Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1962 Дата решения 20.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID bd11472e-9f03-4278-9e0b-9b2d9c2b828c Claim ID PDF Hash eca348270fcacd8a... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1962-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 20-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси **, даўагер ўәкиллери **, ** (2025-жыл 25-март күнги 49-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер “**” ЖШЖниң жуўапкер **нен 95 809 176,49 сом қарыз, 11 497 080 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер “**” ЖШЖти экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер **нен 95 809 176,49 сом қарыз, 11 497 080 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 26-сентябрь күнги уйгарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс финанс министрлиги, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы ҳәмде ** даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкиллери даўа арзадағы қарыз өндириў талабы тийкарлы екенлигин билдирип, даўаның пеня өндириў талабынан ўаз кешетуғыны ҳаққындағы арзасын усынды. Прокурор суд мәжилисинде даўа арза талапларын қысман қанаатландырыў лазым екени ҳаққындағы пикирин билдирди. Жуўапкер ҳәм үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд жуўапкер, үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкиллериниң түсиниклерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, даўа арза талапларын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Анықланыўынша, истеги жуўапкер юридикалық шахс екенлиги иске қосылған ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 31январь күни ыссы суў көринисиндеги ыссылық энергиясынан пайдаланыў ҳаққындағы 05-санлы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар даўагер ыссы суў көринисиндеги ыссылық энергиясын жеткизип бериў, ал жуўапкер болса ҳақысын төлеў миннетлемелерин алған. Шәртнаманың 1.3бәнтинде бюджет қаржылары есабынан шәртнаманың улыўма баҳасы 9 998 016 сом муғдарында белгиленген. Шәртнаманың 3.12-бәнтинде пайдаланған ыссылық энергиясының 1-Гкал ушын 240 800 сом тариф бойынша төлемлердиң амелге асырылыўы нәзерде тутылған. Тийкарғы болған 05-санлы шәртнамаға тәреплер 2025-жыл 27-февраль күни 1-санлы ҳәм 2025-жыл 27-март күни 2-санлы қосымша келисимлер дүзип, шәртнамасы суммасына өзгерислер кириткен. 05-санлы шәртнама Ғазнашылық бөлиминде дизимге алынған. Бирақ 1,2санлы қосымша келисимлердиң Ғазнашылық бөлиминде дизимге алынғаны ҳаққындағы мағлыўматлар ис материалларына қосылмаған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Тәреплер орталарындағы электрон есапбет-фактураларда 104 868 400 сомлық ыссылық энергиясының жеткизилгени тастыйықланады. Сондай-ақ, еки тәреп тастыйықлаған салыстырыў актинде 95 809 176,49 сом қарызын жуўапкер тән алған. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы ҳәм хат-мүрәжаты бойынша төлемлер әмелге асырылмаған яғный қарыз сөндирилмеген. Сонлықтан даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Усы Кодекстиң 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. Шәртнаманың 5.3-бәнтине муўапық, кешиктирилген сумманың 0.5% есабынан бирақ қарыздын 50% аспаған жағдайда жәми 11 497 080 сом пеня талап қылынған. Бирақ суд мәжилисинде усынылған даўагердиң арзасында талап қылынған пенядан ўаз кешилген. ЭПК 110-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер даўасынан ўаз кешген ҳәм суд оны қабыл қылған болса, ис жүритиў қысқартылады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының 13-бәнтинде даўагер даўасынан қысман яки толық ўаз кешиўге ҳақылы екенлиги бойынша түсиник берилген. Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып даўагердиң даўа арзадағы жәрийма талабынан толық ўаз кешкенин қабыл қылыўды мақул табады. Солай етип, суд даўа арза талапларын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 95 809 176,49 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясы жетинши бөлимине тийкар, мәмлекетлик бажы тәреплерден пропорционал тәртипте өндирилиўи лазым. Қанаатландырылған сумма есабынан яғный, 1 916 183,53 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде ўаз кешилген суммадан 229 941,80 сом мәмлекетлик бажы даўагерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын. **нен “**” ЖШЖниң пайдасына 95 809 176,49 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўаның пеня өндириў талабынан ўаз кешилгени қабыл етилсин. **нен мәмлекет бюджетине 1 916 183,53 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. “**” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 229 941,80 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов