← Назад
Решение #2877719 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1979-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 17-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов,
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
(кейин-палата) даўагер АКБ “**” мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы “”
жеке исбилермен есабынан мүддети өткен 5 500 000 сом процент, төленген
почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер АКБ “**” мәпинде жуўапкер “” жеке исбилермен
есабынан мүддети өткен 5 500 000 сом процент, төленген почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата
бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар
бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған
ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди
шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2024жыл 19-март күни дүзилген 196-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк
тәрепинен жуўапкерге 84-ай мүддетке жыллық 18% ставкада 100 000 000 сом
муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит мақсети аспаб-үскенелер сатып алыў болып белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.4, 2.7-бәнтлеринде қарыздарлықты сөндириў
миннетлемеси жуўапкерге жүкленген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы банктың 2025-жыл 22-сентябрь күнги 13/06санлы талапнамасы жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы берилген,
бирақ қарыз төленбеген.
Иске қосылған банктың 2025-жыл 23-сентябрь күнги мағлыўматында
жуўапкердиң 5 500 000 сом процент қарызы көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар,
мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық,
бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте
қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Усы Кодекстиң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп
- банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз
алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында
пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Суд даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден банк пайдасына
мүддети өткен 5 500 000 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди
мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
1
203 –2035-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы “” жеке исбилермен есабынан АКБ “**” пайдасына
мүддети өткен 5 500 000 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
“” жеке исбилермен есабынан мәмлекет бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов