Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1944 Дата решения 21.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID e306f0e3-0de2-4493-b5eb-bdbfa4645f6a Claim ID PDF Hash 84a2e9a6a5f4f085... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1944-санлы экономикалық ис Судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 21-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси ***, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 6март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер ***нан 4 840 000 сом қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: «***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 4 840 000 сом қарызын өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 9-октябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, қарыздарлық қысман төленгенлигин, есапланбай қалған қарыздарлықтан 40 000 сом қарызы қалғанлығын билдирип, даўа арзаны кысман қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны қысман қанаатландырыў ҳақкында пикир билдирди. Жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисиниң ўақты хәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болса да, суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар жуўапкер, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди лазым табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмелерин, прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Тәреплер орталарында 2024-жыл 16-январь күни 1302-санлы электр энергиясын жеткерип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. 2 Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин алған, жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын лимиттен артық пайдаланылған ҳәм есапқа алынбай қалған электр энергиясынан 4 840 000 сом қарызы пайда болған. Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер толық әмелге асырылмаған. Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 4 840 000 сом қарызын өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. Лекин, жуўапкер тәрепинен исти судта көриў барысында 4 800 000 сом төленгенлиги себепли, даўаны қысман қанаатландырыўға жатады. ЭПКниң 118-статьясының биринши, бесинши бөлимлерине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат еткеннен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый түрде қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 40 000 сом қарызын, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. 3 Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. *** есабынан «***» акционерлик жәмийети пайдасына 40 000 сом қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. *** есабынан Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов