← Назад
Решение #2873519 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1402-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025-жыл 20-октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
Б.Т.Бекмуратов басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтың
хаткерлигинде,
даўагер
ўәкили
юрисконсульт
ХХХ
(2025-жыл
02-апрель күнги ЖЕ-02-06/590-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, даўагер
«ХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги
шекленген жәмийетинен 94 514 909,78 сом тийкарғы қарызын ҳәм
28 109 864,76 сом пеняны өндириўди сораған даўа арзасын судтың өз
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «ХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер
деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 94 514 909,78 сом тийкарғы қарызын
ҳәм 28 109 864,76 сом пеняны өндириўди сораған.
Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуўапкердиң қарызы даўа арзаға қосымша етилген ҳүжжетлер
менен тастыйықланатуғынлығын, сол себепли даўа арзаны толық
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал
кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм
170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд исте қатнасқан даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап,
истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте
– ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы
тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына
тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Истеги
ҳүжжетлерден
анықланыўынша,
тәреплер
ортасында
2024-жыл 19-февраль күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық
«кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электрэнергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса
пайдаланған электр энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин
алған.
Шәртнамаға муўапық тутыныўшы менен кәрхана ортасындағы ѳз-ара
есап-китаплар ушын есап-китап дәўири бир айды қурайтуғынлығы
көрсетилген ҳәм тутыныўшыға ѳзиниң пайдаланған электр энергиясы ушын
ѳз ўақтында есап-китап қылып барыў миннетлемеси жүклетилген.
ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Жуўапкер шәртнама миннетлемесин лазым дарежеде орынламағанлығы
себепли 2025-жыл 01-сентябрь жағдайына оның 94 514 909,78 сом тийкарғы
қарызы ҳәм ҳәм 28 109 864,76 сом пеня жүзеге келген ҳәм бул
қарыздарлықлар бүгинги күнге дейин төленбеген.
Бул жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти, электр тармағынан
өшириў дәлалатнамасы, талапнама, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер
менен тастыйықланады.
Сонлықтан, суд тийкарғы қарызын өндириў бөлегин 94 514 909,78 сомға
толық қанаатландырыўды лазым тапты.
Соның менен бирге, суд даўагердиң жуўапкерден 28 109 864,76 сом
пеня ѳндириў ҳаққындағы талабы да тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап
қылынған деп есаплайды.
Тәреплер орталарында дүзилген шәртнамада, есап-китап айынан
кейинги календар ай тамамланғаннан соң қарыздарлықты төлеў мүддети өткен
деп есапланады ҳәм тѳлем мүддети өткен ҳәр бир күн ушын “Тутыныўшы”ға
төлем мүддети өткен суммасының 0,1 пайызы муғдарында, электр эенргиясы
арнаўлы тәртипте жеткерип берилетуғын кәрханалар ушын болса 0,2 пайызы
муғдарында пеня есаплап жазылады. Бунда пеняның улыўма муғдары,
мүддети өткен төлемниң 50 пайызынан аспаўы лазым.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым
дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги
көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери
тәсир кѳрсететуғынлығын итибарға алып, өндирилиўи тийис болған
28 109 864,76 сом пеняны 30 пайызға, яғный 8 432 959,43 сомға
қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым
тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы
талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде
белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген
болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда
ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд
қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл
28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 2 452 495,50 сом
мәмлекетлик бажы, даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди
лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
«ХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына 94 514 909,78 сом тийкарғы қарыз,
8 432 959,43 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
республика
бюджетине
2 452 495,50 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Т.Бекмуратов