Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2501/1708 Дата решения 20.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID e0045db4-f014-45ba-a8e2-b89be4ef8e64 Claim ID PDF Hash dd1aff89418f2155... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/ХХХ-санлы экономикалық ис судья ХХХ УЙҒАРЫЎ (келисим питимин тастыйықлаў ҳәм исти ѳндиристен қысқартыў хаққында) Беруний районы ХХХ-жыл 20-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы ХХХ басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованың хаткерлигинде, даўагер ўакили ХХХ (исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, Беруний районлар аралық экономикалық судының 4-2302-2501/1708-санлы иси бойынша келисим питимин тастыйықлаў ҳаққындағы арзасы ҳәм қосымша усынған ҳүжжетлерин судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНИҚЛАДИ: ХХХ басқармасы(кейинги орынларда текстте – палата деп жүритиледи)ның даўагер ХХХ ЖШЖ(кейинги орынларда текстте – даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин көзлеп, судқа даўа арзасы менен мүражат етип оның пайдасына жуўапкер ХХХ фермер хожалығы(кейинги орынларда текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нан 118 334 563 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 59 167 281,50 сўм пеня өндириўди сораған. Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер ўәкиллери тәреплер ортасында дүзилген келисим питимин тастыйықлаўды сорады. Тийисли тәртипте хабардар етилгенлигине қарамастан жуўапкер суд мәжлисинде ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Суд истеги ҳүжжетлерде олардың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК деп жүритиледи) 133-статьясына муўапық оның ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди ҳәмде усынылған келисим питимин үйренип шығып, тѳмендегилерге кѳре оны тастыйықлаўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, суд тәрепинен көрилип турған 4-23022501/1708-санлы экономикалық иси бойынша, даўагер жуўапкерден 118 334 563 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 59 167 281,50 сўм пеня өндириўди сораған. ЭПК 131-статьясына кѳре, тәреплер даўды келисим питимин яки медиатив келисиў дүзип шешиўи мүмкин. Келисим питими яки медиатив келисиў даўа тәртибиндеги ҳәр қандай ис бойынша дүзилиўи мүмкин. Келисим питими экономикалық суд ислери жүритиўдиң ҳәр қандай басқышында ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў барысында, медиатив келисиў болса биринши инстанция судында суд бѳлек ханаға (ойласықханаға) суд ҳүжжетин қабыл қылыў ушын шыққанға шекем тәреплер тәрепинен дүзилиўи мүмкин. Келисим питими ол суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин дүзилген есапланады. 2 Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2009-жыл 18-декабрьдеги «Экономикалық судлар тәрепинен келисим питимин тастыйықлаўда процессуал нызам нормаларының қолланылыўына байланыслы айырым мәселелер ҳаққында»ғы 204-санлы қарарының 11-бәндинде келисим питиминиң мазмуны ЭПКниң 132-статьясы талапларына муўапық болыўы ҳәм оның шәртлери анық, рәўшан кѳрсетилиўи ҳәм оның орынланыўында келисим питиминиң мазмуны бойынша ҳәр түрли түсинилиўине ҳәм келешекте даўлардың келип шығыўына жол қоймайтуғын болыўы кереклиги, келисим питими тәреплердиң бир-бири алдындағы ѳз-ара миннетлемелериниң шәртлери, муғдары ҳәм орынлаў мүддетлери ҳаққындағы мағлыўматларды ѳз ишине алыўы лазымлығы ҳаққында түсиник берилген. Тәреплер ортасында 2025-жыл 20-октябрь күни келисим питими дүзилген болып, онда тѳмендеги шәртлер ҳаққында келисилген: 1. Жуўапкер даўа арзада көрсетилген даўа талабын тән алады. 2. Жуўапкер даўа арзада көрсетилген 118 334 563 сўм тийкарғы қарызын 2025-жыл 30-октябрьге шекем төлеп бериўге кепиллик береди. 3. Даўагер жуўапкерден 59 167 281,50 сўм пеня өндириўга қаратылған даўа талабынан ўаз кешеди. 4. Жуўапкер даўа талаплары бойынша бәрше суд қәрежетлерин тѳлеўди ѳз мойнына алады. Келисим питими жазба түрде дүзилген болып, даўагер ҳәм жуўапкер тәрепинен имзаланып, мѳр менен тастыйықланған. Тәреплер дүзген келисим питими нызам талаплары тийкарында рәсмийлестирилгенлигин, оның шәртлери үшинши шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине тәсир етпеслигин инәбатқа алып, суд оны тастыйықлаўды лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 131-133 ҳәм 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: 1. Тәреплер ортасында 2025-жыл 20-октябрь күни дүзилген келисим питими тѳмендеги шәртлерде тастыйықлансын: - Жуўапкер даўа арзада көрсетилген даўа талабын тән алады. - Жуўапкер даўа арзада көрсетилген 118 334 563 сўм тийкарғы қарызын 2025-жыл 30-октябрьге шекем төлеп бериўге кепиллик береди. - Даўагер жуўапкерден 59 167 281,50 сўм пеня өндириўге қаратылған даўа талабынан ўаз кешеди. - Жуўапкер даўа талаплары бойынша бәрше суд қәрежетлерин тѳлеўди ѳз мойнына алады. Жуўапкер ХХХ фермер хожалығынан даўагер ХХХ ЖШЖниң пайдасына 41 200 сўм почта қарежети ондирилсин. Жуўапкер ХХХ фермер хожалығынан мǝмлекет пайдасына 3 550 036,89 сўм мǝмлеклик бажы ондирилсин. 3 Уйгарыў шығарылғаннан кейин бир айлық мүддет өткеннен соң нызамлы күшине киреди. Уйғарыўдан наразы тәреп бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте яки апелляция тәртибинде кѳрилмеген биринши инстанция судының уйғарыўы үстинен уйғарыў нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериўге прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья ХХХ