← Назад
Решение #2876124 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1958-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 20-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокурорының жәрдемшиси **, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 06-март
күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили **
(2025-жыл 10-октябрь күнги 01-03/1349-санлы исеним хат тийкарында),
үшинши шахс ўәкили ** (2025-жыл 20-октябрь күнги 23/25-125-санлы исеним
хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер «**» АЖниң жуўапкер **нан қағыйда
бузарлық акт бойынша келип шыққан 22 470 000 сом қарыз өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «**» АЖти жуўапкер **нан қағыйда бузарлық акт бойынша
келип шыққан 22 470 000 сом қарыз өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 26-сентябрьдеги, 10-октябрьдеги уйгарыўлары менен
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги,
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы
Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық
хызмети басқармасы ҳәмде ** даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар
менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
**на даўаның талабына мағлыўмат бериў миннетлемеси жүкленген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 157-статьясы биринши бөлимине
муўапық, даўагер исти биринши инстанция судында көриў ўақтында истиң
мазмунынан көрилиўи жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл
етилгенге шекем даўаның тийкарын яки предметин өзгертиўге, даўа
талапларының муғдарын көбейтиўге яки кемейтириўге ҳақылы.
«**» АЖниң даўа предметин өзгертиў ҳаққындағы арзасында, даўа
арзадағы 22 470 000 сом қарызды 22 470 000 сом жеткизилген зыян деп есаплаў
соралған.
Судтың уйғарыўы менен арза ис жүритиўге қабыл етилген.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде өзинин есабаты бойынша даўа
суммасы 14 980 000 сом болыўы лазым деп есаплайтуғынын билдирип,
даўаның талабын қысман қанаатландырыўды сорады.
Үшинши шахс қадағалаў инспекциясының ўәкили Р.Жумамуратов суд
мәжилисинде жазба мағлыўматы бойынша даўа арза талабы тийкарлы болып
табылатуғынын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Прокурор суд мәжилисинде даўа арзаны қанаатландырыў лазым екени
ҳаққындағы пикирин билдирди.
Қалған үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, даўаның
талабын қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы
шәртнамасынан келип шыққан.
ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2024-жыл 05-январь күни 8-13-195-ОВ/2024-санлы электр энергиясы менен
тәмийинлеў ҳаққындағы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 50%
төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ПК 8-статьясы екинши бөлими 1-бәнтине муўапық, нызамда нәзерде
тутылған шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден, сондай-ақ, нызамда нәзерде
тутылмаған болмаса-да, бирақ оған қайшы болмаған шәртнамалар ҳәм басқа
питимлерден пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелер жүзеге келеди.
ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы
бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы
лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы
(ҳақыйқый зыян), сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында
пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған
дәраматлары тусиниледи.
ПК 985-статьясының биринши бөлимине муўапық, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген
зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан
берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы
лазым.
ЭПК 66-статьясына көре, ис бойынша дәлийллер усы Кодексте ҳәм
басқада нызамларда нәзерде тутылған тәртипте алынған фактлар ҳаққындағы
мағлыўматлар болып, олар тийкарында суд исте қатнасыўшы шахслардың
талаплары ҳәм қарсылықларын тийкарлаўшы жағдайлар, сондай-ақ, даўаны
дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа жағдайлардың барлығын яки
бар емеслигин анықлайды. Бундай мағлыўматлар жазба ҳәм затлай дәлиллер,
экспертлердиң жуўмақлары, қәнийгелердиң мәсләхатлары (түсиндирмелери),
гуўалардың көрсетпелери, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелери
менен анықланады.
Нызамды бузған жағдайда алынған дәлийллерден пайдаланыўға жол
қойылмайды.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Анықланыўынша, жуўапкерге тийисли электр есаплағышқа орнатылған
тока трансформаторы 2024-жыл 23-апрель күнинен баслап ислемей қалып,
бир фазасы есапламай турғаны бойынша 2025-жыл 15-май күни акт дүзилген.
Сондай-ақ, сол күни өз адына дүзилген актке көре 22 470 000 сом есапланған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 18-январь
күнги «Электр энергиясы ҳәм тәбиғый газден пайдаланыў қағыйдаларын
тастыйықлаў ҳаққында»ғы 319-санлы қарары менен тастыйықланған
қағыйдасына тийкар, үшинши шахс тәрепинен өткерилген үйрениўде
22470000 сом карыздың бар екенлиги анықланғанын суд тийкарлы табады.
Себеби арнаўлы билимлерди талап қылатуғын мәселе бойынша мағлыўмат,
жуўмақ бериў ўәкиллиги қадағалаў инспекциясына берилген.
Дүзилген актке тийкар тийисли төлемди әмелге асырыў ҳаққындағы
даўагердиң 2025-жыл 03-июль күнги талапнамасы жуўапкерге почта байланыс
бөлими арқалы жиберилген, бирақ төлемлер әмелге асырылмаған.
Бул жағдайда даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады.
Себеби электр энергиясы ушын есап-китап әмелге асырылыўы бойынша
тәреплер орталарындағы шәртнаманың 3.10-бәнтинде көрсетилген.
ПК 237-статьясында миннетлемелерди орынлаўдан бир тәреплеме бас
тартыў ҳәм шәртнама шәртлерин бир тәреплеме өзгертилиўине жол
қойылмайды, нызамшылық ҳүжжетлеринде яки шәртнамада нәзерде тутылған
жағдайлар буннан тысқары деп белгиленген.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда даўаның 22 470 000 сом өндириў
талабы тийкарлы есапланады.
ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир
шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Суд жуўапкер ўәкилиниң наразылық ўәжлери менен келисе алмайды.
Себеби даўаның талабына рәсмий ҳүжжетлери тийкарында наразылығы
дәлийлленбеди.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўаның талабын тийкарлы
таўып, жуўапкерден даўагер пайдасына 22 470 000 сом зыян, 41 200 сом почта
қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
**нан «**» АЖниң пайдасына 22 470 000 сом зыян, 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
**нан мәмлекет бюджетине 449 400 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов