Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/1934 Дата решения 17.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5a1f5683-8d6f-4e34-9b5d-58f128c2ae26 Claim ID PDF Hash 3ed3d8b5a05126c8... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2502/1934-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 17-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Н.Кучкаровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили А.Уралбаев (2025-жыл 17-октябрь күнги 23/25-120-санлы исеним хат) қатнасында, даўагер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының жуўапкер “S OIR S XLO” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 4 524 412,05 сўм финанслық санкциясын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, “S OIR S XLO” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) 4 524 412,05 сўм финанслық санкциясын ѳндириўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллап-қуўатлап, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў Қағыйдалары” 12-бәндиниң 13-хатбасына муўапық, электр энергиясы тутыныўшылары рухсат етилген қуўатлылығы 50 кВт ҳәм оннан артық болған барлық тутыныўшылар (турмыслық тутыныўшылардан тысқары) реактив энергияны компенсациялаўшы қурылмаларды орнатыўға ҳәм усы қурылмалардың саз жағдайда ислеўин тәмийинлеўге мәжбүр екенлигин, бирақ жуўапкер тәрепинен реактив энергияны компенсациялаў жумыслары жетерли дәржеде шөлкемлестирилмегенлигин, нәтийжеде артықша электр энергиясының ысырап болыўына алып келгенлигин, ысырап болған электр энергиясының муғдары биллинг системасы арқалы анықланғанлығын, биллинг системасында барлық тутыныўшылар, олардың жеке есап бетлери, тарифлери, пайдаланған актив ҳәм реактив энергиялары муғдарлары, қосылған қун салығы суммалары толық көринип туратуғынлығын, бүгинги күнде жуўапкер тәрепинен исленген ҳуқықбузарлық ҳәрекетлери толық сапластырылмаған деп есаплайтуғынлығын, жуўапкер тәрепинен 2024-жыл ноябрь айында 1 602 274,50 сўмлық, декабрь айында 2 959 167,60 сўмлық, 2025-жыл январь айында 2 235 726,90 сўмлық, февраль айында 301 754,70 сўмлық, март айында 978 496,20 сўмлық, апрель айында 393 859,80 сўмлық, май айында 577 544,40 сўмлық электр энергиясы ысырап 2 болғанлығы анықланғанлығын, жуўапкердиң нызамбузыўшылық ҳәрекетлери судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланып турғанлығын билдирип, жуўапкерден қолланылған финанслық санкциясын өндирип бериўди сорады. Суд мәжилисине жуўапкер ўәкили келмеди, ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Суд исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги текстлерде ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық жуӯапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин 2025-жыл 9-июль күнги 18-2-23/17-1135-санлы исбилерменлик субъекти жумысында тексериў өткизиўди келисиў ҳаққындағы хабарнама арқалы хабардар еткен ҳалда ҳәмде 2025-жыл 9-июль күнги 18-02-23/29-141-санлы буйрыққа тийкар жуўапкердиң энергия нәтийжелиги ҳәм энергияны тежеў, сондай-ақ, энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў нормаларына ҳәмде оның сыпат көрсеткишлерине әмел етиўи бойынша 2025-жыл 18-июль күни тексериў өткизилген. Тексериў барысында жуўапкер тәрепинен реактив қуўат компенсациясы бойынша жумысларды шөлкемлестириў тәртиби бузылғанлығы ҳәм оған әмел етилмегенлиги, нәтийжеде жуўапкер тәрепинен 2024-жыл ноябрь айында 1 602 274,50 сўмлық, декабрь айында 2 959 167,60 сўмлық, 2025-жыл январь айында 2 235 726,90 сўмлық, февраль айында 301 754,70 сўмлық, март айында 978 496,20 сўмлық, апрель айында 393 859,80 сўмлық, май айында 577 544,40 сўмлық электр энергиясы, жәми 9 048 824,10 сўмлық электр энергиясы ысырап болғанлығы анықланған ҳәм жуўапкерге усы сумманың 50 пайызы муғдарында 4 524 412,05 сўм финанслық санкциясы есапланылған. Тексериў нәтийжеси бойынша 2025-жыл 18-июль күни даўагер тәрепинен 18-02-23/29-141-02-санлы акт дүзилген. Соң даўагер тәрепинен 2025-жыл 21-июль күни “Энергияны тежеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкция муғдарын белгилеў” ҳаққында 682-санлы қарар қабыл етилип, оған қолланылған 4 524 412,05 сўм финанслық санкциясын ықтыярый төлеў ушын 1 ай мүддет берилген. Жуўапкер тәрепинен даўагердиң ҳуқықый тәсир шарасы сыпатында финанслық санкцияны қолланыў ҳаққындағы қарары үстинен белгиленген тәртипте оның жоқары турыўшы органына яки судқа мүрәжат етилмеген ямаса 4 524 412,05 сўм финанслық санкциясы 1 ай мүддет ишинде ықтыярый түрде төлеп берилмеген. 3 Сол себепли даўагер жуўапкерден 4 524 412,05 сўм финанслық санкциясын өндириў ҳаққында экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етиўге мәжбүр болған. Өзбекстан Республикасы “Электр энергетикасы ҳаққында”ғы Нызамының 10-статьясына муўапық, Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясына товарлар (жумыслар, хызметлер), имаратлар, үскенелер ҳәм қурылмалардың энергия нәтийжелилиги ҳәм энергия үнемлеўшилиги нормаларына, сондай-ақ, энергиядан ақылға уғрас пайдаланыўға ҳәм сыпат көрсеткишлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, электр энергиясын үнемлеў, оннан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша талаплар бузылған жағдайда айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў ҳәм басқа да ўәкилликлер берилген. Өзбекстан Республикасы “Энергияны тежеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў ҳаққында”ғы Нызамы 45-статьясының биринши бөлимине муўапық, реактив қуўат компенсациясы бойынша жумысларды шөлкемлестириў тәртибин бузыў яки оған әмел етпеў әсбап-үскенелер яки нормативлик усыллар менен анықланған ысырап болған электр энергиясы муғдары баҳасының елиў пайызы муғдарында жәрийма салыўға себеп болады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў Қағыйдалары” 12-бәндиниң 13-хатбасына муўапық, электр энергиясы тутыныўшылары рухсат етилген қуўатлылығы 50 кВт ҳәм оннан артық болған барлық тутыныўшылар (турмыслық тутыныўшылардан тысқары) реактив энергияны компенсациялаўшы қурылмаларды орнатыўға ҳәм усы қурылмалардың саз жағдайда ислеўин тәмийинлеўге мәжбүр болып есапланады. Усы Қағыйдалардың 147-бәндине муўапық, тутыныўшы тәрепинен реактив қуўат жетерли дәрежеде компенсацияланбағанлығы ақыбетинде бирден-бир электр энергетика системасы тармақларында пайда болған жоғалтыўлар тутыныўшы тәрепинен энергиядан ақылға уғрас пайдаланбаған деп есапланады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 26-февральдағы 121-санлы қарары менен тастыйықланған “Жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўда жүз берген ҳуқықбузарлықлар ушын хожалық жүргизиўши субектлерге ҳуқықый тәсир шараларын қолланыў тәртиби ҳаққында”ғы Реже (буннан кейин текстте Реже деп жүритиледи) 21-бәндиниң 1-хатбасына муўапық, ўәкилликли уйымның хызметкерлери тәрепинен дүзилген актлер ҳәмде ўәкилликли уйым тәрепинен қабыл етилген қарар финанслық санкциялар қолланыў ушын тийкар болып есапланады. Режениң 26, 27 ҳәм 28-бәнтлерине муўапық, усы Режеде нәзерде тутылған финанслық санкцияларды қолланыў бойынша қарар қабыл етилгеннен соң хожалық жүргизиўши субектлер бир ай мүддет ишинде финанслық санкцияларды ықтыярый түрде төлеп бериўлери мүмкин. 4 Биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген хожалық жүргизиўши субект жол қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярый түрде сапластырған ҳәм жеткизилген зыянның орнын толық қаплаған болса, финанслық санкция қолланылмайды. Ўәкилликли уйымның қарары тийкарында қолланылған финанслық санкциялар бир ай мүддетте, усы Режениң 32-бәндиндеги жағдайларда алты ай мүддетте төлеп берилмеген жағдайда, финанслық санкциялар ўәкилликли уйым тәрепинен суд тәртибинде өндириледи. Жуўапкер тәрепинен реактив қуўат компенсациясы бойынша жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги ақыбетинде 9 048 824,10 сўмлық электр энергиясы ысырап болғанлығы истеги ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпеси менен тастыйықланады. Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 4 524 412,05 сўм финанслық санкция ҳәм 41 200 сўм почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы, исти Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине видеоконференцалоқа режиминде көриў менен байланыслы 103 000 сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер “S OIR S XLO” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының пайдасына 4 524 412,05 сўм финанслық санкция, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер “S OIR S XLO” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Жуўапкер “S OIR S XLO” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сўм суд қәрежети ѳндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Б.Убайдуллаев