← Назад
Решение #2876893 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 17 октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, Шымбай
район прокуроры жәрдемшиси ХХХХХ, даўагер ўәкили ХХХХХ (2025-жыл
02-октябрьдеги 01-02/229-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили
ХХХХХ (2025 жыл 02 октябрьдеги исеним хат тийкарында), адвокат ХХХХХ
(2025 жыл 02 октябрьдеги 151-санлы ордер тийкарында)лардың
қатнасыўында, даўагер Шымбай районы Ҳәкимлигиниң жуўапкер "ХХХХХ"
жуӯапкершилиги шекленген жәмийети менен ортасында дүзилген 2022 жыл
07 ентябрь күнги 308646/123-22- санлы жер участкасын узақ мүддетли
ижараға бериў ҳаққындағы шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасы
бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Шымбай районы Ҳәкимлиги (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судына даўа арзасы тийкарында мүрәжат етип,
жуўапкер "ХХХХХ" жуӯапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте жуӯапкер деп жүритиледи) менен ортасында дүзилген 2022 жыл 07
ентябрь күнги 308646/123-22-санлы жер участкасын узақ мүддетли ижараға
бериў ҳаққындағы шәртнамасын бийкарлаўды сораған.
Судтың 2025 жыл 12 сентябрь күнги уйғарыўы менен Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Кадастр
агентлигиниң
Мәмлекетлик
кадастрлар
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасын,
Кадастр
агентлиги
Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы, Шымбай районы аўыл хожалығы бөлими,
Шымбай районы статистика бөлими, Шымбай районы мелиорация бөлими,
Шымбай районы ирригация бөлими, “Аймақлық электр тармақлары” АЖниң
Шымбай районы бөлими даўа предметине арз қылмайтуғын үшинши
шахслар сыпатында тартылған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер тәреп даўаны қоллап-қуӯатлады
ҳәм қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер тәреп даўа арза талабы
тийкарсыз екенлигин билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды сорады.
2025 жыл 02 октябрьдеги суд мәжилисинде қатнасқан үшиншы шахс
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Шымбай район
бөлими баслығы Б.Тлеўбергенов жуўапкер нызамда белгиленген бир жыл
мүддет даўамында жер майданынан пайдаланбағанлығын, жер ижара
шәртнамасы талаплары бузылғанлығын, яғный жер майданынан мақсетке
ақылға муўапық ҳәм нәтийжели пайдаланыў белгиленген болсада усы күнге
1
шекем жер майданы қараўсыз қалғанлығын билдирип, даўа талабын
қанаатландырыўды сорады.
2025 жыл 02 октябрьдеги суд мәжилисинде қатнасқан үшиншы шахс
Шымбай районы Аўыл хожалығы бөлиминиң жер дүзиў ҳәм мониторинг
секторы бас кәнийгеси К.Султамуратов Жер кодексиниң 36-статьясына
муӯапық аўыл хожалығы саласына байланыслы болған мүтәжликлер ушын
берилген жер участкасынан бир жыл даўамында пайдаланылмағанда жер
участкаларына болған ҳуқықлары бийкар қылынатуғынлығын, бөлим
баслығы тәрепинен 2025 жыл 04 августдағы 41-санлы хаты менен
жуўапкерди жер майданларынан бир жыл даўамында пайдаланбағанлығы,
ижара шәртнамасы шәртлерин бузғанлығы себепли ижара шәртнамасы
бийкар етилетуғынлығын ескертилгенлигин ҳәм Шымбай районы ҳәкимине
жер ижара шәртнамасын мүддетинен алдын бийкарлаў ҳаққында усыныс
киргизгенлигин билдирип, даӯа арзаны қанаатландырыӯды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны қанаатландырыў
ҳаққында пикирин билдирди.
Үшинши шахслар Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы, Шымбай районы мелиорация бөлими, Шымбай
районы ирригация бөлими, “Аймақлық электр тармақлары” АЖниң Шымбай
районы бөлими суд мәжлисине келмеди.
Сонлықтан, суд, ЭПКниң 128, 170-статьялары талапларына муўапық
исти олардың қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы
шаҳслардың түсиндирмесин, прокурордың пикирин тыңлап, төмендеги
тийкарларға көре даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 68-статьясына муўапық,
жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа да
тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан
ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет қорғаўында
болады.
Жер нызамда нәзерде тутылған ҳәм оннан ақылға муўапық
пайдаланыўды, оны улыўма миллий байлық сыпатында қорғаўды
тәмийинлеўши шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке меншик болыўы
мүмкин.
Анықланыўынша, жуўапкер Электрон онлайн аукцион нәтийжелери
ҳаққындағы № U 173-435705-санлы баянламасына тийкар Қарақалпақстан
Республикасы, Шымбай районы, “Тазғара” АПЖны аймағындағы 10,36
гектардан ибарат болған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасына
ижара ҳуқықы тийкарында аукцион жеңимпазы болып табылған.
Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен жуўапкерге 2022 жыл 7
сентябрь күнги аўыл хожалықларына жер участкасын ижараға бериў
бойынша 308646/123-22-санлы
шәртнама
дүзилген,
оған
тийкар
жуўапкерге 30 жыл мүддетке Шымбай районы, “Тазғара” АПЖ аймағындағы
2
10,36 гектар жер участкасына ўақытшалық ийелик етиў ҳәм оннан
пайдаланыў ҳуқықы менен берилген ҳәм ижара шартнамасы мәмлекетлик
дизимнен өткерилген.
2025 жыл 04 август күни Шымбай районы аўыл хожалығы бөлими
баслығы И.Қаипназаров, Шымбай районы салық инспекция баслығы
С.Артиков, Қадастр агентлиги Шымбай раоны бөлими баслығы
Б.Тлеўбергенов, Шымбай районы Фермерлер Кеңеси баслығы А.Базарбаев,
Шымбай районы Аўыл хожалығы бөлиминиң жер дүзиў ҳәм мониторинг
секторы баслығы И.Калимбетовлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жер
Кодекси ҳәм жерге байланыслы басқада нызам ҳүжжетлерге тийкарланып,
район аймағында искерлик жүритип атырған фермер хожалықлары хәм
жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң жерлерден пайдаланыў ҳәм
шәртнама мәжбүриятларын орынлаў жағдайы үйренип шығылған.
Үйрениў барысында жуўапкер "ХХХХХ" жуӯапкершилиги шекленген
жәмийети тәрепинен жер майданынан нәтийжели пайдаланбастан, жер
майданы караўсыз таслап қойылғанлығы, шартнаманың 5-бөлими 9-бәнтинде
корсетилген мәжбуриятлар орынланбағанлығы, яғный, ашық электрон
таңлаўда жер майданын ижараға алыў бойынша өз жуўапкершилигине алған
мәжбуриятлар ҳәм алдағы ўақытта әмелге асыратуғын режелер өз
мүддетинде орынланбаған: бунда 1 жыл даўамында ҳәр бир гектар жер
майданы ушын бир жумыс орны; 3 жыл даўамында 30 пайыз жер майданына
суў тежеўши технологияларды орнатыў; 3 жыл даўамында кеминде бир дана
аўыл хожалығы техникасын алыў бойынша
аукцион баянламасында
көрсетилген усыныс ҳәм алдағы уақытта асырылатуғын режелер усы күнге
шекем орынланбағанлығы аныкланған.
Өзбекстан Республикасы Жер кодекси (буннан кейин текстте Жер
кодекси деп жүритиледи)ниӊ 38-статьясында, жерди алып қойыў ҳаққында
район, қала ҳәкимлери судқа даўа арза киритеди деп белгиленген.
Жер кодексиниӊ 36-статьясы биринши бѳлиминиң 10-бәнтине
муўапық, аўыл хожалығы мүтәжлиги ушын берилген жер участкасынан бир
жыл даўамында ҳәм аўыл хожалығы тараўына тийисли болмаған
мүтәжликлер ушын берилген жер участкасынан еки жыл даўамында
пайдаланылмағанда пүткил жер участкасына яки оның бир бѳлегине ийелик
етиў ҳуқықы ямаса оннан мүддетли пайдаланыў ҳуқықы, соның менен бирге
жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы бийкар етиледи.
Жер кодексиниӊ 38-статьясы биринши бѳлимине муўапық, усы
кодекстиӊ 36-статьясы биринши бөлиминиң 6-11-бәнтлеринде нәзерде
тутылған жағдайларда, сондай-ақ жер ҳаққындағы нызамшылық бузылған
басқа жағдайларда жерлерден пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў үстинен
мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўшы орган жер ийесин яки жерден
пайдаланыўшыны алдыннан ескерткеннен кейин район, қала ҳәкимине жер
участкасын алып қойыў ҳаққында усыныс киритеди. Район, қала ҳәкими
усыныс тийкарында бир айлық мүддетте оны алып қойыў ҳаққында судқа
даўа арза киритеди.
3
Шымбай районы аўыл хожалығы бөлими тәрепинен 2025 жыл 05
август күни жуўапкер менен ижара шартнамасын мүддетинен алдын
бийкарлаўды сорапШымбай районы ҳәкимине усыныс киритилген.
Шымбай районы ҳәкими тәрепинен жуўапкерге ижара шәртнамасын
өз-ара келисим тийкарында бийкарлаў ҳақкында 2025 жыл 28 май күни 0102/213-санлы усыныс жиберилген.
Жуўапкер тәрепинен өз искерлигин әмелге асырыў мақсетинде жер
участкасына барғанында метан газ трубалары тартылғанлығы анықланған.
Усы жағдайларды көрсетип, 2025 жыл 29 август күни жуўапкер
даўагерге газ трубалары алып тасланғаннан соң шәртнамада нәзерде
тутылған барлық миннетлемелерди орынлайтуғыны ҳаққындағы усынысқа
жуўап берилген.
ЭПКниң 73-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлеринде
экономикалық суд тәрепинен ҳәммеге белгили деп табылған ис жағдайлары
дәлиллеўге мүтәж емес.
Экономикалық судтың алдын көрип шығылған ис бойынша нызамлы
күшке кирген қарарында анықланған жағдайлар суд тәрепинен сол шахслар
қатнасып атырған басқа ис көрип шығылып атырғанда жаңадан
дәлилленбейди деп көрсетилген.
“F R NGIZ JINI ZOV ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети
экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат етип, жуўапкерлер
“SHI B
E N” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “ US K
ERN Z R” жуўапкершилиги
шекленген
жәмийети,
“
BEKR
Z N” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “BOL
K I L
SERVIS” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “N SIB
NUKUSORG” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәмде “ U N IN B ”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерине нызамсыз ийелеп алынған
даўлы жер майданынан көшириў миннетлемесин жүклеўди сораған.
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 18
декабрь күнги 4-2304-2404/1134-санлы шешиўши қарары менен даўа арзасы
қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Биринши инстанция судының шешиўши қарарына наразы болып
“F R NGIZ
JINI ZOV ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети
кассациялық шағым берген.
Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислери бойынша
судлаў коллегиясы кассация инстанциясының 2025 жыл 27 март күнги
күнги қарары менен биринши инстанция судының шешиўши қарары
өзгериссиз қалдырылған.
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 18
декабрь күнги шешиўши қарарына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы
судының экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясы кассация
инстанциясының 2025 жыл 27 март күнги қарарына наразы болып
“F R NGIZ
JINI ZOV ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң
берген ревизиялық тәртибиндеги шағымына муўапық ис Қарақалпақстан
4
Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў
коллегиясы ревизия инстанциясының 2025 жыл 13 июньдаги қарары менен
Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 18 декабрь
күнги шешиўши қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судының
экономикалық
ислери
бойынша
судлаў
коллегиясы
кассация
инстанциясының 2025 жыл 27 март күнги қарары бийкар етилген. Жаңа
қарар қабылланған.
“F R NGIZ
JINI ZOV ”
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетиниң даўа арзасы қанаатландырылған.
Жуўапкерлер “SHI B
E N” жуўапкершилиги шекленген
жәмийети, “ US K ERN Z R” жуўапкершилиги шекленген жәмийети,
“
BEKR
Z N” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “BOL
K I L SERVIS” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “N SIB
NUKUS- ORG” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәмде “ U N
IN B ”
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетлерине
“ХХХХХ”
жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли даўлы жер майданынан
өткизилген газ трубаларын көшириў миннетлемеси жүклетилген.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодексиниң 382-статьясына
муўапық тәреплердиң биреўиниң талабы менен екинши тәреп шәртнаманы
қопал рәўиште бузса шәртнама суд тәрепинен бийкар етилиўи белгиленген.
Жуўапкердиң жер участкасында метан газ трубалары тартылғанлығы
себепли өз искерлигин әмелге асыра алмағанлығы ис ҳүжжетлери менен
толық тастыйықланады.
Бул жағдайда суд жер участкасын узақ мүддетли ижараға бериў
ҳаққындағы шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арза талабы
тийкарсыз ҳәм қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына
қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди
«а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2
пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған
муғдарда, 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий түске ийе болмаған даӯа
арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025 жыл 2 июньдағы
«Ис ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы
ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025 жыл 1 августдан баслап базалық
есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўа арза талабын қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 4 120 000 сом (412 000 * 10
есеси) мәмлекетлик бажы өндириўди, төленген 41 200 сом почта қәрежетин
даўагердиң мойнында қалдырыўды мақул тапты.
5
ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылысын.
Шымбай районы Ҳәкимлиги есабынан республика бюджетине 4 120
000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
6