← Назад
Решение #2874806 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1364-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025-жыл 20-октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
Б.Т.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили юрист мәслаҳатши ХХХ (2025-жыл
03-январь күнги 03-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ «ХХХ»
акционерлик жәмийети мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасынан
кредит бойынша 373 888 890 сом тийкарғы қарызын ҳәм 48 837 176 сом пайыз
қарызын даўагер пайдасына өндириўди, жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасы
ҳәм шерик жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығына тийисли гиреўдеги көшпес
мүлклерге қаратыў сораған даўа арзасын өз имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – ССП деп жүритиледи) «ХХХ»
акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи)
мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ»
жеке кәрханасы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен кредит
бойынша 373 888 890 сом тийкарғы қарызын ҳәм 48 837 176 сом пайыз
қарызын даўагер пайдасына өндириўди, жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасы
ҳәм шерик жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығына тийисли гиреўдеги көшпес
мүлклерге қаратыўды сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғанлығын,
график бойынша қарызларын ѳз ўақтында тѳлемегенлигин, бүгинги күнгеде
қарызы қайтарылмағанын, бул қарыздарлықлары судқа усынылған ҳүжжетлер
менен толық тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арзаны толық
қанаатландырыўды сорады.
ССП ҳәм жуўапкер ҳәм шерик жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине
келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде ССП, жуўапкер ҳәм шерик жуўапкердиң суд
мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын
тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан
Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте –
ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына муўапық олардың
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд исте қатнасқан даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап,
истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2023-жыл
05-май күни дүзилген КД-Ю-01139-23-119-санлы кредит шәртнамасына
тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 23,99% бенен 3 (үш) жыл
мүддетке 1 000 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз
шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши
(юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп
барыў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 09-сентябрь ҳалатына
373 888 890 сом тийкарғы қарызы ҳәм 48 837 176 сом пайыз қарыздарлығы
пайда болған.
Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 20-октябрь ҳалатына усынылған
мағлыўматнамаға тийкар жуўапкерге 373 888 889 сом тийкарғы қарызы ҳәм
60 947 014,95 сом пайыз қарыздарлығы есапланып, кредит бойынша бул
қарыздарлықлары усы күнге шекем төленбеген.
Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд кредит бойынша тийкарғы қарыздарлығын
373 888 889,06 сомға ҳәм пайыз қарыздарлығын 48 837 176 сомға қысман
қанаатландырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, гиреў шәртнамасына муўапық кредиттиң ўақтында
қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасына
ҳәм «ХХХ» фермер хожалығына тийисли болған мал-мүлклери гиреўге
қойылғанлығы белгиленген.
Сол себепли тәреплер ортасында гиреў шәртнамасы дүзилип, бул
шәртнамаға тийкар жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасына қурылысы
питкерилген жеке тәртиптеги турақ жайды пайдаланыўға қабыл қылыўдың
2023-жыл 31-март күнги 74585580-саны менен дизимнен өткен рухсатнамасы
ҳәм бул рухсатнама көшпес мүлк объектине болған ҳуқықларды мәмлекетлик
дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы мәмлекетлик реестринен 2023-жыл 11апрель күни 1735212/R-A8743453-саны менен мәмлекетлик дизимнен өтип
23:04:06:01:11:0036-санлы кадастр рақамына тийкар тийисли гиреўдеги ХХХ
районы, ХХХ АПЖ, ХХХ көшеси, 71-жайда жайласқан, жер участкасы
майданы 7500 кв.метр, қурылыс асты майданы 3391,59 кв.метр, улыўма
майданы 3391,59 кв.метр, пайдалы майданы 271,64 кв.метр, инвентар баҳасы
425 401 000 сом, 1 062 500 сомға баҳаланған турақ емес имәраты ҳәм шерик
жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығына ХХХ районы ҳәкиминиң 2018-жыл 18февраль күнги 138-02-санлы қарары ҳәм бул қарар көшпес мүлк объектине
болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы
мәмлекетлик реестринен 2023-жыл 30-январь күни 1735212/R-A3506373-саны
менен мәмлекетлик дизимнен өтип 23:04:07:01:18:0009-санлы кадастр
рақамына тийкар тийисли гиреўдеги ХХХ районы, ХХХ АПЖ, ХХХ көшеси,
42-жайда жайласқан, жер участкасы майданы 10000 кв.метр, қурылыс асты
майданы 3466,32 кв.метр, улыўма майданы 3224,23 кв.метр, соның ишинде
пайдалы майданы 3224,23 кв.метр, инвентар баҳасы 295 631 448 сом,
93 750 000 сомға баҳаланған турақ емес имәрат ҳәмде ХХХ районы ҳәкиминиң
2018-жыл 12-февраль күнги 138/1-02-санлы қарары ҳәм бул қарар көшпес
мүлк объектине болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги
ҳаққындағы мәмлекетлик реестринен 2023-жыл 30-январь күни 1735212/RA3506361-саны менен мәмлекетлик дизимнен өтип 23:04:06:01:34:0127-санлы
кадастр рақамына тийкар тийисли гиреўдеги ХХХ районы, ХХХ АПЖ, ХХХ
көшеси, 09-жайда жайласқан, жер участкасы майданы 10000 кв.метр, қурылыс
асты майданы 403 кв.метр, улыўма майданы 360 кв.метр, пайдалы майданы
360 кв.метр, инвентар баҳасы 219 559 586 сом, 93 750 000 сомға баҳаланған
турақ емес имәраты мал-мүлки жерден пайдаланыў ҳуқықы менен гиреўге
қойылған.
