← Назад
Решение #2872990 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/890-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қоңырат районы
2025-жыл 21-октябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер
ўәкили З.Х*** (2025-жыл 28-январь күнги 40-02/15-санлы исеним хат)тың
қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
Палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы басқармасының даўагер «Ѳ***» АКБтиң мәпин қорғап, оның
пайдасына жуўапкер «D***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
15 151 516 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарыздарлығын ҳәм
21 233 797,91 сом мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған
даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер «Ѳ***»
АКБ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына
жуўапкер «D***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нен 15 151 516 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит
қарыздарлығын ҳәм 21 233 797,91 сом мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығын
өндириўди сораған.
Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы
себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты.
Жуўапкер суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди
ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады.
Истеги гибрид почта мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкерди суд
мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде
жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы кѳрсетилген мәнзилде
жоқлығы себепли оған тапсырылмаған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясы екинши
бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық, суд тәрепинен юридикалық
шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери (почта мәнзили),
пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы
мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында
байланыс мекемеси судты хабардар еткен болса, экономикалық суд ислерин
жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар қылынған
деп есапланады.
2
Сонлықтан, суд жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап, исти ЭПК
170-статьясының үшинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз
көриўди лазым тапты.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап,
жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелери турақлы
түрде бузылып келингенлигин, судқа даўа арза менен мүрәжат етилгеннен
кейин де жуўапкер тәрепинен қарыздарлық төлеп берилмегенлигин, бул
жағдайлар
судқа
усынылған
ҳүжжетлер
менен
толық
тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арзасын қанаатландырыўды
сорады.
Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги
ҳүжжетлерге
ҳуқықый
баҳа
берип,
даўа
арзаны
толық
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан
келип шыққан.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы
белгиленген.
ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер ортасында
2025-жыл 7-февраль күни дүзилген 293-санлы кредит шәртнамасына тийкар
банк хызметлери орайы тәрепинен жуўапкерге «BIZN S ST RT-U » өними
бойынша жыллық 31% бенен 36 ай мүддетке 125 000 000 сом муғдарында
кредит ажыратылып, шәртнама миннетлемелери толық орынланған.
Кредит шәртнамасының 1.1 ҳәм 4.2.1-бәнтлерине муўапық жуўапкер
кредитти ҳәм ол бойынша есапланған пайызларды усы шәртнамада
белгиленген мүддетлерде ҳәм муғдарда толық қайтарыў миннетлемелерин
алған.
Кредит шәртнамасының 2.6-бәнди ҳәм оған қосымша етилген графикке
тийкар жуўапкер кредит ҳәм оған есапланылған пайызларды ҳәр айдың
5-сәнесинде тѳлеп барыўы лазым болған.
3
ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм
нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт
деп көрсетилген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы шәртлери турақлы
түрде бузылып келинген ҳәм нәтийжеде 2025-жыл 12-сентябрь күнине оның
даўагер алдында 125 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, соннан 15 151 516
сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 21 233 797,91 сом мүддети
ѳткен пайыз бойынша, жәми 146 233 797,91 сом қарыздарлығы пайда болған.
Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
«Ө***» АКБ Қарақалпақстан регионаллық филиалының 2025-жыл 21октябрь күнги 63-3-25-63/1816-санлы мағлыўматнамасына қарағанда,
жуўапкер тәрепинен бүгинги күнги ҳалатқа 125 000 000 сом тийкарғы кредит
қарызы, соннан 18 939 395 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм
23 976 425,79 сом мүддети ѳткен пайыз бойынша, жәми 148 976 425,79 сом
қарыздарлығы бүгинги күнге дейин тѳленбеген.
Сол себепли суд даўа талапларынан шетке шықпаған ҳалда даўа арзаны
толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 15 151 516
сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарыздарлығын ҳәм 21 233 797,91 сом
мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығын өндириўди лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясы биринши ҳәм екинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 15-сентябрь күни
автоматик рәўиште қәлиплестирилген 252587979994-инвойс рақамлы
квитанция менен 41 200 сом почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 727 706,28 сом
4
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер «D***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
«Ѳ***» АКБтиң пайдасына 15 151 516 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит
қарыздарлығы, 21 233 797,91 сом мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығы ҳәм
41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «D***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
республика бюджетине 727 706,28 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Қ.О.Хожамуратов