Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1363 Дата решения 21.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c2bb5cc0-f0fa-4af8-9333-dc25acce3e03 Claim ID PDF Hash 27a6a5c941cd1c3e... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
судья З.Хасанова 4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 21 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер ХХХХХ, жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 20 майдаги 14-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында даўагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети акционери ХХХХХның жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен 12 330 862,50 сом акциялардың пулларын ҳәм төленген суд қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети акционери ХХХХХ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 12 330 862,50 сом акциялардың пулларын ҳәм төленген суд қәрежетлерин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер тәреп даўа талабын қоллапқуўатлады. Суд мәжлисинде қатнасқан жуўапкер тәреп даўа арзаны тән алмайтуғынлығын, даўа талабы тийкарсыз екенлигин билдирип, даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд, тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Анықланыўынша, "ХХХХХ" акционерлик жәмийети акционерлердиң 2022 жыл 27 январьдеги нәўбеттен тысқары улыўма жыйналысының қарары менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021 жыл 10 декабрьдеги 747-санлы "Пахта-тоқымашылық кластерлериниң жумысын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы қарары орынлаў ушын қабыл етилген. "ХХХХХ" акционерлик жәмийетине “Кегейли”, “ХХХХХ”, “Шымбай”, “Кеӊес” пахта таярлаӯ пунктлери жайласқан имаратлар ҳәм әсбап-үскенелер баҳалаў баҳасынан төмен болмаған ҳалда хатлаўдан өткерилип 5 жыл мүддетке бөлип төлеў шәрти менен шәртнама тийқарында «ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине, “Тахтакөпир”, «Шортанбай», «Қаракөл» ҳәм «Куралпа» пахта қабыл қылыў пунктлери жайласқан имаратлар ҳәм әсбап-үскенелер баҳалаў баҳасынан төмен болмаған ҳалда хатлаўдан өткерилип 5 жыл мүддетке бөлип төлеў шәрти менен шәртнама 1 тийкарында "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетине сатыўға рухсат берилген. Сондай-ақ, жәмийет тәрепинен акционерлердиң акцияларын қайта сатып алыў бойынша 1 дана акцияның баҳасы 57 537,50 сом болып белгиленген. Даўагер тәрепинен 2022 жыл 10 февральда 350 дана акциясын базар баҳада қайта сатып алыў бойынша жуўапкерге арза менен мүрәжат еткен. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2022 жыл 10 март күни өткерилген аудит нәтийжеси бойынша дүзилген есабатында "ХХХХХ" акционерлик жәмийетиниң барлық түрдеги мүлклери 2021 жыл 31 декабрь ҳалатындағы баланс көрсеткишлери тийкарында жәмиеттиң сап актив баҳасы 56 945 659 450 сом, соннан 10 проценти 5 694 565 945 сом қурайтугынлығы, акционерлик жәмиетиниң 2022 жыл 27 январьдағы жыйналыс қарарына тийкарланып 2022 жыл 31 декабрь күнине шекем 98971 дана акцияларды бир жыл даўамында қайтарып сатып алыў усыныс етилген, 2021 жыл 31 декабрь ҳалатына сап активлердиң 10% муғдарына мөлшерленген акцияларының санына пропорционал бөлинген ҳалда, арза берген акционерлерге тең муғдарда бөлинген ҳалда қайта сатып алыў усыныс етилген. "ХХХХХ" акционерлик жәмийети тәрепинен жәми 272 026 дана акцияның 36,4% болған (5 694 565 945 сом : 57 537,50 сом)= 98971 дана акция пулларынан – 113 891 267 сом (2% депозитарий ҳызмети ушын шегирген ҳалда)= 5 580 674 677 сом акция пуллары акционерлерге пропорционал түрде бөлинип, сатып алынған. Атап айтқанда, тәреплердиң өртасында 2022 жыл 29 апрельде дүзилген алды-сатты шәртнамасына муўапық даўагер тәрепинен 127 дана акциялары, ҳәр данасы 57 537,50 сомнан, жәми 7 307 263 сомга жуўапкерге сатылған ҳәм акциялардың баҳасы (2% депозитарий хызмети шегирген ҳалда) 7 161 118 сом төленип берилген. Даўагер судқа даўа арза менен мүрәжат етип, қалған 223 дана акция ушын 12 330 862,50 сомды өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы "Акционерлик жәмиетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамының 41статьясында жәмийет акционерлерди оларға тийисли акцияларды жәмийет тәрепинен қайта сатып алыныўын талап етиў ҳуқықының бар екенлиги, қайта сатып алыў баҳасы ҳәм қайта сатып алыўды әмелге асырыў тәртиби ҳаққында хабардар етиўи шәрт. Даўыс бериў нәтийжесинде усы Нызамға муўапық жәмийеттиң акцияларды қайта сатып алыўын талап етиў ҳуқықы жүзеге келиўи мүмкин болған мәселелер күн тәртибине киргизилген акционерлер улыўма жыйналысын өткериў ҳаққында акционерлерге жеткерилетуғын хабарда усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген мағлыўматлар болыўы керек. Акционерлердиң улыўма жыйналысында қатнасыў ҳуқықына ийе болмаған акционерлерде акциялардың жәмийет тәрепинен қайта сатып алыныўын талап 2 етиў ҳуқықы бар екенлиги ҳәм бундай ҳуқықты әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы мәлимлеме акциялардың жәмийет тәрепинен қайта сатып алыныўын талап етиў ҳуқықы жүзеге келиўине себеп болған қарар қабыл етилген күнинен баслап жети күннен кешиктирмей акционерлерге жибериледи. Акционердиң өзине тийисли акцияларды қайта сатып алыў ҳаққындағы жазба талабы акционердиң жасаў орны (жайласқан жери) ҳәм оның қайта сатып алыныўын талап етип атырған акциялар саны көрсетилген ҳалда жәмийетке жибериледи. Акционерлердиң өзлерине тийисли акцияларды жәмийет тәрепинен қайта сатып алыныўы ҳаққындағы жазба талаплары акционерлер улыўма жыйналысының тийисли қарары қабыл етилген күннен баслап отыз күннен кешикпей жәмийетке усынылыўы керек. Усы мүддет тамам болғаннан кейин жәмийет қайта сатып алыў талабын қойған акционерлерден акцияларды он күн ишинде қайта сатып алыўы шәрт. Жәмийет тәрепинен акцияларды қайта сатып алыў даўыс бериў нәтийжесинде усы Нызамға муўапық акциялардың жәмийет тәрепинен қайта сатып алыныўын талап етиў ҳуқықы жүзеге келиўи мүмкин болған мәселелер күн тәртибине киргизилген акционерлердиң улыўма жыйналысы өткерилиўи ҳаққындағы хабарда көрсетилген баҳа бойынша әмелге асырылады. Жәмийет тәрепинен акцияларды қайта сатып алыўға бағдарланатуғын қаржылардың улыўма муғдары акционерлерде өзлерине тийисли акцияларды қайта сатып алыўды талап етиў ҳуқықы жүзеге келиўине себеп болған қарар қабыл етилген сәнеде жәмиеттиң сап активлери баҳасының он процентинен артып кетиўи мүмкин емес, буннан жәмиеттиң өзгертилиўи жағдайлары буған кирмейди. Қайтып сатып алыў талабы қойылған акциялардың улыўма саны усы бөлимде белгиленген шеклеў есапқа алынған ҳалда жәмийет тәрепинен қайтып сатып алыныўы мүмкин болған акциялар санынан артып кеткен жағдайда акциялар акционерлерден қойылған талапларға пропорционал түрде қайтып сатып алынатуғынлығы белгиленген. Жуўапкер тәрепинен даўагерге пропорционал түрде 127-дана акциялар қайта сатып алынған ҳәм акция баҳасы төленип берилген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 386-статьясында алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) екинши тәрепке (сатып алыўшыға) товарды өз мүлки етип тапсырыў, ал сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгили муғдарда пул (баҳа) төлеў миннетлемесин алады. Қымбат баҳалы қағазлардың … алды-саттысына усы параграфта нәзерде тутылған қағыйдалар, егер нызамда оларды алдысаттының арнаўлы қағыйдалары белгиленбеген болса, қолланылатуғынлығы белгиленген. Тәреплердиң ортасында 223-дана акцияларды алды-сатты шәртнамасы дүзилмеген. 3 Демек, жуўапкерде даўагерге усы 223-дана акция ушын 12 330 862,50 сомды төлеў миннетлемеси жүзеге келмеген. Бул халатда, даўагердиң даўа талабы тийкарсыз ҳәм қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетлерин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 4