← Назад
Решение #2877707 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1395-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 17 октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер
«ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы
Қарақалпақстан Республикасы Шымбай район бөлиминиң ўәкили ХХХХХ
(2025-жыл 06-март күнги ЖЕ-02-06/395-13-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер ўәкиллери ХХХ, Е.Н. (2025 жыл 16 октябрьдеги 402-санлы исеним
хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер «ХХХХХ» акционерлик
жәмийетиниң жуўапкер ХХХХХнан қайта есап-санақ акти менен есапланған
15 240 000 сомды өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған
экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
анықлады:
Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте
даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер ХХХХХ (буннан кейин текстте жуӯапкер
деп жүритиледи)нан қайта есап-санақ акти менен есапланған 15 240 000 сомды
өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Судтың 2025 жыл 03 октябрь күнги уйғарыўы менен иске
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәм
Қарақалпакстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасы даўа
предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахс
сыпатында тартылған.
Даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлады.
Жуўапкер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын тән алып, қарар
шығарылғаннан кейин қайта есап-санақ акти менен есапланған 15 240 000
сомды төлейтуғынын билдирди.
Суд, тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип
шығып, даўа талабын қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
- ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты
шәртнамасынан келип шыққан.
Ис ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында
2025 жыл 07 январь күни 010/1-1002-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ
ҳаққындағы шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериӯ мәжбүриятын, жуӯапкер
болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған.
1
«Уээнергонадзор» тәрепинен 2025 жыл 17 июнь күни жуўапкердиң
электр энергиясынан пайдаланыў барысын көзден өткерилгенде 400 кВА
трасформатор пунктине орнатылған
-518 марқалы завод номери
124200329166 - электр энергия есаплағышта технологиялық жоғалтыў
(потерь) кемис есапланып турғанлығы анықланған.
Тексериӯ нәтийжеси бойынша 150720252915-санлы акт дүзилген ҳәм
жуўапкерге 2024 жыл июль айынан (есаплағыш қурылған күнинен баслап)
2025 жыл июль айына шкем 12 айға технологиялық жоғалтыў ҳәр айда 1270
"kil v tt-sа t" *12 айға=15 240 "kil v tt-sа t" * 1000 сомға= 15 240 000 сом
төлениўи белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31
майдағы 319-санлы қарарына биринши қосымша “Электр энергиясинан
пайдаланыў” Қағыйдаларының 135-бәнти, “в”-киши бәнтинде арифметикалық
ҳәм техникалық қәтелер нәтийжесинде кем ямаса көп есапланыўы электр
энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларының тутыныўшының айыбысыз
бузылыўы деп есапланады. Бул жағдайларда тутыныўшыға тутынылған
ҳақыйқый электр энергиясының жумсалыўы бойынша ҲЭТ ямаса
тутыныўшының пайдасына қайта есап-китаплар әмелге асырылады.
Даўагер жуўапкерге қайта есапланған 15 240 000 сомды толеп бериў
бойынша талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға
жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық төленбеген.
Сонлықтан, суд даўагердиң қайта есап-санақ акти менен есапланған
15 240 000 сомды өндириӯ талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырыўды лазым
деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, исти
көриў
нәтийжеси
менен
жуўапкерден
даӯагер
пайдасына
15 240 000 сомды ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин ҳәм Республика
бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза талабы қанаатландырылсын.
ХХХХХ есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына қайта
есап-санақ акти менен есапланған 15 240 000 сом ҳәм төленген 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
ХХХХХ есабынан республика бюджет есабына 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
2
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3