Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2401/1231 Дата решения 20.10.2025 Инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8ee88df3-3744-4d2e-8002-a7dfbb531a52 Claim ID PDF Hash 693093ad71a66675... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****-санлы ис Биринши инстанциясудындаисти көрген судья**** Кассацияинстанциясудындабаянатшы судья**** Ревизия инстанциясудындабаянатшы судья **** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ РЕВИЗИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы ****5жыл20 октябрь **** Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы****ңбасшылығында, коллегия ағзаларысудьялар ****ҳәм ****ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси **** тың хаткерлигинде, даўагер ўәкили – өндириў орайы менеджери **** (**** жыл 3 март күнги ****-санлы исеним хат тийкарында), шерик жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети ўәкили – жәмийет баслығы **** ҳәм адвокат **** (**** жыл 6 март күнги 6-санлы ордер тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат Палатасы **** Республикасы басқармасы даўагер “****” АКБниң мәпинде, жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ****.****,59 АКШ доллары тийкарғы кредит, ****.****,64 **** доллары мүддети өткен тийкарғы кредит, 12.****,52 **** доллары әмелдеги пайыз ҳәм ****.****,05 **** доллары мүддети өткен пайыз қарыздарлығын жуўапкер ҳәм шерик жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте өндириўди, өндириўди жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерлердиң гиреўге қойылған мал-мүлклерине қаратыўды сораған даўа арзасы бойынша қабыл етилген Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 2 август күнги шешиўши қарарына ҳәм**** Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы кассация инстанциясының **** жыл 17 апрель күнги қарарына наразы болып даўагер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген ревизиялық тәртибиндеги шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге **** Республикасы судының имаратында,ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы **** басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “****” АКБ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судына даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәмде шерик жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте шерик жуўапкер деп жүритиледи)нен ****.****,59 АКШ доллары тийкарғы кредит, ****.****,64 **** доллары мүддети өткен тийкарғы кредит, 6.****,17 **** доллары әмелдеги пайыз ҳәм ****.****,50 **** доллары мүддети өткен пайыз қарыздарлығын жуўапкер ҳәм шерик жуўапкерден солидар тәртипте 2 өндириўди, өндириўди жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерлердиң гиреўге қойылған мал-мүлклерине қаратыўды сораған. Палата даўагер мәпинде биринши инстанция судына қосымша даўа арзасы менен мүрәжат етип, даўа муғдарын көбейтиўди ҳәмде жуўапкер ҳәм шерик жуўапкерден солидар тәртипте ****.****,59 АКШ доллары тийкарғы кредит, ****.****,64 **** доллары мүддети өткен тийкарғы кредит, 12.****,52 **** доллары әмелдеги пайыз ҳәм ****.****,05 **** доллары мүддети өткен пайыз қарыздарлығын өндириўди, өндириўди жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерлердиң гиреўге қойылған мал-мүлклерине қаратыўды сораған. Биринши инстанция судының **** жыл 2 август күнги уйғарыўы менен қосымша даўа арза өндириске қабыл қылынған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 2 август күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырылып, жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерден даўагер пайдасына солидар тәртипте ****.****,59 АКШ доллары тийкарғы кредит, ****.****,64 **** доллары мүддети өткен тийкарғы кредит, 12.****,52 **** доллары әмелдеги пайыз ҳәм ****.****,05 **** доллары мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндирилип, өндириў жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкердиң гиреўге қойылған мал-мүлклерине қаратылған. Биринши инстанция судының шешиўши қарарына наразы болып даўагер кассациялық шағым берген. **** Республикасы суды экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясыкассацияинстанциясының **** жыл17 апрелькүнги қарары менен биринши инстанциясудының шешиўши қарарықысман бийкар етилип, жаңа қарар қабыл қылынған.Даўаның өндириўди шерик жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли болған, гиреўге қойылған, Нөкис қаласы, **** көшеси 1-жайда жайласқан жәми 13 имараттан ибарат болған имаратлар комплексине қаратыўды сораған талабы қанаатландырыўсыз қалдырылған. Даўагер судтың қарарларынанаразы болыпревизиялықшағымын бергенҳәм шағымындашерик жуўапкерди солидар жуўапкершиликтен азат етип, өндириўди тек ғана жуўапкердиң гиреўге қойлыған мал-мүлклерине қаратыўды, судтың қарарларын бийкар етиўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили ревизиялық шығымдықанаатландырыўсыз қалдырыўдысорады. Суд мәжилисинде қатнасқаншерикжуўапкерҳәм ўәкили адвокатревизиялық шығымда келтирилген ўәжлерин қоллап-қуўатлап қанаатландырыўды сорады. Палата ҳәм жуўапкер суд мәжилисиниң **** ҳәм орны **** тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжилисине ўәкилиниң қатнасыўынтәмийинлемеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүргизиледи)ниң ****-статьясы биринши бөлимине муўапық, ревизия тәртибинде шағым (протест) берген шахс, сондай-****, исте қатнасыўшы шахслар исти көриў **** ҳәм орны **** усы Кодекстиң 3 ****-статьясында нәзерде тутылған тәртипте хабардар қылынады.Суд додалаўын өткериў **** ҳәм орны **** тийисли тәризде хабардар қылынған усы шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы истиПалата ҳәм жуўапкер ўәкилиниңқатнасыўысызкөрип шығыўдылазым тапты. Судлаў коллегиясы тәреплердиң түсиниклерин, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарбиринши инстанция судынын шешиўши қарарын қысман бийкар етиўди, кассация инстанция судының қарарын өзгертиўди, ревизиялық шағымды қанаатландырыўды лазым табады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәмде жуўапкер ортасында **** жыл 11 ноябрь күни 45-санлы кредит шәртнамасы дүзилген.Шәртнаманың шәртлерине муўапық даўагер жуўапкерге жыллық 12 пайыз муғдарында пайыз төлеў шәрти менен 5 жыл мүддетке, күнгебағар майын ислеп шығарыў технологиялық линиясын сатып алыў ушын 1.****.**** АКШ доллары муғдарындағы кредит қаржысы ****. Кредиттиң өз **** қайтарылыўының тәмийнаты сыпатында даўагер, жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерлер орталарында **** жыл 11 ноябрь күни дүзилген кепиллик шәртнамасына тийкар шерик жуўапкердиң 1.****.**** **** доллар муғдарындағы кепиллиги қойылған. Буннан тысқары, өз **** қайтарылыўының тәмийнаты сыпатында: - **** жыл 30 декабрь күни дүзилген ипотека шәртнамасына тийкар, жуўапкерге тийисли болған, 9.****.****.**** сомға баҳаланған, **** районы, Жайхун МПЖ, **** көшеси, 5А-жайда жайласқан жәми 13 имараттан ибарат болған май ислеп шығарыў комплекси; - **** жыл 10 март күни дүзилген гиреў шәртнамасына тийкар, жуўапкерге тийисли болған, 6.****.****.**** сомға баҳаланған, Қытай Республикасынан алып келинген май ислеп шығарыў үскенелери; - **** жыл 11 ноябрь күни дүзилген ипотека шәртнамасына тийкар, шерик жуўапкерге тийисли болған, 12.****.****.**** сомға баҳаланған, Нөкис қаласы, **** көшеси 1-жайда жайласқан жәми 13 имараттан ибарат болған комплекс гиреўге қойылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң ****-статьясына тийкар, кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - **** яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў миннетлемесин алады ****, жуўапкер **** кредит қаржысын өз **** қайтармастан, кредит шәртнамасы шәртлерин бузған. Нәтийжеде, жуўапкердиң даўагер алдында ****.****,59 АКШ доллары тийкарғы кредит, ****.****,64 **** доллары мүддети өткен тийкарғы кредит, 12.