Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1362 Дата решения 20.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 23087659-0822-4c34-9199-11f3332cdfa5 Claim ID PDF Hash f73fdf71fab89a0b... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1362-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025-жыл 20-октябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы Б.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтыӊ хәткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ўәкили ХХХ (2025-жыл 09-октябрь күнги 14/2-3/5-485-санлы исеним хат) даўагер жәмийет баслығы ХХХ ҳәм жуўапкер юрисконсульт ХХ (2025-жыл 10-октябрь күнги 398-санлы исеним хат)лардың қатнасыўларында, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» унитар кәрханасынан 193 847 684 сом қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлигин даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда өз суды имаратында видеоконференция байланыс режиминдеги ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги (буннан кейин текстте әдиллик министрлиги деп жүритиледи) даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» унитар кәрханасы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан даўагер пайдасына 193 847 684 сом қарызын өндириўди сораған. Суд мәжлисине қатнасқан әдиллик министрлиги ўәкили даўа арза талабын қоллап-қуўатлап, даўа талабы истеги ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Суд мәжлисине қатнасқан даўагер ўәкили даўа арза талабын қоллапқуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжлисине қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа арза талабын тән алып, ис бойынша даўа талабына қарсылығы жоқлығын, пул қаржылары берилсе даўагер алдындағы қарыздарлығын төлеп қутылатуғынын билдирди. Суд истеги ҳүжжетлерде үшинши шахслардың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў шәртнамасынан келип шыққан. Ис ҳүжжетлеринен анықланыўынша, 2023-жыл 01-июль күни 1-санлы транспорт қуралын ижәраға бериў шәртнамасы дүзилген болып, усы шәртнаманың 2.1-бәндине муўапық, ижәараға алыўшы транспорттан пайдаланғанлығы ушын ижәраға бериўшиге айына ҚҚС менен ҳәр бир автосамосвал ушын 30 000 000 сомнан, автогрейдер ушын 45 000 000 сомнан, каток ушын 30 000 000 сомнан, жәми усы шәртнама бойынша 165 000 000 сом муғдарында ижәра ҳақы төлеў миннетлемесин алған. Усы шәртнамаға тийкар 2023-жылдың июль айынан декабрь айына шекем 514 056 939,06 сомлық есапбет-фактуралар тастыйықланған. Бул шәртнама ҳәм есапбет-фактуралар жуўапкер менен “ХХХ” жеке кәрханасы орталарында рәсмийлестирилген. Истеги 2024-жыл 11-январь күнги мағлыўматнамаға көре, “ХХХ” жеке кәрханасы «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине өзгертирилген. Буннан соң, 2025-жыл 12-июлде 193 847 684 сомлық салыстырма дәлалатнама рәсмийлестирилген. Даўагер тәрепинен жуўапкерге 2025-жыл 15-июлде 193 847 684 сомды 3 күн ишинде ықтыярий рәўиште төлеп берилмесе судқа даўа арза менен мүрәжаат қылыўын билдирип талапнама менен мүрәжаат еткен. Бирақ жуўапкер тәрепинен даўагердиң бул мүрәжаати ақыбетсиз қалдырылған. Сол себепли даўагер жуўапкерден 193 847 684 сом қарызды өндириўди сорап судқа мүрәжаат еткен. Бул иске қосылған шәртнама, тастыйықланған есап-бети фактуралары, дәлалатнама, мағлыўматнамалар ҳәм басқа истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланады. ПК 703-статьясына тийкар ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының тапсырмасы менен предмет формасында хызметти орынлаў (белгили ҳәрекетлерди ислеў яки белгили искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса бул хызмет ушын ҳақы төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 705-статьясына тийкар, буйыртпашы өзине көрсетилген хызметлер ҳақысын ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде ҳәм тәртипте төлеўи шәрт. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Бирақ истеги Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасының 2025-жыл 25-август күнги 01-35/31-02-34/503-санлы мағлыўматына көре, тәреплер орталарында дүзилген шәртнама ғазнашылықта дизимге алынбаған. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122 статьясының үшинши бөлимине муўапық, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржыларын алыўшылардың бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (ислерди, хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-ақ оларға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринен дизимнен өткерилгенинен кейин күшине киреди. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 28-февральдағы "Мәмлекетлик бюджеттиң ғазна атқарыў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПП-594-санлы қарарының 6бәнтинде бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондайақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте Ғазначиликте дизимнен өткерилиўи шәрт ҳәм тек ғана ол әмелге асырылғаннан кейин күшке киретуғынлығы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Қабинетиниң 2022-жыл 24 июнь күнги 345-санлы қарарына тийкар, 2022 жыл 1 июнь күнинен баслап тәжирийбе тәризинде, басқышпа-басқыш жылдың ақырына шекем Суў хожалығы министрлиги ҳәм Автомобил жоллары комитети қурамындағы барлық унитар кәрханаларға тек ғана Қаржы министрлигиниң Ғазнашылығы тәрепинен хызмет көрсетилиўи белгиленген. Бул жағдайда тәреплердиң ортасында шәртнама дүзилмеген болып есапланады ҳәм даўа талабы қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети төленген. Сол себепли, исти көриў нәтийжеси менен суд даўагерден республика бюджетине 3 876 953,68 сом мәмлекетлик бажы өндириўди ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагер мойнында қалдырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап-бетине видеоконференция байланыс режиминде исти көриӯ менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 3 876 953,68 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап-бетине видеоконференция байланыс режиминде исти көриӯ менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Т.Бекмуратов