ПКниң 279-статьясына ҳәм ϴзбекстан Республикасының «Ипотека
ҳаққында»ғы Нызамы 36-статьясының биринши бѳлимине муўапық ипотекаға
алыўшы ипотека менен тәмийинленген миннетлемениң орынланбағанлығы
яки лазым дәрежеде орынланбағанлығы, атап айтқанда, карыз суммасы
тѳленбегенлиги ямаса ѳз ўақтында, толық яки қысман тѳленбегенлиги
нәтийжесинде жүзеге келген, усы Нызамның 7-статьясында нәзерде тутылған
талапларды ипотека ҳаққындағы шәртнама бойынша гиреўге қойылған малмүлк есабынан қанаатландырыў ушын ѳндириўди, егер шәртнамада басқаша
тәртип нәзерде тутылмаған болса, сол мал-мүлкке қаратыўға ҳақылы.
ПКниң 48-статьясы биринши бөлимине муӯапық юридикалық шахс өз
миннетлемелери бойынша өзине қараслы пүтин мал-мулки менен жуӯап
береди.
Сонлықтан, даўагердиң қарыздарлықты өндириўди гиреўдеги мүлкке
қаратыў ҳаққындағы талабы да қанаатландырыўға жатады.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл
28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл
02-июндеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын
асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан
баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 8 454 521,32 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
ѳдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасынан «ХХХ» акционерлик жәмийети
пайдасына 373 888 889,06 сом тийкарғы қарызы ҳәм 48 837 176 сом пайыз
қарызы өндирилсин.
Өндириў жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасына қурылысы питкерилген
жеке тәртиптеги турақ жайды пайдаланыўға қабыл қылыўдың 2023-жыл 31март күнги 74585580-саны менен дизимнен өткен рухсатнамасы ҳәм бул
рухсатнама көшпес мүлк объектине болған ҳуқықларды мәмлекетлик
дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы мәмлекетлик реестринен 2023-жыл 11апрель күни 1735212/R-A8743453-саны менен мәмлекетлик дизимнен өтип
23:04:06:01:11:0036-санлы кадастр рақамына тийкар тийисли гиреўдеги ХХХ
районы, ХХХ АПЖ, ХХХ көшеси, 71-жайда жайласқан, жер участкасы
майданы 7500 кв.метр, қурылыс асты майданы 3391,59 кв.метр, улыўма
майданы 3391,59 кв.метр, пайдалы майданы 271,64 кв.метр, инвентар баҳасы
425 401 000 сом, 1 062 500 сомға баҳаланған турақ емес имәраты ҳәм шерик
жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығына ХХХ районы ҳәкиминиң 2018-жыл 18февраль күнги 138-02-санлы қарары ҳәм бул қарар көшпес мүлк объектине
болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы
мәмлекетлик реестринен 2023-жыл 30-январь күни 1735212/R-A3506373-саны
менен мәмлекетлик дизимнен өтип 23:04:07:01:18:0009-санлы кадастр
рақамына тийкар тийисли гиреўдеги ХХХ районы, ХХХ АПЖ, ХХХ көшеси,
42-жайда жайласқан, жер участкасы майданы 10000 кв.метр, қурылыс асты
майданы 3466,32 кв.метр, улыўма майданы 3224,23 кв.метр, соның ишинде
пайдалы майданы 3224,23 кв.метр, инвентар баҳасы 295 631 448 сом,
93 750 000 сомға баҳаланған турақ емес имәрат ҳәмде ХХХ районы ҳәкиминиң
2018-жыл 12-февраль күнги 138/1-02-санлы қарары ҳәм бул қарар көшпес
мүлк объектине болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги
ҳаққындағы мәмлекетлик реестринен 2023-жыл 30-январь күни 1735212/RA3506361-саны менен мәмлекетлик дизимнен өтип 23:04:06:01:34:0127-санлы
кадастр рақамына тийкар тийисли гиреўдеги ХХХ районы, ХХХ АПЖ, ХХХ
көшеси, 09-жайда жайласқан, жер участкасы майданы 10000 кв.метр, қурылыс
асты майданы 403 кв.метр, улыўма майданы 360 кв.метр, пайдалы майданы
360 кв.метр, инвентар баҳасы 219 559 586 сом, 93 750 000 сомға баҳаланған
турақ емес имәраты мал-мүлклерине қаратылсын.
Даўаның қалған тәрепи қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасынан «ХХХ» акционерлик жәмийети
пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» жеке кәрханасынан республика бюджетине 8 454
521,32 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Т.Бекмуратов