бәнтлерине муўапық, жуўапкер
кредит ҳәм процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў
миннетлемесин алған болса да, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбаған.
Сонлықтан, Палата даўагер мәпинде жуўапкерге қарата 3 734 666 672
сом тийкарғы кредит қарызын, 1 283 681 812 сом мүддети өткен тийкарғы
кредит қарызын, 1 022 540 000 сом процент қарызын өндириў ҳаққында судқа
даўа арза берген ҳәм усы судтың 2025-жыл 10-июль күнги 4-2301-2503/1307санлы шешиўши қарары менен “***” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен Өзбекстан Республикасы “***” акционерлик жәмийети
пайдасына 3 734 666 672 сом тийкарғы кредит қарызын, 1 283 681 812 сом
мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 1 022 540 000 сом процент ҳәм
төленген 37 500 сом почта қәрежетин өндириў белгиленген.
Бул қарыздарлық жуўапкер тәрепинен төленбегенлиги себепли Палата
даўагер мәпинде жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкерге қарата Нөкис районлар
аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль күнги 4-2301-2503/1307санлы шешиўши қарарының орынланыўын гиреўдеги мүлклерге қаратыў ҳәм
гиреўдеги мүлклердиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын
белгилеў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер
миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым
дәрежеде орынланыўы шәрт.
Ис материалларына қарағанда, кредиттиң ўақтында қайтарылыўын
тәмийинлеў мақсетинде тәреплер орталарында дүзилген ҳәм 2022-жыл 16декабрь күни реестрге 202201802004625-саны менен дизимге алынған ипотека
шәртнамасы, 2023-жыл 31-май күни реестрге 202301802001640-саны менен
3
дизимге алынған гиреў шәртнамасы ҳәм бул ипотека шәртнамасы ҳәм гиреў
шәртнамасы бойынша 2024-жыл 13-сентябрь күни реестрге 202401802002458саны менен дизимге алынған келисим шәртнамасына тийкар қосымша
жуўапкер «***» шаңарақ кәрханасына тийисли:
Тақыятас районы, “Жайхун” МПЖ, Қарақалпақстан көшеси 18Б-жайда
жайласқан улыўма жер майданы 2 657,08 кв.м, пайдалы майданы 2 570,44
кв.м, болған имарат,
жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли:
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 220707027237, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/189GBA болған автотранспорт,

двигатель – D10385022070727187, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик
белгиси 95/246GBA болған автотранспорт,
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған
двигатель – 230207020027, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/849GBA болған автотранспорт,
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7742АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорты,
“DONG FENG” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған двигатель –
78385372, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/843FBA болған
автотранспорт,
“ ANGAN S 1032 UZ53” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – DK1210223699891, кузов-LA AB33R2NE703965, ақ реңли,
мәмлекетлик белгиси 95/061GBA болған автотранспорт,

– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7718АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорты,
“LG30D Vilk li” юклағич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – SN81055, қызыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА689 болған
аўыл хожалық техникасы транспорты,
“JB -26W” бетон қорғич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 1 G420 00057, көк реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА687 болған
аўыл хожалық техникасы транспорты,
“JG833N” фронтал юклагич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 22JO55054, сары реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА688 болған
аўыл хожалық техникасы транспорты гиреўге қойылған.
ПКниң 279-статьясының биринши бөлимине муўапық, гиреўге
алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди
қарыздар гиреў менен тәмийинленген миннетлемени өзи жуўапкер болған
жағдайларда орынламаған ямаса лазым дәрежеде орынламағанда гиреўге
қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги белгиленген.
4
ПКниң 281-статьясы үшинши бөлимине көре, гиреўге қойылған малмүлктиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасы гиреўге қойыўшы
менен гиреўге алыўшы ортасындағы келисимге тийкар белгиленеди. Гиреўге
қойыўшы ҳәм гиреўге алыўшы ортасында мал-мүлк баҳасы бойынша
келиспеўшиликлер бар болған жағдайда, бийғәрез баҳалаўшы шөлкем
тартылады ҳәм гиреўдиң дәслепки баҳасы базар баҳасынан келип шығып
белгиленеди.
Өзбекстан Республикасының “Баҳалаў искерлиги ҳаққында”ғы
Нызамының 18-статьясы биринши бөлимине көре, усы Нызамда нәзерде
тутылған тәртипте дүзилген есабат исенимли деп тән алынады.
Усы Нызамның 181-статьясына көре, зәрүр болған ҳалда, баҳалаў
туўрысындағы есабаттың исенимлилигин тексериў ушын усы есабат
нызамшылықта белгиленген тәртипте басқа баҳалаўшы шөлкем тәрепинен
шәртнама тийкарында экспертизадан өткерилиўи мүмкин.
Баҳалаў туўрысындағы есабаттың исенимлилигин экспертизадан
өткериў нәтийжелери эксперт жуўмағы менен рәсмийлестириледи.
Тәреплер орталарындағы гиреўге қойылған мүлклерди баҳалаў
ҳаққындағы келисимдеги баҳаға жуўапкер наразы болып, "***" ЖШЖ
бийғәрез баҳалаў шөлкемине гиреўдеги мүлклерди баҳалатқан болып, баҳалаў
есабатына көре, гиреўдеги «***» шаңарақ кәрханасына тийисли Тақыятас
районы, “Жайхун” МПЖ, Қарақалпақстан көшеси 18Б-жайда жайласқан
гиреўдеги имарат 3 863 042 298 сом, “***” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетине тийисли болған гиреўдеги м/б 95/189GBA транспорт 841 836 897 сом, м/б 95/246GBA транспорт - 841 836 897 сом, м/б 95/849GBA
транспорт - 841 836 897 сом, м/б 95/7742АА транспорт - 342 469 314 сом, м/б
95/843FBA транспорт - 634 331 943 сом, м/б 95/061GBA транспорт 184 804 199 сом, м/б 95/7718АА транспорт - 342 469 314 сом, м/б 95/ЕА689
транспорт - 159 312 635 сом, м/б 95/ЕА687 транспорт - 393 761 018 сом, м/б
95/ЕА688 транспорт - 377 195 306 сом деп баҳаланған.
Сондай-ақ, "***" ЖШЖниң баҳалаў есабатының исенимлилиги
“URGAN
BA OLAS
VA KONSAL INGI” ЖШЖ тәрепинен
экспертизадан өткерилген ҳәм 2025-жыл 20-октябрь күнги эксперт жуўмағына
көре баҳалаў есабаты ҳақыйқый деп тән алынған.
Бул жағдайда, суд гиреў мүлклердиң ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын тәреплердиң орталарында рәсмийлестирилген баҳа бойынша
емес, "***" ЖШЖниң баҳалаў есабатындағы баҳа бойынша белгилеўди
нызамлы ҳәм тийкарлы деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер
төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер
жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына
өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды,
Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль күнги 4-
5
2301-2503/1307-санлы шешиўши қарары менен белгиленген “***”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы “***”
акционерлик жәмийети пайдасына 3 734 666 672 сом тийкарғы кредит
қарызын, 1 283 681 812 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 1 022
540 000 сом процент, 37 500 сом почта қәрежетин өндириўди қосымша
жуўапкер «***» шаңарақ кәрханасына тийисли:
Тақыятас районы, “Жайхун” МПЖ, Қарақалпақстан көшеси 18Б-жайда
жайласқан улыўма жер майданы 2 657,08 кв.м, пайдалы майданы 2 570,44
кв.м, болған имаратына,
жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли:
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 220707027237, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/189GBA болған автотранспорт,
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – D10385022070727187, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик
белгиси 95/246GBA болған автотранспорт,
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған
двигатель – 230207020027, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/849GBA болған автотранспорт,
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7742АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорты,
“DONG FENG” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған двигатель –
78385372, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/843FBA болған
автотранспорт,
“ ANGAN S 1032 UZ53” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – DK1210223699891, кузов-LA AB33R2NE703965, ақ реңли,
мәмлекетлик белгиси 95/061GBA болған автотранспорт,
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7718АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорты,
“LG30D Vilk li” юклағич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – SN81055, қызыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА689 болған
аўыл хожалық техникасы транспорты,
“JB -26W” бетон қорғич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 1 G420 00057, көк реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА687 болған
аўыл хожалық техникасы транспорты,
“JG833N” фронтал юклагич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 22JO55054, сары реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА688 болған
аўыл хожалық техникасы транспортына қаратыўды ҳәм гиреўдеги қосымша
жуўапкер «***» шаңарақ кәрханасына тийисли:
Тақыятас районы, “Жайхун” МПЖ, Қарақалпақстан көшеси 18Б-жайда
жайласқан улыўма жер майданы 2 657,08 кв.м, пайдалы майданы 2 570,44
6
кв.м, болған имаратының ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын
3 863 042 298 сом;
жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли:
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 220707027237, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/189GBA болған автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын 841 836 897 сом;
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – D10385022070727187, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик
белгиси 95/246GBA болған автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы
басланғыш сатыў баҳасын 841 836 897 сом;
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған
двигатель – 230207020027, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/849GBA болған автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын 841 836 897 сом;
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7742АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын 342 469 314 сом;
“DONG FENG” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған двигатель –
78385372, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/843FBA болған
автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын
634 331 943 сом;
“ ANGAN S 1032 UZ53” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – DK1210223699891, кузов-LA AB33R2NE703965, ақ реңли,
мәмлекетлик белгиси 95/061GBA болған автотранспорттың ким-зыят
саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасын 184 804 199 сом;
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7718АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын 342 469 314 сом;
“LG30D Vilk li” юклағич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – SN81055, қызыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА689 болған
аўыл хожалық техникасы транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын 159 312 635 сом;
“JB -26W” бетон қорғич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 1 G420 00057, көк реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА687 болған
аўыл хожалық техникасы транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын 393 761 018 сом;
“JG833N” фронтал юклагич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 22JO55054, сары реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА688 болған
аўыл хожалық техникасы транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасын 377 195 306 сом деп белгилеўди, жуўапкерден даўагер
пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, бул категориядағы өз
7
алдына талап бойынша нызамда мәмлекетлик бажы өндириў
белгиленбегенлиги себепли мәмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырылсын.
Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-июль
күнги 4-2301-2503/1307-санлы шешиўши қарары менен белгиленген “***”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы “***”
акционерлик жәмийети пайдасына 3 734 666 672 сом тийкарғы кредит
қарызын, 1 283 681 812 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 1 022
540 000 сом процент, 37 500 сом почта қәрежетин өндириў: - қосымша
жуўапкер «***» шаңарақ кәрханасына тийисли:
Тақыятас районы, “Жайхун” МПЖ, Қарақалпақстан көшеси 18Б-жайда
жайласқан улыўма жер майданы 2 657,08 кв.м, пайдалы майданы 2 570,44
кв.м, болған имаратына;
Жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли:
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 220707027237, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/189GBA болған автотранспорт,
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – D10385022070727187, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик
белгиси 95/246GBA болған автотранспорт,
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған
двигатель – 230207020027, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/849GBA болған автотранспорт,
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7742АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорты,
“DONG FENG” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған двигатель –
78385372, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/843FBA болған
автотранспорт,
“ ANGAN S 1032 UZ53” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – DK1210223699891, кузов-LA AB33R2NE703965, ақ реңли,
мәмлекетлик белгиси 95/061GBA болған автотранспорт,
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7718АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорты,
“LG30D Vilk li” юклағич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – SN81055, қызыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА689 болған
аўыл хожалық техникасы транспорты,
“JB -26W” бетон қорғич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 1 G420 00057, көк реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА687 болған
аўыл хожалық техникасы транспорты,
8
“JG833N” фронтал юклагич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 22JO55054, сары реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА688 болған
аўыл хожалық техникасы транспортына қаратылсын.
Гиреўдеги қосымша жуўапкер «***» шаңарақ кәрханасына тийисли:
Тақыятас районы, “Жайхун” МПЖ, Қарақалпақстан көшеси 18Б-жайда
жайласқан улыўма жер майданы 2 657,08 кв.м, пайдалы майданы 2 570,44
кв.м, болған имаратының ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасы
3 863 042 298 сом;
Жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли:
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 220707027237, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/189GBA болған автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 841 836 897 сом;
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – D10385022070727187, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик
белгиси 95/246GBA болған автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы
басланғыш сатыў баҳасы 841 836 897 сом;
“ OWO ZZ3407S3867E” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған
двигатель – 230207020027, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси
95/849GBA болған автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 841 836 897 сом;
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7742АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 342 469 314 сом;
“DONG FENG” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған двигатель –
78385372, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/843FBA болған
автотранспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасы
634 331 943 сом;
“ ANGAN S 1032 UZ53” маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – DK1210223699891, кузов-LA AB33R2NE703965, ақ реңли,
мәмлекетлик белгиси 95/061GBA болған автотранспорттың ким-зыят
саўдасындағы басланғыш сатыў баҳасы 184 804 199 сом;
“S U YUE DSY94002” маркалы, 2023-жылы ислеп шығылған двигатель
– номерсиз, кузов-номерсиз, ақ реңли, мәмлекетлик белгиси 95/7718АА болған
арнаўлы ярым тиркеме транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 342 469 314 сом;
“LG30D Vilk li” юклағич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – SN81055, қызыл реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА689 болған
аўыл хожалық техникасы транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 159 312 635 сом;
“JB -26W” бетон қорғич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 1 G420 00057, көк реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА687 болған
9
аўыл хожалық техникасы транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 393 761 018 сом;
“JG833N” фронтал юклагич маркалы, 2022-жылы ислеп шығылған
двигатель – 22JO55054, сары реңли, мәмлекетлик белгиси 95/ЕА688 болған
аўыл хожалық техникасы транспорттың ким-зыят саўдасындағы басланғыш
сатыў баҳасы 377 195 306 сом деп белгиленсин.
Жуўапкер “***” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан
Республикасы “***” акционерлик жәмийети пайдасына 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов