← Назад
Решение #2873210 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1984-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 21-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкиллери ***, адвокат *** (2025-жыл 14-октябрь күнги 5-санлы исеним хат,
2025-жыл 14-октябрь күнги 19-санлы ордер тийкарында)лардың қатнасыўында,
даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер "***"
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 18 500 000 сом қарыздарлықты
ѳндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат
етип, жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 18 500 000 сом қарыздарлықты
өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкиллери даўа талабын қоллап-қуўатлап,
тәреплер ортасында шәртнама дүзилгенлигин, шәртнама бойынша жуўапкер
гранд ҳүжжетлерин таярлап бериў хызметин көрсетиўи кереклигин, лекин
жуўапкер тәрепинен усы күнге шекем хызметлер көрсетилмегенлигин,
шәртнама бойынша хызмет көрсетиў мүддети тамамланғанлығын билдирип,
даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисиниң болып өтетуғын орны ҳәм ўақты ҳаққында
тийисли тәртипте хабарланған болыўына қарамастан суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар исти жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап
ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип,
төмендегилерге тийкар даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 703-статьясының биринши бөлимине муўапық, ҳақы есесине
хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының
тапсырмасы менен затлық формада болмаған хызметти орынлаў (мәлим бир
ҳәрекетлерди ислеў яки мәлим искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса
ҳақы төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 236-статьясына көре, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм
нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт.
2
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 30-январь
күни 4-санлы баҳасы 18 500 000 сомлық шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.1бәнтине муўапық, жуўапкер консалтинг хызметин көрсетиў миннетлемесин,
даўагер ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Сондай-ақ, шәртнаманың 4.1бәнтине тийкар, даўагер 100% төлемди 2025-жыл 31-январға шекем өткериўи
лазым болып, даўагер жуўапкерге 2025-жыл 31-январь күни 18 500 000 сом
қаржы өткерген.
Шәртнаманың 3.2-бәнтине тийкар, жуўапкер пул төленгеннен кейин 10
жумыс күни ишинде хызмет көрсетиўи тийис болған. Лекин, жуўапкер
тәрепинен даўагерге хызмет көрсетилгенлиги ис ҳүжжетлери менен
тастыйықланбайды. Нәтийжеде, жуўапкер даўагер алдында 18 500 000 сом
қарыз болған.
Даўагердиң 2025-жыл 9-июнь күнги 8-санлы талапнамасы жуўапкерге
жиберилген болса да, жуўапкер тәрепинен төлем қайтып берилмеген.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкер есабынан 18 500 000 сом
қарыздарлықты өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўагердиң даўа талабын
қанаатландырыўды, жуўапкер есабынан даўагер пайдасына 18 500 000 сом
қарыздарлықты, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта
қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
"***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына 18 500 000 сом
қарыздарлық, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши
қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов