← Назад
Решение #2875468 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1964-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 20-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагерден
баслық **, ўәкиллери **, ** (2025-жыл 01-октябрь күнги 34-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы (кейин-палата) даўагер Нөкис қаласы "**" ЖШЖниң
мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис районы "**" ЖШЖнен 45 000 000 сом тийкарғы
қарыз, 6 750 000 сом жәрийма, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер "**" ЖШЖниң мәпинде жуўапкер "**" ЖШЖнен
45 000 000 сом тийкарғы қарыз, 6 750 000 сом жәрийма, төленген почта
қәрежетин өндириўди сораған.
Усынылған даўа арзада исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыў соралған. Сонлықтан, суд исти палата ўǝкилиниӊ қатнасыўысыз
көриўди лазым тапты.
Суд мәжилисинде даўагер ҳәм оның ўәкиллери даўа арзадағы қарыз
өндириў талабы тийкарлы екенлиги бойынша пикирин билдирип, даўаның
жәрийма өндириў талабынан ўаз кешетуғыны ҳаққындағы арзасын усынды.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти
көрип шығыўды мақул табады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер тәреп
ўәкиллериниң түсиниклерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўа арза талапларын
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 01август күни хызметин көрсетиў ҳаққындағы 4-санлы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың предметинде орынланыўы лазым болған хызметлер баҳасы
100 000 000 сом муғдарында көрсетилген. Шәртнаманың 4.1-бәнтинде ҳәр ай
ушын 35 000 000 сомның төлениўи бойынша тәреплер келисимге келген.
Шәртнаманың 4.2-бәнтинде алдын ала 30% төлемниң әмелге асырылыўы
нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Тәреплер орталарындағы 2025-жыл 01-август күнги 01/08-1-санлы
электрон есапбет-фактурада 105 000 000 сомлық хызметлер көрсетилгени
тастыйықланады. Сондай-ақ, еки тәреп тастыйықлаған салыстырыў актинде
45 000 000 сом қарызын жуўапкер тән алған. Бул сумма сөндирилмеген. Демек
даўаның тийкарғы қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар,
мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық,
бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте
қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Усы Кодекстиң 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы
болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны
ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген
болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын
өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол
айыпсыз деп табылады.
Қарызды төлеў ҳаққындағы 2025-жыл 15-август күнги даўагердиң 63санлы талапнамасы жуўапкер мәнзилине почта байланыс бөлими арқалы
жиберилген болсада, төлемлер әмелге асырылмаған.
Шәртнамада мүлкий жуўапкершилик мәселеси шешилмеген.
Өзбекстан Республикасы «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң
шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясына тийкар
палата даўагер мәпинде жуўапкерден жәми 6 750 000 сом жәрийма өндириўди
талап қылған.
Бирақ суд мәжилисинде усынылған даўагердиң арзасында талап
қылынған жәриймадан ўаз кешилген.
ЭПК 110-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер даўасынан ўаз кешген ҳәм
суд оны қабыл қылған болса, ис жүритиў қысқартылады.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал
нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының
13-бәнтинде даўагер даўасынан қысман яки толық ўаз кешиўге ҳақылы
екенлиги бойынша түсиник берилген.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып даўагердиң даўа арзадағы жәрийма
талабынан толық ўаз кешкенин қабыл қылыўды мақул табады.
Солай етип, суд даўа арза талапларын қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 45 000 000 сом қарыз, 41 200 сом почта
қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясы жетинши бөлимине тийкар, мәмлекетлик бажы
тәреплерден пропорционал тәртипте өндирилиўи лазым. Сондай-ақ, Өзбекстан
Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 19-статьясы 24бөлиминде, мәмлекетлик бажы мәпи қорғалған шахстан пропорционал тәртипте
өндирилиўи белгиленген.
Қанаатландырылған сумма есабынан яғный, 900 000 сом мәмлекетлик
бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде ўаз кешилген суммадан 135 000
сом мәмлекетлик бажы даўагерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын.
Нөкис районы "**" ЖШЖнен Нөкис қаласы "**" ЖШЖниң пайдасына 45
000 000 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған
бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўаның жәрийма өндириў талабынан ўаз кешилгени қабыл етилсин.
"**" ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 900 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
"**" ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 135 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов