Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1401 Дата решения 17.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c3435bf7-bc81-4292-83ca-944bd044a088 Claim ID PDF Hash d2d3e2cd41a28408... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2403/1401-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 14 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанова, даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер ХХХХХнен қайта есап-санақ жуўмағы менен 5 057 000 сомды өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди анықлады: Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер ХХХХХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен қайта есап-санақ жуўмағы менен 5 057 000 сомды өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинЭПК) 2032-статьясының биринши болимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридик шахсларға қарата ең кем ис ҳақының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса – ең кем ис ҳақының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыӯды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында 2025 жыл 10 январь күни 27-13-192-ММТМ/2025-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын, жуӯапкер болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған. «Уээнергонадзор» тәрепинен 2025 жыл 18 июль күни жуўапкердиң электр энергиясынан пайдаланыў барысын көзден өткерилгенде 63 кВА трасформатор пунктине орнатылған E -518 марқалы завод номери 124200545642 - электр энергия есаплағышта технологиялық жоғалтыў (потерь) есапланбай турғанлығы анықланған. Тексериӯ нәтийжеси бойынша 160720255074-санлы акт дүзилген ҳәм жуўапкерге 2024 жыл июнь айынан (есаплағыш қурылған күнинен баслап) 2025 1 жыл июль айына шкем 13 айға технологиялық жоғалтыў ҳәр айда 389 "kil v ttsа t" *13 айға = 5 057 "kil v tt-sа t" * 1000 сомға= 5 057 000 сом төлениўи белгиленген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31 майдағы 319-санлы қарарына биринши қосымша “Электр энергиясинан пайдаланыў” Қағыйдаларының 135-бәнти, “в”-киши бәнтинде арифметикалық ҳәм техникалық қәтелер нәтийжесинде кем ямаса көп есапланыўы электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларының тутыныўшының айыбысыз бузылыўы деп есапланады. Бул жағдайларда тутыныўшыға тутынылған ҳақыйқый электр энергиясының жумсалыўы бойынша ҲЭТ ямаса тутыныўшының пайдасына қайта есап-китаплар әмелге асырылады. Даӯагер қайта есап-китап акти бойынша есапланған сумманы төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 19-сентябрь күни талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық төленбеген. Даўа талабы тийкарлы. Бирақ, «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районлық бөлиминиң 2025 жыл 17 октябрь күнги 08/02-501-санлы мағлыӯматнамасында жуӯапкер тәрепинен 5 057 000 сом төленгенлиги көрсетилген. Бул халатда, даӯа арза талабы қанаатландырыӯсыз қалдырылыӯы лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясының екинши бөлимине муўапық ҳал қылыў қарары өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлери басқа тәреп мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады деп көрсетилген. Усы статьяның бесинши бөлимине муўапық даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүкленеди деп көрсетилген. Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыӯды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджет есабына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 2031–2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. ХХХХХ есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына төленген 41 200 сом почта қарежетлери өндирилсин. ХХХХХ есабынан республика бюджет есабына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен 10 күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. 2 Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап 10 күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3