← Назад
Решение #2876213 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1404-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025-жыл 20-октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
Б.Т.Бекмуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтың
хаткерлигинде,
фермерлер
кеңеси
ўәкили
ХХХ
(2025-жыл
29-август күнги 204-санлы исеним хат)тың қатнасыўында, сол күни ХХХ
район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниӊ
даўагер «ХХХ» дийқан хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» фермер
хожалығынан 9 300 000 сом тийкарғы қарызын ҳәм 4 650 000 сом пеняны
даўагер пайдасына өндириўди сораған даўа арзасын судтың өз имаратында
видеоконференция байланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
ХХХ район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери
кеңеси (буннан кейин текстте – фермерлер кеңеси деп жүритиледи) «ХХХ»
дийқан хожалығы (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпинде
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» фермер
хожалығы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 9 300 000
сом тийкарғы қарызын ҳәм 4 650 000 сом пеняны даўагер пайдасына
өндириўди сораған.
Суд мәжлисинде қатнасқан фермерлер кеңеси ўәкили даўа талапларын
қоллап-қуўатлап, жуўапкердиң қарызы даўа арзаға қосымша етилген
ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, сол себепли даўа арзаны толық
қанаатландырыўды сорады.
Даўагер ҳәм жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм
ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал
кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм
170-статьяларына муўапық олар ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды
лазым тапты.
Суд исте қатнасқан фермерлер кеңеси ўәкилиниң түсиндирмелерин
тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги
жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте
– ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан
келип шыққан.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте –
ПК деп жүритиледи)ниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы
бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды екинши тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк
қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл
қылыў ҳәм оның ушын белгиленген пул соммасын (баҳасы) төлеў
миннетлемесин алады.
ПК 420-статьясының биринши бөлимине муўапық, алды-сатты
шәртнамасында сатыўшы товарды тапсырмастан алдын сатып алыўшы оның
ҳақын толық яки қысман төлеў (алдыннан ҳақ төлеў) миннетлемеси нәзерде
тутылған ҳалларда, сатып алыўшы товар ҳақысын шәртнамада нәзерде
тутылған мүддетте, егер шәртнамада бундай мүддет нәзерде тутылмаған
болса, усы Кодекстиң 242-статьясына муўапық белгиленген мүддетте төлеўи
лазым.
ПКниң 236-статьясына тийкар, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2023-жыл
08-сентябрде 69-санлы шәртнама (буннан кейин текстте – шәртнама деп
жүритиледи) дүзилген.
Усы шәрнамаға муўапық сатыўшы өзине тийисли товарды сатып
алыўшыға мүлк қылып тапсырыў, сатып алыўшы болса товарды қабыл қылып
алыў ҳәм ҳақын төлеў миннетлемесин алған.
Даўагер тәрепинен шәртнама миннетлемелери орынланып, жуўапкерге
9 300 000 сомлық өнимди жеткерип берген. Бирақ жуўапкер тәрепинен
9 300 000 сом төлем усы күнге шекем әмелге асырылмаған.
Бул истеги шәртнама, салыстырма дәлалатнама, есап-бет фактура ҳәм
басқада ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўаның тийкарғы қарыз өндириў талабын тийкарлы
деп есаплап 9 300 000 сомға толық қанаатландырыўды лазым деп есаплайды.
Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден төленбеген сомманың 50
пайызынан аспаған муғдарда есапланған 4 650 000 сом пеня өндириў талабын
да тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда
миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер
Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди.
Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен шәртнама бойынша алынған
миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери
ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң
326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий
аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даўагер тәрепинен
мүддетинде өндириў шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеняны 30
пайызға кемейтирип 1 395 000 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы
талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде
белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген
болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда
ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд
қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл
28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы, даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди
лазым тапты.
Сондай-ақ, жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозит есап-бетине видеоконференция байланыс режиминде исти көриӯ
менен байланыслы 103 000 сом суд қәрежетин ѳдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа
алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан даўагер «ХХХ» дийқан
хожалығы пайдасына 9 300 000 сом тийкарғы қарыз, 1 395 000 сом пеня
өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан даўагер «ХХХ» дийқан
хожалығы пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» фермер хожалығынан Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозит есап-бетине 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Т.Бекмуратов