← Назад
Решение #2872601 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2035-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 21-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили ** (2025-жыл 22-апрель күнги ЖЕ-02-06/129-2-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, даўагер «**» АЖ-тиниң жуўапкер Нөкис районы
«**» ЖШЖнен 16 253 000 сом қарыз, төленген почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық
суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
«**» АЖти экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат етип,
жуўапкер «**» ЖШЖнен 16 253 000 сом қарыз, төленген почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд
жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
түсинигин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 01-май
күни электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққындағы шәртнама дүзилген.
1
Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 100%
төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жуўапкерге
жеткизилгени тастыйықланады. Нәтийжеде тәреплер орталарында 2025-жыл
01-август күнине дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 16 253 000 сом
қарызы көрсетилген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы 2025-жыл 29-сентябрь күнги даўагердиң
талапнамасы жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге
асырылмаған. Бул жағдайда даўаның қарызын өндириў талабы тийкарлы
табылады.
Суд, даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына 16 253 000 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди
мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўқапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис районы «**» ЖШЖнен «**» АЖниң пайдасына 16 253 000 сом
қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
«**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов
2