****,52 **** доллары әмелдеги пайыз ҳәм ****.****,05 **** доллары 4 мүддети өткен пайыз қарыздарлығы жүзеге келген болып, Палата даўагер мәпинде кириткен даўа арзасында усы қарыздарлықты солидар тәртипте өндириўди ҳәм өндириўди гиреўге қойылған жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерге тийисли болған мүлклерге қаратыўды сораған. ПК ****-статьясының екинши бөлимине муўапық, егер қарыз шәртнамасында қарызды бөлип-бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың гезектеги бөлегин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың қалған барлық суммасын тийисли процентлер менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ****. ПКниң ****-статьясына муўапық, гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийинленген миннетлемени өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда гиреўге қойылған мал-мүлкке қаратыў мүмкин. ПКниң ****-статьясына тийкар, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўапкер болады. Жоқарыдағылардан келип шығып, кассация инстанция суды биринши инстанция судыныңөндириўди жуўапкер ҳәмде шерик жуўапкерге тийисли болған барлық гиреў мүлклерине қаратыў ****ғы шешиўши қарарды қысман бикарлап дурыс шешимге келген деп есаплайды. Себеби, даўагер жуўапкерден жәми ****.****,8 **** доллары кредит қарыздарлығын өндириўди сораған.Даўа арза судқа кирим қылынған күндеги 1 **** долларының сомға қарата курсы 12.****,20 сомды қураған, яғный (****.****,8*12.****,20=) 9.****.****.****,16 сомды қурайды, ал жуўапкерге ҳәмде шерик жуўапкерге тийисли болған гиреўге қойылған мүлклер жәми (9.****.****.****+6.****.****.****+12.****.****.****=) 28.****.****.**** сомнан ибарат.Бул жағдайда, жуўапкер тәрепинен гиреўге қойылған (9.****.****.****+6.****.****.****=) 16.****.****.**** сомлық мүлклер даўагер алдындағы кредит қарыздарлығын толығы менен қаплаўға жетерли есапланады. Соның менен бирге, жуўапкер ****-санлы экономикалық ис жүзесинен Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 16 август күнги шешиўши қарары менен төлеўге қәбилетсиз деп табылып сапластырыў өндириси ашылған ҳәм сапластырыў басқарыўшы етип **** тайынланған.Сапластырыў өндириси даўамында жуўапкерге тийисли болған, гиреўге қойылған 44 атамадағы мүлклер (имарат ҳәмде үскенелер) жәми 35.****.****.****,4 сомға баҳаланған ҳәмде аукцион арқалы реализация қылыў **** сатыўға шығарылған. ****, биринши инстанция суды ҳәм кассация инстация суды шерик жуўапкерден солидар тәртипте өндириў**** асығыс шешимге келген. Кредит шәртнамасының қайтымын тәмийинлеў ****тәреплерортасында**** жыл 11 ноябрь күни кепиллик шәртнамасы дүзилип, кепил тийкарғы қарыз ҳәм пайыз бенен бирге жәми **** **** доллар 5 муғдарында кредитор **** алдында кепиллик миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының мүддетлери **** жыл 3 декабрь күни, **** жыл 27 март күни, **** жыл 27 октябрь күни, **** жыл 12 май күни, **** жыл 28 апрель күни жәми 5 (бес) мәрте узайтырылған. Кепиллик шәртнамасының 1.1.-бәнтине муўапық кепил қарыздар жүзеге келиўи мүмкин болған миннетлемелериниң орынланыўы бойынша кредитор алдында **** алыныўы мүмкин болмаған түрде ҳәм сөзсиз жуўап бериў миннетлемесин өз мойнына алған, кепиллик шәртнамасында мүддет көрсетилмеген, сонлықтан, миннетлеме орынланғанға шекем мәжбүриятты өз мойнына алатуғынлығы белгиленген. ПКниң ****-статьясына муўапыққарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап береди, егер нызамда ямаса кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса. Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен теңдей жуўап береди, сондай-**** пайызлар төлейди, қарызды өндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар миннетлемесин орынламағанлығы ямаса лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа зыянларды төлейди. Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, биргеликте кепил болған шахслар кредитор алдында солидар жуўап береди. ПКниң ****-статьясы биринши бөлимине тийкар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлеме бийкар болғаннан кейин, сондай-****,бул миннетлеме кепилдиң разылығысыз жуўапкершиликтиң артыўына ямаса ол ушын басқа қолайсыз **** алып келетуғын тәризде өзгертилген жағдайда кепиллик бийкар болады. Иске қосылған кредит шәртнамасыҳәм қосымша келисимлерге қарағанда кредитти қайтарыўдың**** мүддети **** жыл 10 май күнине шекем узайтырылған. Буннан тысқары, **** жылдың 27 март күни кепиллик шәртнамасының 2.1-бәнтиниң екинши хатбасысы “кредиттиң қайтарылыў мүддети 5 жыл 6 ай мүддетке, 18 айлық жеңилликли дәўир менен, яғный **** жылдың 10 май күнине шекем” екенлиги **** жаңа мазмунда баян етилген. Бул жағдайда, кепиллик шәртнамасының 2.1.-бәнтине муўапық, кепиллик муғдары жәми **** **** доллар шеңберинде болып, тәреплер ортасында дүзилген қосымша келисим менен кредиттен пайдаланыў мүддетиниң узайтырылғанлығы кепиллик бойынша жуўапкершиликтиң артыўына алып келмеген. ПКниң ****-статьясы үшинши бөлимине тийкар шәртнамада көрсетилген кепиллик мүддети өткеннен кейин кепиллик бийкар болады, егер бундай мүддет белгиленген болмаса, кредитор кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынлаў мүддети келген күннен баслап бир жыл даўамында 6 кепилге даўа қозғатылмаған жағдайда кепиллик бийкар болады. Демек,кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынлаў мүддети**** жыл 10 апрель күни жүзеге келген ҳәм жуўапкер тәрепинен бир жыл даўамында, яғный **** жылдың 10 апрель күнине шекем даўагерге қарата даўа қозғатылмаған болып, бул жағдайда кепиллик бийкар болған есапланады ҳәм кепиллик шәртнамасын бийкар етиў **** даўа арзасы менен мүрәжат етиў талап етилмейди. ЭПКниң****7-статьясының биринши бөлими 2-бәнтине муўапық, исти ревизия тәртибинде көретуғын суд ревизия тәртибиндеги шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын, қарарды толық яки қысман бийкар етиўге ҳәм жаңа қарар қабыл қылыўға ****. ЭПКниң ****8-статьясыныңбиринши бөлимине муўапық, суд ҳүжжетиниң нызамсызлығы ҳәм тийкарсызлығы шешиўши қарарды, қарарды яки уйғарыўды өзгертиў яки бийкар қылыў ушын тийкар болады. Жоқарыдағыларға тийкарланып, биринши инстанция судының шешиўши қарарынқысман бийкар етиўди,кассация инстанция судының қарарынөзгертиўди,даўаның шерик жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте өндириўталабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды,ревизиялықшағымдықанаатландырыўды, жуўапкерден республика бюджетине****,76сом мәмлекетлик ****, шерик жуўапкер пайдасына **** сом почта қәрежетинөндириўди лазым табады. Биринши инстанция судының шешиўши қарарына тийкар берилген орынлаў хатлар бойынша орынлаўды ЭПКниң ****-статьясына тийкарорынланыўыбийкар етиўге жатады. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуалкодексиниң****7,****8-статьяларын қолланып,ревизияинстанция суды қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 2 август күнги шешиўши қарарықысман бийкар етилсин ҳәм**** Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясыкассацияинстанциясының**** жыл 17 апрель күнги қарары өзгертилсин, даўаныңшерик жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте өндириўди сораған талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын, шешиўши қарардың ҳәм қарардың қалған бөлеги өзгериссиз қалдырылсын. Жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен; -республика бюджетине****,76 сом мәмлекетлик ****; -шерик жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетипайдасына **** сом почта қәрежетиөндирилсин. Ревизиялықшағым қанаатландырылсын. Биринши инстанция судының шешиўши қарарына тийкар берилген орынлаў хатлар бойынша орынлаў бийкар етилсин.Орынлаў хатлар **** алынсын. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. 7 Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (прокурор протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** ағзалары: **** ****