Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2038 Дата решения 21.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b7521b46-795c-4676-b174-b8434e7f409d Claim ID PDF Hash 69e4103510fe21d5... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2038-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 21-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Ташкент қаласы басқармасы (кейин-палата) даўагер “**” АЖниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис районы «**» жеке исбилермен есабынан 11 423 426,72 сомды суброгация тәртибинде, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Палата даўагер “**” АЖниң мәпинде жуўапкер «**» жеке исбилермен есабынан 11 423 426,72 сомды суброгация тәртибинде, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 10-октябрь күнги уйғарыўы менен Өзбекстан Республикасы “**” акционерлик-коммерциялық банк даўа предметине өз алдына талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Усынылған даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған. Сонлықтан, суд исти палата ўǝкилиниӊ қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Суд мәжилисине даўагер келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Даўагердиң ис материлларына қосқан илтимаснамасында исти жәмийет ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған. Жуўапкер ҳәм үшинши шахс ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 318-статьясы 4-бәнтинде қамсызландырыў жағдайы басланыўы ушын жуўапкер болған қарыздарға қарата кредитор ҳуқықларының қамсызландырыў қылыўшыға суброгация (өтиўи) нәтийжесинде кредитордың миннетлеме бойынша ҳуқықлары басқа шахсқа өтеди деп белгиленген. Истеги хүжжетлерге қарағанда, жуўапкер ҳәм Өзбекстан Республикасы “**” акционерлик-коммерциялық банк Нөкис филиалы орталарында 2024жыл 16-апрель күни дүзилген 165/KBD/133-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк 60-ай мүддетке жыллық 13% ставкада 9 670 АҚШ доллары муғдарында кредит ажыратқан. Ажыратылған кредит қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде, банк ҳәм истеги даўагер орталарында 2024-жыл 16-апрель күни 0400/1467-1/1/1356904санлы дүзилген шәртнамаға тийкар кредит қайтпаслығы қәўипи қамсызландырылған. Бул шәртнаманың ажралмас бөлеги болған қағыйда шәртлеринде кредит қаржыларының қайтарылмаслық жағдайы қамсызландырыў ҳәдийсеси есапланады деп белгиленген. Иске қосылған 2025-жыл 30-май күнги 2189-санлы банк төлем тапсырықнамасында даўагер тәрепинен 11 423 426,72 сом кредит қарызлары бойынша қамсызландырыў төлеми сыпатында төленгени тастыйқланады. Жуўапкер тәрепинен төленген пулларды даўагерге қайтарып төлеп бермегенлиги себепли усы даўа келип шыққан. ПК 915-статьясы биринши бөлимине көре, мүлкий қамсызландырыў шәртнамасына муўапық бир тәреп (қамсызландырыўшы) шәртнамада шәртлесилген ҳақ (қамсызландырыў сыйлық) есесине шәртнамада нәзерде тутылған ўақыя (қамсызландырыў ҳәдийсеси) болғанда, басқа тәрепке (қамсызландырыў қылдырыўшыға) яки шәртнама қайсы шахстың пайдасына дүзилген болса, усы шахсқа (пайда алыўшыға) бул ҳәдийсе ақыбетинде қамсызландырылған мүлкке келтирилген зынды ямаса қамсызландырыўшының басқа мүлкий мәплери менен байланыслы зыянды шәртнамада белгиленген сумма (қамсызландырыў пулы) шегарасында төлеў (қамсызландырыў қапламын төлеў) мәжбуриятын алады. ПК 957-статьясы биринши бөлимине көре, егер мүлкий қамсызландырыў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қамсызландырыўшы (пайда алыўшы)ның қамсызландырыў нәтийжесинде қапланған зыян ушын жуўапкер шахстан талап қылыў ҳуқықы төленген сумма шегарасында қамсызландырыў қапламын төлеген шахсқа өтеди. Бул жағдайда, кредит шәртнамасына тийкар қайтарылмаған кредит қаржысы даўагер тәрепинен төленгенлиги себепли төленген пулларды жуўапкерден өндириў талабы тийкарлы табылады. Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 11 423 426,72 сом, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. Нөкис районы «**» жеке исбилермен есабынан Ташкент қаласы “**” АЖниң пайдасына 11 423 426,72 сом суброгация тәртибинде, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «**» жеке исбилермен есабынан мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов